1 Kings 21
Наботтың бағы
1Арадан бираз ўақыт өтип, мынадай ўақыя жүз берди: Изреелде, Самария патшасы Ахабтың сарайының жанында изреелли Наботтың бир жүзим бағы бар еди. 2Бир күни Ахаб Наботқа: – Жүзим бағыңды маған бер. Ол мениң сарайыма жақын болғаны ушын, оның орнына палыз егинлерин өсирейин. Бағыңның орнына басқа жақсырақ бағ беремен. Егер қәлесең, бағыңның баҳасын гүмис пенен төлеймен, – деди. 3Бирақ Набот Ахабқа: – Ата-бабаларымнан қалған мийрасты сизге бериўден мени Жаратқан Ийениң Өзи сақласын! – деди. 4Изреелли Наботтың: «Ата-бабаларымнан қалған мийрасты сизге бермеймен», – деген сөзине қатты ашыўланған Ахаб үйине тунжырайып келди. Ол төсегине кирип, жүзин терис қаратып жатып алды ҳәм дуз татпады. 5Ҳаялы Изабел оның жанына келип: – Неге руўхыңыз түскен? Неге аўқат жемей атырсыз? – деди. 6Ахаб ҳаялына: – Мен изреелли Наботқа: «Жүзим бағыңды маған гүмиске сат, егер қәлесең, оның орнына саған басқа бир бағ берейин», – дегенимде, ол маған: «Жүзим бағымды саған бермеймен», – деп жуўап берди, – деди. 7Ҳаялы Изабел Ахабқа: – Сиз Израилдың патшасына сай ис тутып атырсыз ба? Орныңыздан турып, нан жеп алың да, тынышланың. Изреелли Наботтың бағын сизге өзим алып беремен, – деди. 8Изабел Ахабтың атынан хат жазып, оны Ахабтың мөри менен тастыйықлады. Соң бул хатты Набот жасайтуғын қаланың ақсақаллары менен ақсүйеклерине жиберди. 9Хатта былай деп жазылған еди: «Ораза тутыўды жәриялап, Наботты халық арасындағы сыйлы орынға отырғызыңлар. 10Оның алдына: „Ҳәй Набот, сен Қудайға ҳәм патшаға тил тийгиздиң“, – деп гүўалық беретуғын еки жалахор адамды отырғызыңлар. Соңынан оны сыртқа алып шығып, тас боран қылып өлтириңлер». 11Набот жасайтуғын қаланың ақсақаллары менен ақсүйеклери Изабелдиң хат арқалы өзлерине жазған буйрығын орынлады. 12Олар ораза жәрия етип, Наботты халық арасындағы сыйлы орынға отырғызды. 13Соңынан еки жарамас адам келип, Наботтың қарсы алдына отырды ҳәм халықтың алдында: «Набот Қудайға ҳәм патшаға тил тийгизди», – деп гүўалық берди. Сонда Наботты қаланың сыртына алып шығып, тас боран қылып өлтирди. 14Кейин Изабелге: «Набот тас боран қылып өлтирилди», – деп хабар жиберди. 15Изабел Наботтың тас боран қылып өлтирилгенин еситиўден, дәрриў Ахабқа: – Барып, сизге гүмиске сатқысы келмеген изреелли Наботтың жүзим бағына ийелик етиң. Себеби ол енди жоқ, өлди, – деди. 16Ахаб изреелли Наботтың өлтирилгенин есите сала, оның бағын мүлик етип алыў ушын сол жерге кетти. 17Сол ўақытта Жаратқан Ийеден тишбели Илияс пайғамбарға мынадай сөз түсти: 18– Самариядағы Израил патшасы Ахабты көриўге бар. Ҳәзир ол Наботтың жүзим бағында, оны ийелеп алыў ушын сол жерге келди. 19Оған мына сөзлерди жеткиз: «Жаратқан Ийе былай дейди: Сен оны өлтирип, мүлкин де ийелеп алдың ба?» Және былай деп айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Ийтлер Наботтың қанын жалаған жерде, сениң қаныңды да жалайды». 20Ахаб Илиясқа: – Ҳәй, душпаным, мени таўып келдиң бе? – деди. Илияс оған былай деди: – Аўа, таўып келдим. Өйткени сиз Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеўге берилип кеткенсиз. 21Сол себепли Жаратқан Ийе былай дейди: «Сени апатқа ушыратып, күлиңди көкке суўыраман. Израилда Ахабтың нәсилинен болған пүткил еркек затын: ол қул болсын, азат болсын, ҳәммесин қырып таслайман. 22Израилды гүнаға баслап, Мениң ғәзебимди келтиргениң ушын, сениң үй-ишиңди Набат улы Яробам ҳәм Ахия улы Баашаның үй-иши сыяқлы қыламан». 23Және де, Жаратқан Ийе Изабел ҳаққында былай дейди: «Изабел Изреел қаласының дийўаллары ишинде ийтлерге жем болады. 24Ахабтың нәсилинен қалада өлгенлери ийтлерге, далада өлгенлери көктеги қусларға жем болады». 25Ахабтай болып, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеўге буншелли берилген адам болмады. Ҳаялы Изабел оны ийтермелеп туратуғын еди. 26Ахаб Жаратқан Ийе Израил халқы алдынан қуўып жиберген аморларға уқсап, бутларға табынып, жүдә жеркенишли ислерди иследи. 27Ахаб бул сөзлерди еситкенде, кийимлерин жыртып, аза кийимлерин кийди. Ораза тутты, аза кийими менен уйықлады ҳәм қайғырып жүрди. 28Сонда Жаратқан Ийеден тишбели Илияс пайғамбарға мынадай сөз түсти: 29– Ахабтың Мениң алдымда қандай бойсыныўшаң болып қалғанын көрдиң бе? Ол Маған бойсынғаны ушын, Өзим айтқан бәлелерди оның ўақтында емес, ал улының ўақтында оның үй-ишиниң басына жаўдыраман.
Copyright information for
KaaIBT22C