1 Kings 13
Яҳудалы Қудайдың адамы
1Яробам қурбанлықты жағып түтетиў ушын қурбанлық орынның жанында турған ўақытта, Қудайдың адамы Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Яҳудадан Бейт-Элге келди. 2Ол Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша, қурбанлық орынға қарата былай деп бақырды: – Қурбанлық орын, ҳәй, қурбанлық орын! Жаратқан Ийе былай дейди: «Даўыттың урпағынан Иошия деген бир ул дүньяға келеди. Ол қурбанлықты жағып түтетип, сыйыныў орынларында хызмет еткен руўханийлерди сениң үстиңде қурбанлыққа береди. Сениң үстиңде адамның сүйеклери жағылады». 3Сол күни Қудайдың адамы буның белгиси туўралы былай деди: – Бул сөзлерди Жаратқан Ийениң айтқанлығын билдиретуғын белги мынаў: мына қурбанлық орын қақ айырылып, үстиндеги күл төгилип кетеди. 4Патша Яробам Қудайдың адамының Бейт-Элде қурбанлық орынға қарсы бақырып айтқан сөзлерин еситкенде, қолын қурбанлық орыннан алып, оған қарай созды да: – Услаңлар оны! – деп бақырды. Сонда оның Қудайдың адамына қарай созған қолы сәррийип қатып, қыймылдамай қалды. 5Қудайдың адамының Жаратқан Ийениң сөзине муўапық айтқан белгиси бойынша, қурбанлық орын қақ айырылып, үстиндеги күл төгилди. 6Сол ўақытта патша Яробам Қудайдың адамына: – Өтинемен, қолымның бурынғы ҳалына келиўи ушын, Қудайың Жаратқан Ийеге дуўа етип, Оннан реҳим етиўди сора, – деди. Қудайдың адамы Жаратқан Ийеге жалбарынғанда, патшаның қолы жазылып, бурынғы ҳалына келди. 7Патша Қудайдың адамына: – Мениң менен үйиме барып, аўқатланып, ҳәлленип ал, саған сыйлар берейин, – деди. 8Бирақ Қудайдың адамы оған: – Байлығыңыздың ярымын берсеңиз де, мен сиз бенен бирге бармайман, бул жерден нан да жемеймен, суў да ишпеймен. 9Себеби Жаратқан Ийе маған: «Ол жерде ҳеш нәрсе ишип-жеме ҳәм барған жолың менен қайтпа», – деп буйрық берди, – деп жуўап берди. 10Солай етип, Қудайдың адамы Бейт-Элге келген жолынан кери қайтпай, басқа жол менен кетти.Бейт-элли ғарры пайғамбар
11Бейт-Элде жасайтуғын бир ғарры пайғамбар бар еди. Уллары келип, оған сол күни Қудайдың адамының Бейт-Элде ислеген ислери ҳәм патшаға айтқанлары ҳаққында әкесине айтып берди. 12Ғарры олардан: – Қудайдың адамы қайсы жолдан кетти? – деп сорады. Уллары оған Яҳудадан келген Қудайдың адамының қайсы жолдан кеткенин көрсетти. 13Сонда ғарры улларына: – Ешегимди ертлеңлер, – деди. Уллары ешегин ертлегеннен соң, ол ешекке минип, 14Қудайдың адамының изинен кетти. Оны теребинф ағашының астында отырған жеринен тапты ҳәм оннан: – Яҳудадан келген Қудайдың адамы сенбисең? – деп сорады. Сол адам: – Аўа, мен, – деп жуўап берди. 15Ғарры пайғамбар оған: – Жүр, мениң менен үйге барып, аўқат жеп кет, – деди. 16Қудайдың адамы оған: – Жолымнан қайтып, сиз бенен кете алмайман. Бул жерде нан да жемеймен, суў да ишпеймен. 17Өйткени Жаратқан Ийе маған: «Ол жерде ҳеш нәрсе ишип-жеме ҳәм барған жолың менен қайтпа», – деп буйрық берди, – деп жуўап берди. 18Ғарры пайғамбар оған: – Мен де сен сыяқлы бир пайғамбарман. Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша бир периште келип, маған: «Оны қайтарып, үйиңе әкел. Ол нан жеп, суў ишип алсын», – деп айтты, – деди. Бирақ ғарры пайғамбар Қудайдың адамын алдаған еди. 19Солай етип, Қудайдың адамы ғарры пайғамбар менен бирге изине қайтты ҳәм оның үйине барып, ишип-жеди. 20Олар еле дастурхан әтирапында отырғанда, Қудайдың адамын жолынан қайтарған пайғамбарға Жаратқан Ийеден сөз түсти. 21Ғарры пайғамбар Яҳудадан келген Қудайдың адамына былай деп бақырды: – Жаратқан Ийе былай дейди: «Сен Мениң сөзиме бойсынбадың, Қудайың Жаратқан Ийениң өзиңе берген буйрығын орынламадың. 22Жолыңнан қайтып, саған ишип-жеме деген жеримде ишип-жедиң. Сонлықтан сениң денең ата-бабаларыңның қәбирине қосылмайды». 23Қудайдың адамы ишип-жеп болғаннан соң, ғарры пайғамбар оның ешегин ертлеп берди. 24Қудайдың адамы кетип баратырып, жолда бир арысланға тап болды, арыслан оны өлтирди. Ешек те, арыслан да созылып жатырған денениң жанында турған еди. 25Жолдан өтип баратырғанлар жолда жатырған өликти ҳәм оның жанында турған арысланды көрди. Олар ғарры пайғамбар жасап атырған қалаға барып, көргенлерин айтып берди. 26Қудайдың адамын жолдан қайтарған ғарры пайғамбар буны еситкенде: «Жаратқан Ийениң сөзине бойсынбаған Қудайдың адамы сол болады. Сонлықтан Жаратқан Ийе Өз сөзи бойынша оған бир арысланды жиберди. Арыслан оны тилкимлеп өлтирди», – деди. 27Ол улларына: – Ешегимди ертлеңлер, – деди. Олар ешекти ертледи. 28Ғарры кетип, жолда жатырған денени таўып алды. Ешек пенен арыслан еле денениң жанында турған екен. Арыслан денени де жемеген, ешекке де тиймеген еди. 29Ғарры пайғамбар Қудайдың адамының денесин көтерип алып, ешекке артты. Жоқлаў айтып жерлеў ушын, оны өз қаласына қайтарып алып келди. 30Соңынан ғарры марҳумды өзиниң қәбирине қойып: «Ўаҳ, баўырым!» – деп оған жоқлаў айтты. 31Қудайдың адамын жерлегеннен кейин, пайғамбар ғарры улларына былай деди: – Өлгенимнен кейин, мени Қудайдың адамының қәбирине қойың, сүйеклеримди де оның сүйеклериниң жанына қойың. 32Себеби оның Бейт-Элдеги қурбанлық орын ҳәм Самария қалаларындағы барлық сыйыныў орынлары туўралы Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша айтқан сөзлери сөзсиз орынланады.Яробамның уллы гүнасы
33Бул ўақыядан кейин де, Яробам өзиниң жаман жолынан қайтпады. Ол халық арасынан қәлеген адамын сыйыныў орынларына руўханийлер етип қойыўын даўам етип, руўханий болыўды қәлеген ҳәр бир адамды хызметке тайынлады. 34Бул ислер Яробамның урпағының гүнаға батыўына ҳәм қырылып, жер бетинен жоқ болып кетиўине алып келди.
Copyright information for
KaaIBT22C