‏ 1 Kings 5

Қудайдың Үйиниң қурылысына таярлық

1Тир патшасы Хирам Сулайманның майланып, әкеси Даўыттың орнына патша етип қойылғанын еситкенде, Сулайманды қутлықлаў ушын елшилерин жиберди. Себеби Хирам өмир бойы Даўытқа дос болып келген еди. 2Сулайман да Хирамға өз елшилерин жиберип, былай деди: 3«Өзиңиз билесиз, әкем Даўыт әтирапындағы душпанлары менен саўаш жүргизгенликтен, Қудайы Жаратқан Ийениң атына арнап Үй қура алмады. Жаратқан Ийе саўашларда душпанларын оның аяғының астына таслағанға шекем, ол бул исти қыла алмады. 4Енди Қудайым Жаратқан Ийе маған ҳәр тәреплеме тынышлық берди. Ҳәзир бирде бир душпаным да, дөнип турған қәўип те жоқ. 5Жаратқан Ийе әкем Даўытқа: „Мен сениң тахтыңа отырғызатуғын улың Мениң атыма арнап Үй қурады“, – деген еди. Сонлықтан мен Қудайым Жаратқан Ийениң атына арнап Үй қурыўды нийет еттим. 6Енди мен ушын Лебанон таўларынан кедр ағашларын кесиў ушын адамларыңызға буйрық берсеңиз. Мениң адамларым да сизиң адамларыңыз бенен бирге ислейди ҳәм мен сизиң адамларыңызға өзиңиз белгилеген мийнет ҳақыны төлеймен. Бизлерде ағаш кесиўде сидонлылар сыяқлы тәжирийбели адамлар жоқ екенин өзиңиз билесиз».

7Хирам Сулайманның бул сөзлерин еситкенде, қатты қуўанып: «Бүгин бул уллы бир халықты басқарыў ушын Даўытқа дана бир ул берген Жаратқан Ийеге алғыслар болсын!» – деди. 8Соңынан ол Сулайманға мына хабарды жиберди: «Маған жиберген хабарыңызды алдым. Кедр ҳәм сәрўи ағашларына байланыслы барлық тилеклериңизди орынлайман. 9Адамларым оларды Лебанон таўларынан теңизге алып келеди. Мен оларды сал етип буўдырып, теңиз арқалы айтқан жериңизге жеткизип беремен. Адамларым сол жерде салларды шешип, жыйып береди, сизлер алып кетесизлер. Сиз де тилегимди орынлап, мениң үй-ишимди азық-аўқат пенен тәмийинлесеңиз».

10Хирам Сулайманға керегинше кедр ҳәм сәрўи ағашларын берди. 11Сулайман болса, Хирамның үй-ишиниң азық-аўқаты ушын ҳәр жылы жигирма мың кор бийдай, жигирма кор сапалы зәйтүн майын берип турды. 12Жаратқан Ийе ўәде еткениндей, Сулайманға даналық берди. Сонлықтан Сулайман менен Хирам арасында татыўлық болып, олар өз ара келисим дүзди.

13Патша Сулайман қара жумыс ислетиў ушын пүткил Израилдан отыз мың адамды мәрдикарға алды. 14Гезек пенен ҳәр айда олардан он мыңын Лебанон таўларына жиберди. Олар бир ай Лебанон таўларында, еки ай үйлеринде болатуғын еди. Бул адамларға Адонирам басшылық етти. 15Және де, Сулайманның жүк тасыйтуғын жетпис мың адамы ҳәм таўларда тас кесетуғын сексен мың адамы бар еди. 16Булардан тысқары, Сулайман истиң барысын бақлап, жумысшыларды қадағалап туратуғын үш мың үш жүз қадағалаўшы тайынлады. 17Патшаның буйрығы бойынша, жумысшылар Үйдиң тийкарын жонылған таслардан қалаў ушын үлкен ҳәм сапалы тасларды кесип шығарды. 18Сулайманның ҳәм Хирамның адамлары гебаллылар менен бирге Үйдиң қурылысы ушын ағашлар менен тасларды жонып таярлады.
Copyright information for KaaIBT22C