‏ 1 Kings 15

Яҳуда патшасы Абиям

1Израил патшасы Набат улы Яробамның патшалығының он сегизинши жылында Абиям Яҳудаға патша болды. 2Ол Ерусалимде үш жыл патшалық етти. Абиямның анасы Абшаломның қызы Мааха еди. 3Абиям да әкесиниң бурын ислеген барлық гүналарын даўам етти. Ол Қудайы Жаратқан Ийеге жүрегин толық бағышлаған бабасы Даўытқа уқсамады. 4Солай болса да, Қудайы Жаратқан Ийе Даўыттың ҳүрмети ушын оған Ерусалимде бир шырақ жағып берди: өзинен кейин улын оның орнына отырғызды ҳәм Ерусалимди беккемледи. 5Себеби хет халқынан болған Урияға ислеген исин есапқа алмағанда, Даўыт Жаратқан Ийениң нәзеринде дурыс болған ислерди ислеп, пүткил өмири бойы Оның буйрықларының ҳеш бирин орынлаўдан бас тартпаған еди.

6Рехабам менен Яробам арасындағы саўаш Абиямның өмириниң ақырына шекем даўам етти. 7Абиямның басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. Абиям менен Яробам арасында саўаш үзликсиз даўам еткен еди. 8Абиям өлип, ата-бабаларына қосылғанда, Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Аса патша болды.

Яҳуда патшасы Аса

9Израил патшасы Яробамның патшалығының жигирмаланшы жылында Аса Яҳудаға патша болды. 10Ол Ерусалимде қырық бир жыл патшалық етти. Оның кемпир апасы Абшаломның қызы Мааха еди. 11Аса бабасы Даўыт сыяқлы Жаратқан Ийениң нәзеринде дурыс болған ислерди иследи. 12Ол сыйыныў орынларындағы бузықшылық пенен шуғылланатуғын еркеклерди қуўып жиберди ҳәм ата-бабалары ислеген барлық бутларды алып таслады. 13Кемпир апасы Мааха Ашераға арнап жеркенишли бир бут соқтырғаны ушын, патша Аса оннан ханбийкелик атағын тартып алды. Аса бул жеркенишли бутты шаўып таслап, Кидрон сайында жағып жиберди. 14Ол тек сыйыныў орынларын жоқ қылмады, бирақ өмир бойы Жаратқан Ийеге садық қалды. 15Аса әкесиниң ҳәм өзиниң атаған нәрселерин: гүмисти, алтынды ҳәм буйымларды Жаратқан Ийениң Үйине алып келди.

16Яҳуда патшасы Аса менен Израил патшасы Бааша арасындағы саўаш олардың өмириниң ақырына шекем даўам етти. 17Израил патшасы Бааша Яҳудаға қарсы шығып, Яҳуда патшасы Асаның жерлерине ҳеш кимниң кирип-шықпаўы ушын, Рама қаласының бекинисин күшейтти.

18Сонда Аса Жаратқан Ийениң Үйиндеги ҳәм сарай қазнасындағы қалған барлық гүмис пенен алтынды алды да, оларды хызметшилери арқалы Дамаскте жасайтуғын Арам патшасына, Хезйонның ақлығы Табриммонның улы Бен-Ҳададқа жиберип, оған былай деди: 19«Әкелеримиз арасында болғаны сыяқлы, бизлердиң арамызда да келисим болсын. Сизге саўғаға гүмис ҳәм алтын жиберип атырман. Израил патшасы Бааша мениң жеримнен кетиўи ушын, сиз оның менен дүзген келисимиңизди бузсаңыз».

20Бен-Ҳадад патша Асаның усынысын қабыл етип, Израил қалаларына қарсы әскербасыларын жиберди. Олар Иййон, Дан, Абел-Бейт-Мааха қалаларын, пүткил Нафталий жери менен бирге пүткил Киннеретти басып алды. 21Бааша буны еситкенде, Раманың бекинисиниң қурылысын тоқтатып, Тирсаға қайтып келди. 22Патша Аса бирде бир адамды қалдырмай, пүткил яҳудалыларды шақырды. Олар Раманың бекинисин қурғанда, Бааша қолланған тас ҳәм ағашларды Рамадан тасып алып кетти ҳәм патша Аса олардан Бенямин жериндеги Геба ҳәм Миспа қалаларының бекинисин күшейтти.

23Асаның басқа барлық ислери, барлық қаҳарманлықлары, барлық ислеген ислери ҳәм ол қурдырған барлық қалалар Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. Ол қартайғанда аяқ аўырыўына шалынды. 24Аса өлип, ата-бабаларына қосылғанда, бабасы Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Еҳошафат патша болды.

Израил патшасы Надаб

25Яҳуда патшасы Асаның патшалығының екинши жылында Яробамның улы Надаб Израилға патша болды ҳәм Израилда еки жыл патшалық етти. 26Ол да Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеп, әкесиниң жолы ҳәм Израилға ислеткен гүналары изинен кетти.

27Надаб ҳәм пүткил израиллылар филистлердиң Гиббетон қаласын қамал қылып атырғанда, Иссахар урыўынан шыққан Ахия улы Бааша тил бириктирип, Надабты Гиббетонда өлтирди. 28Яҳуда патшасы Асаның патшалығының үшинши жылында Бааша Надабты өлтирип, оның орнына патша болды. 29Ол тахтқа отырыўдан-ақ, Яробамның урпағын толығы менен қырып таслады. Яробамның хожалығы пүткиллей жоқ етилип, бирде бир тири жан қалмады. Солай етип, Жаратқан Ийениң Өз қулы шилолы Ахия арқалы айтқан сөзи орынланды. 30Булардың ҳәммеси Яробамның өзи гүна ислеп, Израил халқына да гүна ислетип, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң ғәзебин келтиргени себепли жүз берди.

31Надабтың басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 32Яҳуда патшасы Аса менен Израил патшасы Бааша арасындағы саўаш олардың өмириниң ақырына дейин даўам етти.

Израил патшасы Бааша

33Яҳуда патшасы Асаның патшалығының үшинши жылында Ахия улы Бааша пүткил Израилға патша болды ҳәм Тирсада жигирма төрт жыл патшалық етти. 34Бааша Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Ол Яробамның жолын қуўып, оған уқсап гүнаға батты, Израилды да гүнаға батырды.
Copyright information for KaaIBT22C