‏ 1 Kings 11

Сулайманның Қудайдан узақласыўы

1Сулайман фараонның қызынан басқа моаб, аммон, эдом, хет халықларынан ҳәм сидонлылардан болған шет елли ҳаялларды сүйди. 2Жаратқан Ийе Израил халқына усы халықлар туўралы: «Сизлердиң жүрегиңизди өзлериниң қудайларына аўдырмаўы ушын, олардан қыз алып, қыз бериспеўиңиз керек», – деген еди. Деген менен, Сулайман бул ҳаялларға сүйиспеншилик пенен байланды. 3Сулайманның патша қызларынан болған жети жүз ҳаялы ҳәм үш жүз тоқалы бар еди. Ҳаяллары Сулайманды жолдан шығарды. 4Қартайған шағында, олар Сулайманның жүрегин басқа қудайларға аўдырды. Сулайман жүрегин толығы менен Қудайы Жаратқан Ийеге бағышлаған әкеси Даўытқа уқсамады. 5Ол сидонлылардың ҳаял қудайы Аштартаға ҳәм аммонлардың жеркенишли буты Милкомға
Милком – 7-аяттағы Молох болыўы мүмкин.
ере баслады.
6Солай етип, Сулайман Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Ол әкеси Даўытқа уқсамады ҳәм өзин Жаратқан Ийеге толық бағышламады. 7Сулайман Ерусалимниң шығысындағы бир төбеге моаб халқының жеркенишли қудайы Кемошқа ҳәм аммон халқының жеркенишли қудайы Молохқа арнап сыйыныў орнын қурды. 8Ол өз қудайларына арнап түтетки түтетип, қурбанлықлар беретуғын шет елли ҳаялларының ҳәммеси ушын усылай иследи.

9Жаратқан Ийениң Сулайманға ғәзеби келди. Себеби ол Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеден жүз бурған еди.

Бурын Жаратқан Ийе Сулайманға еки рет көринип:
10«Басқа қудайлардың изине ерме», – деп буйырған еди. Бирақ Сулайман Жаратқан Ийениң буйрығына бойсынбады. 11Сонда Жаратқан Ийе Сулайманға былай деди:

– Усылай етип, сен Мениң өзиң менен дүзген келисимиме ҳәм Мен буйырған қағыйдаларыма бойсынбағаның ушын, патшалықты сеннен тартып алып, қулларыңның бирине беремен.
12Бирақ әкең Даўыттың ҳүрмети ушын, Мен буны сениң дәўириңде ислемеймен. Ал улыңның қолынан патшалықты тартып аламан. 13Бирақ улыңның қолынан пүткил патшалықты тартып алмайман. Қулым Даўыттың ҳәм Өзим таңлап алған қалам Ерусалимниң ҳүрмети ушын, улыңа бир урыўды қалдыраман.

Сулайманның душпанлары

14Солай етип, Жаратқан Ийе Эдом патшаларының нәсилинен болған эдомлы Ҳададты Сулайманға душпан қылып, оған қарсы көтерди. 15Даўыт эдомлылар менен урыс алып барғанда, оның сәркәрдасы Иоаб өлгенлерди көмиў ушын келди ҳәм Эдомдағы еркеклердиң ҳәммесин қырып таслады. 16Иоаб ҳәм пүткил израиллы әскерлер Эдомдағы еркек затының ҳәммесин қырып таслайман дегенше, сол жерде алты ай қалып кетти. 17Бирақ сол ўақытта кишкене бала болған Ҳадад әкесине хызмет еткен базы эдомлылар менен бирге Мысырға қарай қашып кетти. 18Олар Мидяннан шығып, Паранға барды ҳәм ол жерден базы паранлыларды қосып алып, Мысырға, фараонға барды. Фараон Ҳададқа үй ҳәм жер берди, оны азық-аўқат пенен тәмийинледи. 19Ҳадад фараонның кеўлинен шықты. Фараон Ҳададты өз ҳаялының, ханбийке Тахпенестиң сиңлисине үйлендирди. 20Тахпенестиң сиңлиси Ҳададқа Генубат атлы ул туўып берди. Тахпенес Генубатты фараонның үйинде өсирди. Ол фараонның балалары менен бирге өсти. 21Ҳадад Мысырда жүрген ўақытта Даўыттың ҳәм оның сәркәрдасы Иоабтың өлгени туўралы еситти. Ол фараонға:

– Рухсат берсеңиз, өз елиме қайтайын, – деди.

22Фараон оған:

– Өз елиме кетемен дейтуғындай, бул жерде бир нәрседен кемшилигиң бар ма? – деп сорады.

Ҳадад оған жуўап берип:

– Ҳасла, бирақ өтинемен, қайтыўыма рухсат бериң, – деди.

