1 Kings 4
Сулайманның қол астындағы ҳәмелдарлары
1Сулайман пүткил Израилдың патшасы еди. 2Оның қол астындағы ҳәмелдарлары мыналар еди: Садоқ улы Азария – руўханий;3Шишаның уллары Элихореф пенен Ахия – хаткерлер;
Ахилуд улы Еҳошафат – дийўанбеги;
4Еҳояда улы Беная – сәркәрда;
Садоқ ҳәм Абиятар – руўханийлер;
5Натан улы Азария – үлке ҳәкимлериниң баслығы;
Натан улы Забуд – руўханий ҳәм патшаның мәсләҳәтшиси;
6Ахишар – сарай басқарыўшысы;
Абда улы Адонирам – мәрдикарға алынғанлар үстинен жуўапкер.
7Сулайманның пүткил Израил үлкелерин басқаратуғын он еки ҳәкими бар еди. Олар патшаны ҳәм оның үй-ишин азық-аўқат пенен тәмийинлеп туратуғын болып, олардың ҳәр бири жылына бир ай патшаны ҳәм оның үй-ишин азық-аўқат пенен тәмийинлеўи шәрт еди. 8Олардың атлары мыналар: Эфрайымның таўлы үлкесиниң ҳәкими Бен-Хур;
9Мақас, Шаалбим, Бейт-Шемеш, Элон-Бейт-Ханан қалаларының ҳәкими Бен-Декер;
10Сохо ҳәм пүткил Хефер жерлерин өз ишине алған Аруббот үлкесиниң ҳәкими Бен-Хесед;
11Пүткил Нафат-Дор үлкесиниң ҳәкими Сулайманның қызы Тафаттың күйеўи Бен-Абинадаб;
12Таанах, Мегиддо, Изреелдиң қубласындағы Саретанның жанындағы пүткил Бейт-Шеан ҳәм Бейт-Шеаннан Абел-Мехола менен Иоқмеамның арғы жағына дейин созылып жатырған үлкелердиң ҳәкими Ахилуд улы Баана;
13Гиладтағы Менашше урпағынан болған Яирге тийисли қалаларды ҳәм Башандағы Аргоб дөгерегиндеги дийўаллар менен қоршалып, дәрўазасына қола тәмби басылған үлкен алпыс қаланы өз ишине алған Гилад жериндеги Рамот қаласының ҳәкими Бен-Гебер;
14Маханайым үлкесиниң ҳәкими Иддо улы Ахинадаб;
15Нафталий үлкесиниң ҳәкими Сулайманның қызы Басематтың күйеўи Ахимаас;
16Ашер ҳәм Беалот үлкелериниң ҳәкими Хушай улы Баана;
17Иссахар үлкесиниң ҳәкими Паруах улы Еҳошафат;
18Бенямин үлкесиниң ҳәкими Эла улы Шимей;
19Гилад жериниң, яғный аморлардың патшасы Сихонның ҳәм Башан патшасы Огтың ески жерлериниң ҳәкими Урий улы Гебер. Ол сол үлкениң жалғыз ҳәкими еди.
Сулайманның бир күнлик керек-жарағы
20Яҳуда ҳәм Израил халқы теңиздиң қумындай көп болып, олар жеп-ишип шадлық ишинде жасады. 21Сулайман Евфрат дәрьясынан филистлердиң жерине ҳәм Мысыр шегараларына шекемги барлық патшалықлар үстинен ҳүкимдарлық етти. Олар Сулайманның өмири даўамында оған салық төлеп, хызмет етти. 22Сулайманның сарайының бир күнлик азық-аўқаты отыз кор ▼▼ Отыз кор – бир кор шама менен 220 л.
сапалы бийдай уны, алпыс кор ири тартылған бийдай уны, 23семиртилген он буға, жайлаўдан алынған жигирма буға, жүз қой, және де, суўынлар, жейранлар, антилопалар ҳәм семиз қуслардан ибарат еди. 24Сулайман Тифсахтан Газаға шекемги, Евфрат дәрьясының батысындағы пүткил патшалықлар үстинен ҳүкимдарлық етти. Ол әтираптағы барлық еллер менен тынышлықта жасады. 25Сулайманның дәўиринде Даннан Беер-Шебаға шекемги Яҳуда ҳәм Израил халқының ҳәр бири өзлериниң әнжир ҳәм жүзим ағашлары астында тыныш өмир сүрди. 26Сулайманның саўаш арбалары ушын төрт мың ▼ ат қорасы ҳәм он еки мың аты бар еди. 27Сол он еки ҳәкимниң ҳәр бири өзи ушын белгиленген бир ай даўамында патша Сулайманды ҳәм оның дастурханынан аўқат жейтуғынлардың ҳәммесин азық-аўқат пенен тәмийинлейтуғын еди. Олар бирде бир кемшиликке жол қоймайтуғын еди. 28Ҳәр бир ҳәким белгиленген жерге саўаш арбаларының атлары ҳәм шапқыр атлар ушын арпа менен сабан жеткизип туратуғын еди. Сулайманның даналығы
29Қудай Сулайманға мол даналық, ақыл ҳәм теңиз жағасындағы қум сыяқлы шексиз терең түсиниўшилик берди. 30Сулайманның даналығы пүткил шығыс халықларының даналығынан ҳәм Мысырдың пүткил даналығынан да үстин еди. 31Ол барлық адамлардан өткен дана болып, Эзрах нәсилинен болған Этаннан, Махолдың уллары Ҳеман, Калкол ҳәм Дардадан да дана еди. Оның даңқы әтираптағы пүткил халықларға жайылды. 32Ол үш мың нақыл-мақал айтты ҳәм оның бир мың бес қосығы бар еди. 33Сулайман Лебанон таўларындағы кедр ағашынан баслап, дийўалда өсип туратуғын майоран шөбине шекем сөз етти. Ол ҳайўанатлар, қуслар, жер баўырлаўшылар ҳәм балықлар туўралы да айтты. 34Ҳәмме халықлардан адамлар келип, Сулайманның дана сөзлерин тыңлайтуғын еди. Олар Сулайманның даналығы туўралы еситкен дүньяның барлық патшаларынан жиберилген еди.
Copyright information for
KaaIBT22C