1 Kings 14
Яробамның улының өлими
1Сол ўақытлары Яробамның улы Абия наўқасланып қалды. 2Сонда Яробам ҳаялына былай деди: – Тур, мениң ҳаялым екениңди билмеўи ушын, кийимлериңди өзгертип ал да, Шилоға бар. Мениң усы халықтың патшасы болатуғыным туўралы алдын ала айтқан пайғамбар Ахия сол жерде жасайды. 3Он шөрек, бир неше қытырлақ нан ҳәм бир гүзе пал алып, оған апар. Улымызға не болатуғынын ол саған айтады. 4Ҳаялы Яробамның айтқанындай ислеп, Шилоға, Ахияның үйине кетти. Ахия қартайғанлықтан, көзи көрмейтуғын болып қалған еди. 5Жаратқан Ийе Ахияға: «Мине, Яробамның ҳаялы киятыр. Ол кеселге шалынған улына не болатуғынын сеннен сорамақшы. Сен оған мынадай-мынадай деп айт. Ол өзин басқа ҳаял етип көрсетиў ушын сыртқы көринисин өзгертип алған», – деди. 6Ахия қапыдан кирип киятырған ҳаялдың аяқ сестин еситкенде былай деди: – Яробамның ҳаялы, ишке кир! Неге сыртқы көринисиңди өзгертип, басқаша кийинип алдың? Саған жаман хабарларым бар. 7Яробамға барып, былай деп айт: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Мен сени халқым арасынан таңлап алып, Өз халқыма, израиллыларға ҳүкимдар етип қойдым. 8Патшалықты Даўыттың урпағынан тартып алып, саған бердим. Бирақ сен қулым Даўытқа уқсамадың. Ол буйрықларыма бойсынды ҳәм Мениң нәзеримде дурыс болған ислерди ислеп, шын жүректен Мениң изимнен жүрди. 9Сен өзиңнен алдын жасағанлардың ҳәммесинен де бетер жаманырақ жаманлықлар иследиң. Өзиңе басқа қудайлардың, яғный тана мүсинлерин соғып алып, Мениң ғәзебимди келтирдиң. Сен Меннен жүз бурдың. 10Сол себепли Мен сениң хожалығыңды апатшылыққа ушыратып, Израилда сениң урпағыңнан болған пүткил еркек затын: қул болса да, азат адам болса да, ҳәммесин тезектиң түйирин де қалдырмай өртегендей етип өртеп, күлин көкке суўыраман. 11Сениң хожалығыңнан қалада өлгенлери ийтлерге, далада өлгенлери көктеги қусларға жем болады». Буны Жаратқан Ийе айтты. 12Сен енди үйиңе қайт. Қалаға аяғыңды басыўдан-ақ улың өледи. 13Пүткил Израил халқы жоқлаў айтып, оны жерлейди. Яробамның хожалығынан жалғыз ол ғана жерленеди. Себеби Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе Яробамның урпағынан жалғыз онда ғана Өзине унаған бир нәрселерди тапты. 14Енди Жаратқан Ийе Өзи ушын Израилға бир патша қояды. Бул патша сол күни-ақ, аўа, ҳәзир-ақ Яробамның урпағын қырып таслайды. 15Жаратқан Ийе Израил халқын жазалайды ҳәм ол суўда тербелип турған қамысқа уқсап қалады. Жаратқан Ийе оларды ата-бабаларына берген бул жақсы жерлерден қуўып шығарып, Евфрат дәрьясының арғы тәрепине шашыратып жибереди. Өйткени олар өзлерине кийели ағашларды ислеп алып, Жаратқан Ийениң ғәзебин келтирди. 16Яробамның ислеген ҳәм Израилға ислеткен гүналары себепли Жаратқан Ийе Израилды тәрк етеди. 17Яробамның ҳаялы ол жерден шығып, Тирсаға келди. Ол үйине аяқ басар-баспастан, бала қайтыс болды. 18Пүткил израиллылар оны жерлеп, ол ушын аза тутты. Солай етип, Жаратқан Ийениң Өз қулы пайғамбар Ахия арқалы айтқан сөзи орынланды.Яробамның өлими
19Яробамның басқа ислери, яғный, қалай урысқанлары ҳәм елди қалай басқарғаны Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 20Яробам жигирма еки жыл патшалық етти. Ол өлип, ата-бабаларына қосылғаннан соң, оның орнына улы Надаб патша болды.Яҳуда патшасы Рехабам
21Сулайманның улы Рехабам Яҳудаға патша болғанда қырық бир жаста еди. Рехабам Жаратқан Ийе Өз атын орнатыў ушын Израилдың пүткил урыўлары арасынан таңлап алған қаласы Ерусалимде он жети жыл патшалық етти. Оның анасы аммон халқынан болып, аты Наама еди. 22Яҳудалылар Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Олар ата-бабалары ислеген гүналардан да үлкенирек гүналар ислеп, Жаратқан Ийениң қызғанышлы ғәзебин оятты. 23Олар да арқа патшалық сыяқлы, өзлери ушын ҳәр бир бийик төбешикке ҳәм қойыў жапырақлы теректиң астына сыйыныў орынларын ислеп, кийели таслар менен кийели ағашлар орнатты. 24Ҳәтте, үлкедеги сыйыныў орынларында бузықшылық иси менен шуғылланатуғын еркеклер де болды. Яҳудалылар Жаратқан Ийениң бурын Израил халқының алдынан қуўған халықлары ислеген барлық жеркенишли ислерди иследи. 25Рехабамның патшалығының бесинши жылында Мысыр патшасы Шишақ Ерусалимге ҳүжим жасады. 26Ол Жаратқан Ийениң Үйиндеги ҳәм патша сарайындағы ғәзийнелерди тартып алып кетти. Ол ҳәмме нәрсени, Сулайман соқтырған алтын қалқанларды да алып кетти. 27Соңынан патша Рехабам булардың орнына қоладан қалқанлар ислетти ҳәм оларды патша сарайының кирер аўзын қорғайтуғын сақшылардың басшыларына берди. 28Патша Жаратқан Ийениң Үйине ҳәр барғанда, сақшылар бул қалқанларды алып жүретуғын, соңынан және сақшылардың бөлмесине апарып қоятуғын еди. 29Рехабамның басқа ислери ҳәм ол ислеген ҳәр бир нәрсе Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. 30Рехабам менен Яробам пүткил өмири даўамында урысып келди. 31Рехабам өлип, ата-бабаларына қосылғанда, ол Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына қойылды. Рехабамның анасы аммон халқынан болып, аты Наама еди. Рехабамның орнына улы Абиям ▼▼ Абиям – ямаса Абия.
патша болды.
Copyright information for
KaaIBT22C