‏ 1 Kings 2

Даўыттың Сулайманға берген ўәсиятлары

1Даўыттың өлими жақынласқанда, ол улы Сулайманға мына ўәсиятларды берди:

2– Басқалар сыяқлы мен де жақын арада бул дүньяны тәрк етемен. Сен күшли ҳәм мәрт бол. 3Ислеген ҳәр бир исиңде ҳәм барған ҳәр бир жериңде табысқа ерисиўиң ушын, Қудайың Жаратқан Ийениң тапсырмаларын орынлап, Оның жолларынан жүр ҳәм Муўсаның Нызамында жазылғанындай, Қудайдың қағыйдаларына, буйрықларына, нызамларына ҳәм қарарларына бойсын. 4Сонда Жаратқан Ийе маған берген мына сөзин орынлайды: «Егер урпақларың өз жолларынан адаспай, шын жүректен ҳәм жан-тәни менен Маған садық болып жүрсе, сениң урпағыңнан Израил тахтында отыратуғын ер адамның изи үзилмейди».

5Буннан тысқары сен Серуя улы Иоабтың маған нелер ислегенин билесең. Ол Израилдың еки сәркәрдасы Нер улы Абнер менен Етер улы Амасаны өлтирип, тынышлық ўақтында урыстағыдай қан төкти ҳәм белиндеги белбеўи менен аяғындағы сандалларын қанға былғады. 6Сен ақыл менен ис тут. Бирақ оның ғарры басының өлилер мәканына тынышлық пенен кириўине жол қойма.

7Гиладлы Барзиллайдың улларына жақсылық исле. Оларға дастурханыңнан аўқатланатуғынлар арасынан орын бер. Өйткени мен әжағаң Абшаломнан қашып жүргенимде, олар маған жәрдем берди.

8Бенямин урыўынан болған бахуримли Гераның улы Шимей де сениң жаныңда. Ол Маханайымға қарай қашып баратырғанымда, мени қатты ғарғаған еди. Бирақ соңынан ол мени күтип алыў ушын Иордан дәрьясының бойына келди. Сонда мен оған: «Сени қылыш пенен өлтирмеймен», – деп Жаратқан Ийе ҳақы ант ишкен едим. 9Деген менен, сен оны жазасыз қалдырма. Сен ақыллы адамсаң, оған не ислеўди өзиң билесең. Оның ғарры басын өлилер мәканына қаны менен жибер.

Даўыттың өлими

10Даўыт өлип, ата-бабаларына қосылғанда, ол өзиниң аты менен аталған қалаға жерленди. 11Даўыт Израилда қырық жыл патшалық етип, оның жети жылын Хебронда, отыз үш жылын Ерусалимде өткизди. 12Солай етип, Сулайман әкеси Даўыттың тахтына отырды ҳәм оның патшалығы жүдә беккем болды.

Адонияның өлими

13Хаггит улы Адония Сулайманның анасы Бат-Шебаның жанына барды. Бат-Шеба оннан:

– Аманлық па? – деп сорады.

Адония оған:

– Аманлық, – деп жуўап берди.

14Соңынан ол:

– Сизге бир нәрсе айтпақшы едим, – деди.

Бат-Шеба оған:

– Айта бер, – деди.

15Адония Бат-Шебаға былай деди:

– Өзиңиз билесиз, патшалық маған тийисли еди ҳәм пүткил Израил мениң патша болыўымды күтип жүрген еди. Бирақ жағдай өзгерип, патшалық инимниң қолына өтти. Себеби Жаратқан Ийениң ерки усы еди.
16Бирақ мениң сизден бир тилегим бар. Өтинемен, қарсылық билдирмең.

Бат-Шеба:

– Айт, – деди.

17Сонда Адония Бат-Шебаға:

– Өтинемен, патша Сулайман менен сөйлесиң. Ол сизге қарсылық билдирмейди. Маған шунемли Абишагты ҳаяллыққа берсин, – деди.

18Бат-Шеба оған:

– Яқшы, сен туўралы патша менен сөйлесип көрейин, – деп жуўап берди.

19Бат-Шеба Адонияның өтиниши туўралы сөйлесиў ушын патша Сулайманға кетти. Сулайман анасын күтип алыў ушын орнынан турып, анасына тәжим етти ҳәм соңынан тахтына отырды. Патша өзиниң оң тәрепине бир тахт қойдырып, оған анасын отырғызды. 20Анасы тахтқа отырғаннан соң, патшаға:

– Сеннен кишкене бир өтинишим бар еди, сөзимди жерде қалдырма, – деди.

Патша оған:

– Айта бериң, анажан, сөзиңизди жерде қалдырмайман, – деди.

21Бат-Шеба патшаға:

– Шунемли Абишагты әжағаң Адонияға ҳаяллыққа берсең қәйтеди? – деди.

22Патша Сулайман анасына:

– Не ушын Адонияға тек шунемли Абишагты сорап турсыз? Ол ушын патшалықты да сорасаңыз болар еди. Ақыры ол меннен үлкен. Буның үстине, руўханий Абиятар менен Серуя улы Иоаб та ол тәрепте емес пе? – деди.

23Соңынан патша Сулайман Жаратқан Ийениң аты менен ант ишип былай деди:

– Егер Адонияны бул гәпи ушын өлтиртпесем, Қудай мени жазалаған үстине жазаласын!
24Мени күшке толтырып, әкем Даўыттың тахтына отырғызған ҳәм Израил патшаларының мениң урпағымнан келип шығатуғынын айтып, ўәде еткен тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: Адония бүгин-ақ өлтириледи.

