‏ 1 Kings 17

Илияс ҳәм қурғақшылық

1Гиладтың Тишбе қаласынан болған Илияс Ахабқа:

– Мен хызмет ететуғын Израилдың Қудайы, тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: мен айтпағанша, келеси жыллары жаўын да жаўмайды, шық та түспейди, – деди.

2Сол ўақытта Жаратқан Ийеден Илиясқа мынадай сөз түсти:

3– Бул жерден кетип, шығыс тәрепке қарай жүр ҳәм Иордан дәрьясының шығысындағы Керит сайының бойына жасырын. 4Сен сол сайдан суў ишесең, сол жерде сени бағыўды ғарғаларға буйырдым.

5Илияс Жаратқан Ийениң сөзине бойсынып, Иордан дәрьясының шығысындағы Керит сайының бойына барды ҳәм сол жерде қалды. 6Ғарғалар ҳәр күни азанда ҳәм кеште оған нан менен гөш әкелип турды, ол суўды сайдан ишти. 7Бирақ бир қанша ўақыт өткеннен кейин, жерге жаўын жаўмағанлықтан, сай да қурып қалды.

Илияс ҳәм сарафатлы жесир ҳаял

8Сол ўақытта Илиясқа Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:

9– Енди Сидонға жақын жердеги Сарафат қаласына барып, сол жерде қал. Сол жерде жасайтуғын бир жесир ҳаялға сени бағыўды буйырдым.

10Илияс Сарафатқа кетти. Ол қала дәрўазасына жақынлағанда, сол жерде отын жыйнап жүрген бир жесир ҳаялға көзи түсти. Ол ҳаялға:

– Маған ишиў ушын бир сарқум суў бересең бе? – деди.
11Ҳаял суў әкелиў ушын кетип баратырғанда, Илияс оның изинен:

– Илтимас, маған шаппаттай нан да ала кел, – деп бақырды.

12Ҳаял оған:

– Сизиң Қудайыңыз, тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: жейтуғын ҳеш нәрсем жоқ. Тек ыдыстағы бир уўыс ун менен гүзеде азғантай май ғана бар. Мине, еки қысым отын теремен де, барып сол уннан улым менен өзиме бир нәрсе писиремен. Усы соңғы асымызды жеп болып, өлип кетемиз, – деди.

13Илияс ҳаялға былай деди:

– Қорқпа, барып айтқаныңды писир. Бирақ дәслеп бир кишкене шөрек жаўып, маған әкелип бер. Ал өзиң ҳәм улың ушын кейин жабасаң.
14Себеби Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Жаратқан Ийе жерге жаўын жибергенше, ыдыстағы ун да, гүзедеги май да таўысылмайды».

15Ҳаял барып, Илиястың айтқанларын иследи. Ҳаял, оның хожалығы ҳәм Илияс узақ ўақыт азық-аўқаттан тарықпады. 16Жаратқан Ийениң Илияс арқалы айтқан сөзи бойынша, ыдыстағы ун да, гүзедеги май да таўысылмады.

17Арадан бираз ўақыт өткеннен соң, үй ийеси болған жесир ҳаялдың баласы наўқасланып қалды. Оның наўқасы жүдә аўыр болып, ақырында деми таўысылды. 18Сонда ҳаял Илиясқа:

– Қудайдың адамы, мен сизге не қылып едим? Сиз маған гүналарымды еслетиў ҳәм улымды өлтириў ушын келип пе едиңиз? – деди.

19Илияс ҳаялға:

– Балаңды маған бер, – деди де, баланы ҳаялдың қолынан алып, оны өзи жасайтуғын жоқарғы бөлмеге алып шықты ҳәм өз төсегине жатқарды.
20Соңынан Жаратқан Ийеге жалбарынып былай деди: «Қудайым Жаратқан Ийе, неге Сен үйинен маған пана берген жесир ҳаялдың баласын өлтирип, оған жаманлық иследиң?» 21Кейин Илияс үш рет баланың үстине өзин таслап, Жаратқан Ийеге: «Қудайым Жаратқан Ийе, бул балаға қайтадан жан бере гөр», – деп жалбарынды. 22Жаратқан Ийе Илиястың жалбарыныўларын еситти. Баланың жаны өзине қайтып, ол тирилди. 23Илияс баланы жоқарғы бөлмеден алып түсип, анасына берип атырып:

– Қара, балаң тири, – деди.

24Сонда ҳаял Илиясқа:

– Енди билдим, сиз Қудайдың адамысыз ҳәм сиз арқалы айтқан Жаратқан Ийениң сөзи ҳақ, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C