‏ 1 Kings 20

Арамлылардың Самарияға ҳүжим етиўи

1Арам патшасы Бен-Ҳадад пүткил әскерлерин жыйнады. Бен-Ҳададқа қараслы отыз еки патша да атлары ҳәм саўаш арбалары менен оған қосылды. Олар барды да, Самарияны қоршап алып, қалаға ҳүжим етти. 2Бен-Ҳадад қалаға, Израил патшасы Ахабқа хабаршылар жиберип, былай деди: «Бен-Ҳадад былай дейди: 3„Сениң гүмис ҳәм алтының, ҳаялларың ҳәм улларыңның ең жақсылары меники болады“».

4Израил патшасы оған: «Тақсыр, сизиң айтқаныңыздай болсын. Өзим де, мендеги ҳәмме нәрсе де сизики», – деп жуўап берди.

5Бен-Ҳададтың елшилери және қайтып келип, Ахабқа былай деди: «Бен-Ҳадад былай дейди: „Саған гүмис ҳәм алтыныңды, ҳаялларыңды ҳәм улларыңды маған бересең деп хабар жиберген едим. 6Енди ертең усы ўақытта сениң сарайыңды ҳәм хызметшилериңниң үйин тинтиў ушын адамларымды жиберемен. Олар саған қәдирли болған ҳәмме нәрсени алып кетеди“».

7Сонда Израил патшасы елдеги барлық ақсақалларды жыйнап, оларға:

– Ойлап көриңлер, бул адам қандай жаманлық ойлап қойыпты? Ол меннен ҳаялларымды, улларымды, гүмис ҳәм алтынымды талап еткенде, мен қарсылық билдирмедим, – деди.

8Сонда ақсақаллар да, халық та патшаға:

– Оған қулақ салмаң, ыразы да болмаң, – деди.

9Солай етип, Ахаб Бен-Ҳададтың елшилерине: «Тақсырға дәслепки тилегин орынлайтуғынымды, бирақ кейингисине ыразы емеслигимди айтып барыңлар», – деди. Елшилер барып, Бен-Ҳададқа жуўапты жеткизди.

10Сонда Бен-Ҳадад Ахабқа хабаршыларын жиберип: «Самарияда изиме ерген әскерлердиң уўысын толтырғандай топырақ қалдырсам, қудайлар мени жазалаған үстине жазаласын», – деди.

11Израил патшасы оған былай деп жуўап берди: «Патшаңызға барып айтың, саўытын кийип атырып емес, ал шешип атырып мақтансын».

12Шатырда өзине қараслы патшалар менен бирге шарап ишип отырған Бен-Ҳадад буны еситкенде, адамларына: «Ҳүжимге таярланың», – деп буйырды. Олар қалаға ҳүжим қылыўға таяр турды.

Ахабтың Бен-Ҳадад үстинен жеңиске ерисиўи

13Сол ўақытта бир пайғамбар Израил патшасы Ахабқа келип былай деди:

– Жаратқан Ийе былай дейди: «Мына үлкен әскерлер топарын көрип турсаң ба? Бүгин оны саған тәслим етемен! Сонда сен Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласаң!»

14Ахаб пайғамбардан:

– Ким арқалы? – деп сорады.

Пайғамбар оған:

– Жаратқан Ийе былай дейди: «Ўәлаят ҳәкимлериниң жас жаўынгерлери арқалы», – деп жуўап берди.

Ахаб оннан:

– Саўашты ким баслайды? – деп сорады.

Пайғамбар Ахабқа:

– Сиз баслайсыз, – деп жуўап берди.
15Ахаб ўәлаят ҳәкимлериниң жас жаўынгерлерин шақырып санады. Олар еки жүз отыз еди. Соңынан пүткил халықты, Израил әскерлерин санады. Олар жети мың адам еди. 16Түсте, Бен-Ҳадад өзине жәрдем берип атырған отыз еки патша менен бирге шатырда ўақты хошлық етип атырған ўақытта, израиллылар ҳүжимди баслады. 17Дәслеп ўәлаят ҳәкимлериниң жас жаўынгерлери саўашқа шықты. Бен-Ҳадад жиберген тыңшылар оған:

– Самариядан адамлар шығып киятыр, – деп хабарлады.

18Бен-Ҳадад:

– Олар келисим дүзиў ушын киятырған болса да, урысыў ушын киятырған болса да, тирилей услап алыңлар, – деди.

19Дәслеп ўәлаят ҳәкимлериниң жас жаўынгерлери, олардың изинен басқа әскерлер қаладан шықты. 20Олардың ҳәр бири өз қарсыласын өлтирди, арамлылар қаша баслады ҳәм израиллылар олардың изинен қуўып кетти. Арам патшасы Бен-Ҳадад та атына минип, атлылары менен бирге қашып қутылды. 21Израил патшасы қаладан шығып, атлар менен саўаш арбаларына ҳүжим жасады ҳәм арамлыларды үлкен қырғынға ушыратты.

22Буннан кейин, пайғамбар келип, Израил патшасына:

– Барып, күшиңизди жыйнаң ҳәм не ислейтуғыныңызды билип алың. Себеби келеси жылы бәҳәрде Арам патшасы сизге және ҳүжим қылады, – деди.