25Солай етип, патша Сулайман Еҳояда улы Бенаяға Адонияны өлтириўди буйырды. Ол барып, Адонияны өлтирди.

Абиятардың сүргин етилиўи ҳәм Иоабтың өлими

26Патша руўханий Абиятарға:

– Сен Анатоттағы өз жериңе бар. Негизинде, сен өлимге ылайықлысаң. Бирақ ҳәзир сени өлтирмеймен. Себеби сен әкем Даўыттың алдында Қудай Ийениң сандығын көтерип жүрдиң ҳәм әкем шеккен ҳәр бир азапты оның менен бирге бастан кеширдиң, – деди.
27Сулайман Абиятарды Жаратқан Ийениң руўханийлигинен шетлетти. Солай етип, Жаратқан Ийениң Шилода Элийдиң үй-ишине қарсы айтқан сөзи орынланды .

28Бул хабар Иоабқа да жетти. Иоаб Абшаломға қосылмаған болса да, Адонияны қоллап қуўатлаған еди. Сонлықтан Иоаб Жаратқан Ийениң шатырына қашып барып, қурбанлық орынның шақларына жабысты. 29Иоабтың Жаратқан Ийениң шатырына қашып барып, қурбанлық орынның жанында турғаны патша Сулайманға хабарланды. Сулайман Еҳояда улы Бенаяға барып, оны өлтириўди буйырды.

30Беная Жаратқан Ийениң шатырына барып, Иоабқа:

– Патша сыртқа шығыўыңды буйырады, – деди.

Бирақ Иоаб:

– Яқ, мен усы жерде өлмекшимен, – деп жуўап берди.

Сонда Беная барып, Иоабтың берген жуўабын патшаға жеткизди.

31Патша Бенаяға былай деди:

– Оның айтқанындай исле. Оны өлтирип, жерле. Усылайынша, Иоабтың жазықсыз төккен қанларының қунын мениң ҳәм әкемниң урпақларының мойнынан алып тасла.
32Жаратқан Ийе оның төккен қаны ушын өзин жазаласын. Себеби ол әкем Даўытқа билдирместен, өзинен әдилирек ҳәм өзинен жақсырақ болған еки адамды: Израилдың сәркәрдасы Нер улы Абнерди ҳәм Яҳуданың сәркәрдасы Етер улы Амасаны қылыш пенен өлтирди. 33Солай етип, олардың қаны мәңгиге Иоабтың ҳәм оның урпақларының мойнында қалады. Ал Жаратқан Ийе Даўытқа, оның урпақларына, үй-ишине ҳәм тахтына мәңгиге тынышлық береди.

34Еҳояда улы Беная барып, Иоабты өлтирди ҳәм ол шөлдеги өз үйине жақын жерге жерленди. 35Патша Иоабтың орнына Еҳояда улы Бенаяны сәркәрда етип, ал Абиятардың орнына Садоқты руўханий етип тайынлады.

Шимейдиң өлими

36Буннан кейин патша адам жиберип, Шимейди шақыртты ҳәм оған былай деди:

– Ерусалимде бир үй қурып алып, сол жерде жаса. Ҳеш жаққа кетпе.
37Ол жерден шығып, Кидрон сайынан өткен күниң-ақ сөзсиз өлтирилетуғыныңды билип қой. Өз қаның ушын өзиң жуўапкер боласаң.

38Шимей патшаға:

– Тақсыр, қуллық. Сиз не десеңиз, қулыңыз болған мен соны орынлайман, – деди.

Солай етип, Шимей узақ ўақыт Ерусалимде жасады.

39Бирақ арадан үш жыл өткеннен соң, Шимейдиң еки қулы Гат патшасы Мааха улы Ахиштиң жанына қашып кетти. Шимейге қулларының Гатта екенлиги туўралы хабар келди. 40Сонда Шимей ешегин ертлеп, қулларын излеў ушын Гатқа, Ахиштиң жанына кетти. Ол қулларын қайтарып әкелди.

41Шимейдиң Ерусалимнен шығып, Гатқа барып қайтқаны туўралы Сулайманға хабар жетти. 42Сонда Сулайман Шимейди шақыртып, оған былай деди:

– Саған Жаратқан Ийе ҳақы ант иштирген жоқ па едим? «Билип қой, қаладан шығып, қандай да бир жерге барған күниң-ақ сөзсиз өлтирилесең», – деп ескертпеген бе едим? Сен де маған: «Қуллық, ыразыман», – демеген бе едиң?
43Онда неге Жаратқан Ийениң алдында ишкен антыңа ҳәм мениң буйрығыма бойсынбадың?

44Патша сөзин даўам етип, Шимейге және былай деди:

– Сен әкем Даўытқа ислеген барлық жаманлықларыңды жақсы билесең. Бул ислеген жаманлықларыңды Жаратқан Ийе өзиңе қайтарады.
45Бирақ Жаратқан Ийе мени жарылқасын ҳәм Даўыттың тахты Жаратқан Ийениң алдында мәңгиге беккем болсын.

46Патша Еҳояда улы Бенаяға буйрық берди. Ол Шимейди алып шығып, өлтирди.

Солай етип, Сулайманның патшалығы беккемленди.
Copyright information for KaaIBT22C