1 Kings 18
Илияс пенен Обадия
1Арадан көп ўақытлар өткеннен соң, қурғақшылықтың үшинши жылында Жаратқан Ийеден Илиясқа: «Патша Ахабтың алдына барып, өзиңди көрсет. Мен жерге жаўын жаўдыражақпан», – деген сөз түсти. 2Илияс Ахабтың алдына барыў ушын кетти. Сол ўақытта Самарияда күшли ашаршылық ҳүким сүрип турған еди. 3Сонлықтан Ахаб сарай басқарыўшысы Обадияны шақырды. Обадия Жаратқан Ийеден қатты қорқатуғын еди. 4Изабел Жаратқан Ийениң пайғамбарларын қырып таслаған ўақытта, Обадия жүз пайғамбарды алып кетип, елиў-елиўден үңгирлерге жасырды да, оларды нан ҳәм суў менен тәмийинлеп турған еди. 5Ахаб Обадияға: – Үлке бойлап, барлық булақлар менен сайларды көрип шық. Бәлким, ат ҳәм ғашырларымызды бағыў ушын бир жерден от-шөп табылып, оларды аман сақлап қалармыз, – деди. 6Олар айланып шығыў ушын, жерди бөлисип алғаннан соң, екеўи еки жаққа қарай жолға түсти. 7Обадия кетип баратырып, жолда өзине қарай киятырған Илиясты көрди. Ол Илиясты танып, ет бетинен жығылып, тәжим етип: – Мырзам Илияс, бул сизбисиз? – деди. 8Илияс оған: – Аўа, бул мен. Мырзаңа барып: «Илияс усы жерде», – деп айт, – деди. 9Бирақ Обадия Илиясқа былай деди: – Қулыңыз болған мени өлтириў ушын Ахабтың қолына тапсыратуғындай, мен не гүна иследим? 10Сизиң Қудайыңыз, тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: тақсырым сизди излеў ушын адам жибермеген бирде бир халық яки патшалық қалмады. Ол: «Илияс бул жерде жоқ», – деген ҳәр бир халық ҳәм патшалықларға сизди таба алмағаны ҳаққында ант иштирди. 11Ал сиз болсаңыз, енди маған өзиңиздиң усы жерде екенлигиңизди мырзаңа айт деп атырсыз. 12Мен сизиң жаныңыздан кетиўден-ақ, Жаратқан Ийениң Руўхы сизди мен билмейтуғын бир жерге алып барады. Мен барып, Ахабқа хабар бергенимде, ол келип, сизди таппай қалса, мени өлтиреди. Ал қулыңыз болған мен балалығымнан Жаратқан Ийеден қорқып жасап келдим. 13Изабел Жаратқан Ийениң пайғамбарларын қырып таслап атырғанда, мениң не ислегенимнен, мырзам, сизиң хабарыңыз жоқ па? Мен Жаратқан Ийениң жүз пайғамбарын елиў-елиўден үңгирлерге жасырдым, оларды нан ҳәм суў менен тәмийинлеп турдым. 14Енди сиз болсаңыз маған: «Мырзаңа барып: „Мине, Илияс усы жерде“, – деп айт», – дейсиз. Ол мени өлтиреди-ғо. 15Илияс Обадияға: – Мен дәргайында турған Әлемниң Жаратқан Ийесиниң тирилиги ҳақы ант ишемен: бүгин мен сөзсиз оған көринемен, – деди.Илияс Кармел таўында
16Обадия Ахабқа барып, оны ўақыядан хабардар етти. Сонда Ахаб Илиясты қарсы алыўға кетти. 17Ахаб Илиясты көргенде: – Ҳәй, Израилды бәлеге дуўшар еткен адам, бул сенбисең?! – деди. 18Илияс оған былай деди: – Израилды бәлеге дуўшар еткен мен емес, ал Жаратқан Ийениң буйрықларына бойсынбай, Баалдың мүсинлерине хызмет етип, Израилды бәлеге дуўшар еткен сиз ҳәм сизиң үй-ишиңиз болады. 19Енди барып, хабар жибериң: пүткил Израил халқы, Изабелдиң дастурханынан ишип-жейтуғын Баалдың төрт жүз елиў пайғамбары ҳәм Ашераның төрт жүз пайғамбары Кармел таўына, мениң жаныма жыйналсын. 20Ахаб хабар жиберип, пүткил Израил халқын ҳәм пайғамбарларды Кармел таўына жыйнады. 21Илияс халықтың алдына шығып: – Қашанға дейин, еки кемениң басын услап жүресиз? Егер Жаратқан Ийени Қудай деп билсеңиз, Оның изине ериң. Ал егер Баалды Қудай деп билсеңиз, онда оның изине ериң, – деди. Бирақ халық Илиясқа ҳеш қандай жуўап бермеди. 22Илияс сөзин даўам етип былай деди: – Жаратқан Ийениң пайғамбарларынан жалғыз мен қалдым. Ал Баалдың төрт жүз елиў пайғамбары бар. 23Бизлерге еки буға алып келиң. Биреўин Баалдың пайғамбарлары таңлап алып, шалсын ҳәм оны майдалап отынның үстине қойсын. Бирақ отынды жақпасын. Ал екинши буғаны мен шалып таярлап, отынның үстине қояман. Бирақ отынды жақпайман. 24Кейин сизлер өз қудайыңыздың атын айтып шақырың, мен де Жаратқан Ийениң атын айтып шақыраман. Сонда кимниң қудайы от арқалы жуўап берсе, сол – Қудай болады. Пүткил халық: – Яқшы, солай болсын, – деп жуўап берди. 