Арамлылардың екинши ҳүжими

23Арам патшасының хызметкерлери оған былай деди:

– Израилдың қудайы – таўлар Қудайы. Сонлықтан олар бизлерди жеңди. Егер олар менен тегисликте урыссақ, бизлер оларды сөзсиз жеңемиз.
24Енди қол астыңыздағы патшалардың ҳәммесин орынларынан алып таслап, орынларына сәркәрдаларды тайынлаң. 25Қолдан кеткен ат орнына ат, арба орнына арба топлап, бурынғыдай әскер жыйнаң. Кейин израиллылар менен тегисликте саўаш жүргиземиз ҳәм сөзсиз оларды жеңемиз.

Бен-Ҳадад оларға қулақ салып, солай иследи.

26Келеси жылы бәҳәрде Бен-Ҳадад арамлыларды жыйнап, Израил менен урысыў ушын Афек қаласына кетти. 27Израиллылар да жыйналып, азық-аўқатын алды да, олар менен урысыў ушын жолға шықты ҳәм олардың қарсысына орда қурды. Үлкени толтырған арамлылардың алдында израиллылар кишкене еки ешки сүриўи сыяқлы еди.

28Қудайдың адамы Израил патшасының жанына келип былай деди:

– Жаратқан Ийе былай дейди: «Арамлылар Жаратқан Ийе тегисликлердиң емес, ал таўлардың Қудайы дегени ушын, усы үлкен әскерлер топарын саған тәслим етемен. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласызлар».

29Бир-бирине қарсы орда қурған арамлылар менен израиллылар жети күн турды. Жетинши күни саўаш басланды. Бир күнде израиллылар арамлылардың жүз мың пияда әскерин өлтирди. 30Қалғанлары Афекке, қаланың ишине қашты. Ол жерде қалған жигирма жети мың адамның үстине қаланың дийўалы қулады.

Бен-Ҳадад та қаланың ишине қашып барып, ишки бир бөлмеге кирип алды.
31Сонда хызметшилери Бен-Ҳададқа:

– Еситиўимизше, Израил патшалары реҳимли патшалар қусайды. Енди үстимизге аза кийимин кийип, мойнымызға арқан салып, Израил патшасының алдына барайық. Бәлким, ол бир қасық қаныңыздан кешер, – деди.

32Олар үстине аза кийимин кийип, мойынларына арқан салды ҳәм Израил патшасының алдына келип:

– Қулыңыз Бен-Ҳадад бир қасық қанынан кешиўиңизди сорап жалбарынады, – деди.

Ахаб:

– Бен-Ҳадад еле тири ме? Ол мениң әжағам-ғо, – деди.

33Бен-Ҳададтың хызметшилери буны жақсылыққа жорып, патшаның аўзындағы сөзди қағып алды да:

– Бен-Ҳадад сизиң әжағаңыз! – деди.

Патша:

– Барып, оны алып келиңлер, – деп буйырды.

Бен-Ҳадад келгенде, патша оны өз саўаш арбасына мингизди.
34Бен-Ҳадад Ахабқа:

– Әкемниң сизиң әкеңизден тартып алған қалаларын қайтып беремен. Әкемниң Самарияда базарлар қурғаны сыяқлы, сиз де Дамаскте базарлар қурасыз, – деди.

Ахаб оған:

– Келисим дүзгеннен соң, сени босатып жиберемен, – деди. Соңынан оның менен келисим дүзди де, босатып жиберди.

Бир пайғамбардың Ахабқа қарсы сөйлеўи

35Сол арада пайғамбарлар топарындағылардан бири Жаратқан Ийениң сөзи бойынша жолдасына:

– Өтинемен, мени ур, – деди.

Бирақ ол жолдасын урыўды қәлемеди.

36Сонда пайғамбар жолдасына:

– Жаратқан Ийениң буйрығын орынламағаның ушын, жанымнан кетиўден-ақ, сени бир арыслан өлтиреди, – деди. Сол адам пайғамбардың қасынан кетиўден-ақ, бир арысланға дус келип, арыслан оны өлтирди.

37Соңынан пайғамбар басқа бир адамға келип:

– Өтинемен, мени ур, – деди. Сол адам оны урып, жарадар етти.
38Пайғамбар кетти ҳәм өзин танытпаў ушын көзин жапқыш пенен жаўып, жол бойында патшаны күте баслады. 39Патша сол жерден өтип баратырғанда, пайғамбар бақырып, оған былай деди:

– Қулыңыз болған мен урысқа барған едим. Сонда бир әскер арман барды да, бир тутқынды маған әкелип: «Мына адамға қарап тур. Егер қашып кетсе, оның орнына өзиңниң жаның алынады ямаса бир талант гүмис бересең», – деди.
40Бирақ мен анаў-мынаў менен бәнт болғанымда, ол қашып кетипти.

Израил патшасы оған:

– Өзиңе өзиң ҳүким шығарып турсаң-ғо. Сениң жазаң сол болады, – деди.

41Сол ўақытта пайғамбар дәрриў бетиндеги жапқышты алып таслады. Сонда патша оның пайғамбарлардан бири екенин билди. 42Пайғамбар патшаға былай деди:

– Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен жоқ қылыўды буйырған адамды өз қолыңнан босатып жибергениң ушын, оның орнына өзиңниң жаның алынады. Ал оның халқының басына түсетуғын апат сениң халқыңның басына түседи».

43Израил патшасы қапа болып, тынышсызланған ҳалда Самариядағы сарайына келди.
Copyright information for KaaIBT22C