1 Kings 16
1Жаратқан Ийеден Хананий улы Еҳуға Израил патшасы Бааша ҳаққында мынадай сөз түсти: 2«Сени Мен топырақтан шығарып алып, халқым Израилға ҳүкимдар етип қойдым. Бирақ сен Яробамның жолынан жүрдиң ҳәм халқым Израилды гүнаға баслап, олардың гүнасы арқалы Мениң ғәзебимди келтирдиң. 3Сонлықтан Набат улы Яробамның урпағына уқсатып, сениң ҳәм сениң урпағыңның күлин көкке суўыраман. 4Сениң урпағыңнан қалада өлгенлери ийтлерге, далада өлгенлери көктеги қусларға жем болады». 5Баашаның басқа ислери, ол ислеген ҳәр бир нәрсе, оның қаҳарманлықлары Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 6Бааша өлип, ата-бабаларына қосылғанда, Тирсаға жерленди ҳәм оның орнына улы Эла патша болды. 7Жаратқан Ийениң Баашаға ҳәм оның урпағына қарсы ҳүкими Хананий улы пайғамбар Еҳу арқалы айтылған еди. Өйткени Бааша Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи, Яробамның хожалығына еликлеп ғана қоймай, өз гүналары менен Оның ғәзебин оятты ҳәм Яробамның пүткил әўладларын қырып таслады.Израил патшасы Эла
8Яҳуда патшасы Асаның патшалығының жигирма алтыншы жылында Бааша улы Эла Тирсада Израилға патша болды ҳәм ол еки жыл патшалық етти. 9Саўаш арбаларының ярымына басшылық ететуғын Зимрий деген бир хызметшиси Элаға қарсы тил бириктирди. Бир күни Эла Тирсада сарай басқарыўшысы Арсаның үйинде ишип, мәс болып қалды. 10Сонда Зимрий ишке кирип, Эланы өлтирди ҳәм оның орнына тахтқа отырды. Бул ўақыя Яҳуда патшасы Асаның патшалығының жигирма жетинши жылында болды. 11Зимрий патша болып тахтқа отырыўдан-ақ, Баашаның урпағын толығы менен қырып таслады. Оның досларынан да, туўысқанларынан да бирде бир ер адамды тири қалдырмады. 12Жаратқан Ийениң Баашаның хожалығына қарсы пайғамбар Еҳу арқалы айтқан сөзлери бойынша, Зимрий Баашаның урпағын пүткиллей қырып таслады. 13Бул ўақыя Бааша ҳәм оның улы Эланың гүналары көп болып, Израил халқын гүнаға батырғаны, өзлериниң жарамсыз бутлары менен Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң ғәзебин келтиргени ушын жүз берген еди. 14Эланың басқа ислери, ол ислеген ҳәмме нәрсе Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.Израил патшасы Зимрий
15Яҳуда патшасы Асаның патшалығының жигирма жетинши жылында Зимрий Тирсада тек жети күн-ақ патшалық етти. Сол ўақытлары Израил әскерлери филистлердиң Гиббетон қаласын қамал қылып, ордада жатырған еди. 16Ордадағы израиллылар Зимрийдиң тил бириктирип, патшаны өлтиргенин еситти ҳәм сол күни-ақ олар сәркәрда Омрийди Израилға патша етип жәриялады. 17Омрий ҳәм оның қасындағы пүткил израиллылар Гиббетоннан келип, Тирсаны қамал қылды. 18Зимрий қаланың қолдан кеткенин көргенде, патша сарайының қорғанына кирип, сол жерге от берди ҳәм өзи де оттың ишинде өлип кетти. 19Бул оның Яробамның гүналы жолынан жүрип, Израилды гүнаға баслағаны ҳәм Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислегени себепли болды. 20Зимрийдиң басқа ислери, оның патшаға ислеген қастыянлығы Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.Израил патшасы Омрий
21Буннан соң, Израил халқы екиге бөлинди. Олардың ярымы Гинат улы Тибнийдиң, ал ярымы Омрийдиң патша болыўын қәледи. 22Ақырында, Омрийге ерген халық Гинат улы Тибнийге ерген халықтан үстин келди. Тибний өлип, Омрий патша болды. 23Яҳуда патшасы Асаның патшалығының отыз биринши жылында Омрий Израилға патша болды. Ол ҳәммеси болып он еки жыл патшалық етип, соның дәслепки алты жылында Тирсада патшалық етти. 24Омрий Шемер деген адамнан Самария төбешигин еки талант гүмиске сатып алып, оның үстине қала қурды. Қаланы төбешиктиң бурынғы ийеси Шемердиң аты менен Самария деп атады. 25Омрий де Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеп, өзинен алдынғы барлық патшалардан да жаманырақ жаўызлықларды иследи. 26Ол толық Набат улы Яробамның жолынан жүрди ҳәм оның Израилды баслаған гүналарына қосылып, өзлериниң жарамсыз бутлары менен Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң ғәзебин келтирди. 27Омрийдиң басқа ислери ҳәм оның көрсеткен қаҳарманлықлары Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 28Омрий өлип, ата-бабаларына қосылғанда, Самарияға жерленди ҳәм оның орнына улы Ахаб патша болды.Израил патшасы Ахаб
29Яҳуда патшасы Асаның патшалығының отыз сегизинши жылында Омрий улы Ахаб Израилға патша болды ҳәм Самарияда жигирма еки жыл патшалық етти. 30Омрий улы Ахаб Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Оның бул ислери өзинен бурын болған патшалардың ҳәммесиникинен де асып түсти. 31Оған Набат улы Яробамның гүналарына шерик болыў аз болғандай, Сидон патшасы Этбаалдың қызы Изабелге үйленди ҳәм Баалға хызмет етип, оған табына баслады. 32Ол Самарияда Баалға арнап қурдырған бутханасының ишине Баал ушын қурбанлық орын да қурды. 33Буның үстине, ол кийели ағаш та ислетти. Ахаб өзинен бурын өткен Израил патшаларының барлығынан да артығырақ гүна ислеп, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң қатты ғәзебин келтирди. 34Ахаб патшалық еткен дәўирде, бейт-элли Хиел Ерихо қаласын қайта қурды. Жаратқан Ийениң Нун улы Ешуа арқалы алдын ала айтқанындай, Хиел қаланың тийкарын салғанда, өзиниң туңғыш улы Абирамнан, ал қаланың дәрўазасын қойғанда, генже улы Сегубтан айырылды.
Copyright information for
KaaIBT22C