23Қудай және бир душпанды, яғный өз ҳүкимдарынан, Соба патшасы Ҳададезерден қашқан Эляда улы Резонды Сулайманға қарсы көтерди. 24Даўыт собалыларды қырып таслағаннан соң, Резон жанына қарақшыларды топлап, оларға басшы болған еди. Бул адамлар Дамаскке кетип, сол жерде қалған ҳәм Дамаскте ҳүкимдарлықты қолға киргизген еди. 25Резон да Сулайманның өмири даўамында Израилға душпан болып келди. Ол Арамда патшалық етти ҳәм Ҳадад ислеген жаманлықларға қоса, ол да Израилға жаманлық ислеп келди.

Яробамның Сулайманға қарсы көтерилиўи

26Және, Сулайманның хызметкерлеринен бири Эфрайым урыўынан середалы Набат улы Яробам патшаға қарсы бас көтерди. Оның анасы Серуа деген бир жесир ҳаял еди. 27Яробамның патшаға қарсы шығыўының себеби мынаў еди: Сулайман Миллоны қурдырып, әкеси Даўыттың қаласының дийўалындағы жарықларды питетти. 28Яробам мәрт адам еди. Сулайман бул жигиттиң қәбилетли екенин көргенде, оны Юсуптиң урпақларынан алынған пүткил мәрдикаршылар үстинен бақлаўшы етип қойды.

29Бир күни Яробам Ерусалимнен сыртқа шыққанда, шилолы пайғамбар Ахия оны жолда қарсы алды. Ахияның үстинде таза кийим бар еди. Қала сыртындағы далада олардан басқа ҳеш ким жоқ еди. 30Ахия үстиндеги таза кийимди шешти де, оны жыртып, оны он еки бөлекке бөлди. 31Кейин Яробамға:

– Он бөлегин өзиңе ал, себеби Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен Сулайманның қолынан патшалықты тартып аламан ҳәм он урыўды саған беремен.
32Бирақ қулым Даўыттың ҳүрмети ҳәм Израилдың пүткил урыўлары арасынан таңлап алған қалам Ерусалим ушын бир урыўды оған қалдыраман. 33Себеби Сулайман
Сулайман – Әййемги грек, сурия ҳәм латын тиллериндеги аўдармалардан. Еврейше қолжазбаларда «олар».
Меннен жүз бурып, сидонлылардың ҳаял қудайы Аштартаға, моаблардың қудайы Кемошқа ҳәм аммонлардың қудайы Милкомға табынып кетти. Ол Мениң нәзеримде дурыс болған ислерди ислеп, қағыйдаларыма ҳәм нызамларыма бойсынып жасаған әкеси Даўытқа уқсамады ҳәм Мениң жолларымнан жүрмеди.
34Деген менен, буйрықларыма ҳәм қағыйдаларыма бойсынып жасаған, таңлап алған қулым Даўыттың ҳүрмети ушын, пүткил патшалықты Сулайманның өзиниң қолынан тартып алмайман. Оны өмириниң ақырына шекем ҳүкимдар етип қояман. 35Бирақ патшалықты оның улының қолынан тартып алып, он урыўды Яробам, саған беремен. 36Ал Мениң алдымда, атымның сол жерде болыўы ушын Өзиме таңлап алған қалам Ерусалимде қулым Даўыттың шырағы мәңгиге сөнип қалмаўы ушын, Сулайманның улына бир урыўды беремен. 37Саған келсек, Мен сени таңлап аламан, сен кеўлиң күсеген нәрселердиң ҳәммесиниң үстинен бийлик жүргизип, Израилға патша боласаң. 38Егер сен қулым Даўыт сыяқлы айтқанларымды орынлап, қағыйда ҳәм буйрықларыма бойсынып жасасаң, нәзеримде туўры болған ислерди ислеп, Мениң жолларым менен жүрсең, онда Мен сениң менен бирге боламан. Даўытқа ислегеним сыяқлы, сениң ушын да беккем бир урпақ – патшалар әўладын жаратып, Израилды саған беремен. 39Сулайманның гүнасы себепли Даўыттың урпағын жазалайман, бирақ буны мәңгиге ислемеймен».

Сулайманның өлими

40Сулайман Яробамды өлтирмекши болды. Бирақ Яробам Мысырға, Мысыр патшасы Шишақтың жанына қашып кетип, Сулайманның өлимине шекем сол жерде жасады.

41Сулайманның басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер, оның даналықлары Сулайманның ислери китабында жазылған. 42Сулайман қырық жыл даўамында пүткил Израилды Ерусалимде турып басқарды. 43Сулайман өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм әкеси Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Рехабам патша болды.
Copyright information for KaaIBT22C