1 Kings 19
Илиястың қашып кетиўи
1Патша Ахаб Илиястың ислеген ҳәмме ислерин, барлық пайғамбарларды қалай қылыштан өткергенин ханбийке Изабелге айтып берди. 2Сонда Изабел Илиясқа: «Ертең анық усындай ўақытқа шекем сениң пайғамбарларға ислегениңди өзиңе ислемесем, қудайлар мени жазалаған үстине жазаласын», – деп хабар жиберди. 3Илияс буны еситкенде қорқып, жан сақлаў ушын Яҳудадағы Беер-Шеба қаласына қашып барып, хызметшисин сол жерде қалдырды. 4Ал өзи болса, шөлде бир күн жол жүрди. Ақырында, бир теректиң астына келип отырды да, өзине өлим сорап: – Жаратқан Ийе, жетер енди! Жанымды ал, мениң ата-бабаларымнан артық жерим жоқ, – деп дуўа етти. 5Соңынан теректиң шақалары астына жатып, уйқыға кетти. Тосаттан бир периште оны түртип: – Турып, жеп ал, – деди. 6Илияс турып қараса, бас бетинде тасқа қойып писирилген ыссы шөрек пенен бир гүзе суў турған екен. Ол ишип-жеп болып, және уйқыға кетти. 7Жаратқан Ийениң периштеси екинши рет қайтып келди де, оны түртип: – Турып, жеп ал, алдыңда узақ жол турыпты, – деди. 8Илияс турып, ишип-жеди. Сол аўқаттан күш алған Илияс Қудайдың таўы болған Хореб таўына шекем қырық күн, қырық түн жол жүрди. 9Ол сол жердеги бир үңгирге кирип түнеди.Жаратқан Ийениң Илиясқа көриниўи
Мине, Жаратқан Ийеден Илиясқа сөз түсти. Ол Илиясқа: – Илияс, бул жерде не қылып атырсаң? – деп сорады. 10Илияс Оған: – Әлемниң Қудайы, Жаратқан Ийе, мен Саған шын ықлас пенен хызмет еттим. Бирақ Израил халқы Сениң менен дүзген келисимнен жүз бурып, қурбанлық орынларыңды бузып таслады ҳәм пайғамбарларыңды қылыштан өткизди. Жалғыз мен қалдым, олар өлтириў ушын мени де излеп атыр, – деп жуўап берди. 11Жаратқан Ийе Илиясқа: – Таўға шығып, көз алдымда тур. Мен сениң жаныңнан өтемен, – деди. Жаратқан Ийениң алдында таўларды жарып, жартасларды майдалаған қатты ҳәм күшли самал ести. Бирақ Жаратқан Ийе самал ишинде емес еди. Самалдан кейин жер силкинди, бирақ Жаратқан Ийе жер силкиниў ишинде де емес еди. 12Жер силкиниўден кейин, от түсти, бирақ Жаратқан Ийе оттың да ишинде емес еди. Оттан кейин өлпең даўыс еситилди. 13Илияс бул даўысты еситкенде, бетин шапаны менен жаўып алды да, сыртқа шығып, үңгирдиң аўзында турды. Сол ўақытта бир даўыс: – Илияс, бул жерде не қылып атырсаң? – деп сорады. 14Илияс Оған: – Әлемниң Қудайы, Жаратқан Ийе, мен Саған шын ықлас пенен хызмет еттим. Бирақ Израил халқы Сениң менен дүзген келисимнен жүз бурып, қурбанлық орынларыңды бузып таслады ҳәм пайғамбарларыңды қылыштан өткизди. Жалғыз мен қалдым, олар өлтириў ушын мени де излеп атыр, – деп жуўап берди. 15Сонда Жаратқан Ийе Илиясқа: – Келген жолың менен изиңе қайтып, шөл арқалы Дамаскке бар. Ол жерге барғаныңда, Хазаелди майлап, Арамға патша етип қой, 16Нимший улы Еҳуды майлап, Израилға патша етип, ал абел-мехолалы Шафат улы Элишаны майлап, өзиңниң орныңа пайғамбар етип қой. 17Хазаелдиң қылышынан қашып қутылғанды Еҳу, Еҳудың қылышынан қашып қутылғанды Элиша өлтиреди. 18Деген менен, Израилда Баалға тәжим етип, оны сүймеген жети мың адамды тири қалдыраман.Элишаның шақырылыўы
19Солай етип, Илияс сол жерден кетип, Шафат улы Элишаны таўып алды. Ол он еки жуп өгиз бенен жер айдап атырғанлардың он екиншиси болып жер айдап атыр екен. Илияс Элишаның жанына жақынлап, шапанын оның үстине атып жиберди. 20Элиша өгизлерди қалдырып, Илиястың изинен жуўырды ҳәм оған: – Ата-анамды сүйип, хошласып қайтыўыма рухсат берсеңиз, соңынан изиңизден жетип аламан, – деди. – Илияс Элишаға: – Яқшы, кете бер, бирақ саған не қылғанымды умытпа, – деди. 21Солай етип, Элиша изине қайтып барып, бир жуп өгизин сойды. Олардың мойынтырықларын отын етип жағып, гөшин писирди ҳәм адамларға тарқатты. Адамлар да жеди. Кейин Элиша Илиястың изинен кетти ҳәм оған хызмет ете баслады.
Copyright information for
KaaIBT22C