1 Kings 3
Сулайманның Қудайдан даналық сораўы
1Сулайман Мысыр патшасы фараонның қызларының бирине үйленип, фараон менен байланыс дүзди. Ол ҳаялын Даўыттың қаласына алып келди. Сулайман өз сарайын, Жаратқан Ийениң Үйин ҳәм Ерусалимниң әтирапындағы дийўалларды тиклегенше, ҳаялы сол жерде жасады. 2Халық еле сыйыныў орынларында қурбанлықлар беретуғын еди. Себеби сол ўақытқа шекем Жаратқан Ийениң атына арнап Үй қурылмаған еди. 3Сулайман әкеси Даўыттың көрсетпелери менен жүрип, Жаратқан Ийени сүйетуғын еди. Деген менен, ол да сыйыныў орынларында қурбанлықлар берип, түтеткилер түтететуғын еди. 4Патша қурбанлық бериў ушын Гибон қаласына кетти, себеби сыйыныў орнының ең баслысы сол жерде еди. Сулайман сол қурбанлық орында мың бас малды жандырылатуғын қурбанлыққа берди. 5Гибонда болғанда, Сулайман түнде түс көрди. Түсинде Жаратқан Ийе оған көринип: – Тиле тилегиңди, сорағаныңды беремен, – деди. 6Сулайман Оған былай деди: – Сен қулың болған әкем Даўытқа үлкен жақсылық иследиң. Себеби ол ҳақ ҳәм Саған садық болып, Сениң алдыңда шын жүректен туўры ислерди ислеп жүрди. Сен бүгин оған тахтына отыратуғын бир ул инам етип, оған үлкен жақсылық ислеўди даўам еттиң. 7О Қудайым Жаратқан Ийе, Сен Өз қулыңды әкем Даўыттың орнына патша етип қойдың. Бирақ мен еле жүдә жаспан, басқарыўға еле тәжирийбем жоқ. 8Қулың Өзиң таңлаған халықтың, көплигинен санап шығыў мүмкин болмаған уллы халықтың ортасында тур. 9Сонлықтан жаман менен жақсыны айырып билип, халқыңа бийлик етиўим ушын, маған ақылға толы бир жүрек бер. Болмаса, Сениң бул уллы халқыңды ким басқара алады? 10Сулайманның бул тилегине Ийемиздиң кеўли толды. 11Қудай Сулайманға былай деди: – Сен өзиң ушын узақ өмир, байлық ҳәм душпанларыңның өлимин тилемедиң, ал дурыс ҳүким жүргизиў ушын даналық сорадың. 12Мен сениң тилегиңди орынлайман. Саған даналыққа ҳәм ақылға толы жүрек беремен. Саған уқсағаны сеннен бурын болмаған ҳәм сеннен кейин де болмайды. 13Саған сорамағанларыңды да: байлық ҳәм даңқты да беремен. Өмириң бойы патшалар арасында саған тең келетуғыны болмайды. 14Егер сен де әкең Даўыт сыяқлы қағыйдаларыма ҳәм буйрықларыма бойсынып, Мениң жолларым менен жүрсең, саған узақ өмир де беремен. 15Сулайман оянғанда, буның түси екенин аңлады. Соңынан Ерусалимге келди. Ол Ийемиздиң Келисим сандығының алдында турып, жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықларын берди. Ол пүткил хызметшилери ушын үлкен зыяпат берди.Сулайманның дана ҳүкими
16Бир күни еки бузық ҳаял патшаның алдына келди. 17Ҳаяллардың бири патшаға былай деди: – Тақсыр! Мен мына ҳаял менен бир үйде жасайман. Бизлер бирге қалған ўақытта, мен босандым. 18Мен босанғаннан кейин, үшинши күни мына ҳаял да босанды. Бизлер бирге едик, үйде екеўимизден басқа ҳеш ким жоқ еди. 19Түнде мына ҳаял баласын астына басып алып, өлтирип қойыпты. 20Қулыңыз болған мен уйықлап атырғанымда, түн ортасында ол орнынан турып, мениң баламды жанымнан алып, өзиниң қойнына жатқарыпты. Ал өзиниң өлип қалған баласын болса, мениң қойныма салыпты. 21Таңда баламды емизиў ушын турғанымда, ол жансыз жатырған екен. Бирақ азанда дыққат пенен қарағанымда, оның мениң балам емес екенин билдим. 22Екинши ҳаял: – Яқ, тири бала меники, өлгени сеники, – деди. Биринши ҳаял: – Яқ, өлген бала сеники, ал тириси меники, – деди. Олар патшаның алдында усылай тартысып турды. 23Сонда патша: – Биреўиңиз: «Тири бала меники, ал өлгени сеники», – дейсиз. Екиншиңиз: «Өлген бала сеники, ал тириси меники», – дейсиз. 24Онда маған бир қылыш әкелиңлер! – деди. Қылыш алып келингенде, 25патша: – Тири баланы екиге бөлип, ярымын биреўине, қалған ярымын екиншисине бериңлер, – деп буйырды. 26Сонда баласына жаны ашып, жүреги сызлаған тири баланың анасы патшаға: – Тақсыр, өтинемен, тири баланы өлтирмең, оны мына ҳаялға бериң, – деди. Ал екинши ҳаял болса: – Бала саған да, маған да жоқ, оны екиге бөлиң, – деди. 27Сонда патша жуўап берип: – Тоқтаңлар, баланы өлтирмеңлер! Оны биринши ҳаялға бериңлер. Баланың анасы – сол болады, – деди. 28Пүткил израиллылар патша шығарған бул ҳүкимди еситип, патшаны ҳүрмет ететуғын болды. Себеби олар Сулайманда әдил ҳүким шығарыў ушын, Қудайдан берилген даналық бар екенин билди.
Copyright information for
KaaIBT22C