25Илияс Баалдың пайғамбарларына: – Сизлер көпсиз. Сонлықтан дәслеп сизлер буғаның биреўин таңлап алып, таярлаңлар ҳәм қудайыңыздың атын айтып шақырыңлар. Бирақ отынды жақпаңлар, – деди. 26Олар өзлерине берилген буғаны алып, таярлағаннан соң, азаннан түске шекем: «Ҳәй Баал, бизлерге жуўап бер», – деп Баалдың атын айтып шақырды. Бирақ ҳеш бир даўыс та, жуўап та болмады. Сонда олар өзлери қурған қурбанлық орын әтирапында секире баслады. 27Түс болғанда, Илияс: – Қатты бақырып, шақырың! Өйткени ол қудай-ғо. Бәлким, ол ойға шүмип кеткен, ямаса бир нәрсе менен бәнт шығар, яки сапарда шығар. Бәлким, уйықлап атырған болып, оны оятыў керек шығар, – деп олардың үстинен күле баслады. 28Олар қатты бақырды. Дәстүрлери бойынша, өзлерине пышақ ҳәм найза суғып, қан ағызып, денелерин жарақатлады. 29Олар түс аўғаннан баслап, кешки қурбанлық берилетуғын ўақытқа шекем жинлиленип бақыра берди. Бирақ саза да, белги де, жуўап та болмады. 30Сонда Илияс пүткил халыққа: – Мениң жаныма келиңлер, – деди. Пүткил халық Илиястың жанына келди. Ол Жаратқан Ийениң бузылған қурбанлық орнын қайта тикледи. 31Илияс Яқыптың улларынан келип шыққан урыўлардың саны бойынша он еки тас алды. Себеби Жаратқан Ийеден Яқыпқа: «Сениң атың Израил болады», – деген сөз түскен еди. 32Илияс бул таслардан Жаратқан Ийениң атына арнап қурбанлық орын қурды ҳәм оның дөгерегине еки сеа ▼▼ Еки сеа – бир сеа шама менен 7,5 л.
дән сыятуғын ор қазды. 33Соңынан отынларды қалады ҳәм буғаны бөлеклеп, отынның үстине қойды да: – Төрт гүзе суў әкелип, жандырылатуғын қурбанлық пенен отынның үстине қуйыңлар, – деди. 34Кейин ол: – Және солай ислеңлер, – деди. Олар солай иследи. Кейин және: – Үшинши рет те солай ислеңлер, – деди. Олар үшинши рет те солай иследи. 35Суў қурбанлық орынның дөгерегине ағып, ор да суўға толды. 36Кеште, қурбанлық берилетуғын ўақытта, Илияс пайғамбар қурбанлық орынға жақынлап, былай деп дуўа етти: «Ибрайымның, Ысақтың ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе! Бүгин Израилда Өзиңниң Қудай екениңди, мениң де Сениң қулың екенимди ҳәм булардың ҳәммесин Сениң буйрықларың бойынша ислегенимди билдире гөр! 37Жаратқан Ийе, мени еситип, маған жуўап бер. Бул халыққа Өзиңниң Қудай екениңди ҳәм олардың жүреклерин қайтадан Өзиңе қаратып атырғаныңды билдире гөр!» 38Сол ўақытта Жаратқан Ийениң оты түсти. Түскен от жандырылатуғын қурбанлықты, отынды, тасларды ҳәм топырақты жандырып жиберип, ордағы суўды да жалмап кетти. 39Пүткил халық буны көргенде, ет бетинен жерге жығылып: «Жаратқан Ийе – Қудай, Жаратқан Ийе – Қудай!» – деп бақырысты. 40Сонда Илияс оларға: – Баалдың пайғамбарларын услап алыңлар, ҳеш бири қашып кетпесин! – деп буйырды. Олар услап алынды. Илияс оларды Кишон сайына алып барып, сол жерде өлтирди. Қурғақшылықтың тамам болыўы
41Буннан кейин, Илияс патша Ахабқа: – Барып, ишип-жең. Себеби күшли жаўынның даўысы еситилип тур, – деди. 42Ахаб аўқатланыўға кетти. Илияс Кармел таўының төбесине шықты ҳәм басын еки дизесиниң арасына тығып, жерге қарап отырды. 43Кейин хызметшисине: – Барып, теңиз тәрепке қара, – деди. Хызметшиси барып, теңизге қарады да: – Ҳеш нәрсе жоқ, – деди. Илияс хызметшисин жети рет теңиз тәрепке қарап келиў ушын жиберди. 44Жетинши ретте хызметшиси: – Теңизден үлкенлиги адамның алақанындай бир булт көтерилип киятыр, – деди. Сонда Илияс: – Ахабқа барып айт, арбасын жегип тез қайтсын, жаўында қалып қоймасын, – деди. 45Сол ўақытта, аспанды қалың булт қаплап, самал ести ҳәм нөсер жаўын жаўа баслады. Ахаб арбасына минди де, Изреелге кетти. 46Жаратқан Ийениң қолы Илиястың үстинде болды. Ол белин беккем буўды да, Ахабтың алдына түсип, Изреелге шекем жуўырып барды.
Copyright information for
KaaIBT22C