‏ 1 Kings 6

Қудайдың Үйиниң қурылыўы

1Израил халқының Мысырдан шыққанына төрт жүз сексен жыл болғанда, Сулайманның Израил тахтына отырғанына төрт жыл болған еди. Ол сол жылдың екинши айында, яғный зиў айында Жаратқан Ийениң Үйиниң қурылысын баслады.

2Патша Сулайманның Жаратқан Ийеге арнап қурған Үйиниң узынлығы алпыс шығанақ, ени жигирма шығанақ, ал бийиклиги отыз шығанақ еди. 3Ибадатхана имаратының алдынғы жағындағы айўанның узынлығы Үй имаратының ениндей, яғный жигирма шығанақ, ал ени он шығанақ болды. 4Сулайман Үйге айна тәризли ойықлар ислетти. 5Ибадатхананың сыртын, яғный үлкен бөлмениң ҳәм ең төрги бөлмениң дийўалларын айландырып, үш қабатлы қосымша бөлмелер ислетти. 6Ең төменги қабаттың ени бес шығанақ, ортанғы қабаттың ени алты шығанақ, үшинши қабаттың ени жети шығанақ еди. Үйдиң дийўалларына ислеў бермеў ушын, бөлмелер текшеге уқсатып өрилген бөренелер арқалы Үйдиң дийўалларына бириктирилди.

7Үйдиң қурылысы ушын пайдаланылатуғын таслар кәнниң өзинде жонып таярланды. Үй қурылып атырғанда, шөккиштиң де, балтаның да, басқа темир әсбабының да сести еситилмеди. 8Ортадағы қосымша бөлмениң есиги Үйдиң қубла тәрепинде еди. Айланба текше арқалы ортанғы қабатқа, оннан үшинши қабатқа өтетуғын еди. 9Сулайман Үйди қурып тамамлады. Төбесин кедр бөренелер ҳәм кедр ағашынан исленген тахталар менен бастырды. 10Және де, ол пүткил Үйди айландырып, ҳәр бириниң бийиклиги бес шығанақ болған қосымша бөлмелер салдырды. Олар Үй дийўалына кедр бөренелер менен бекитилди.

11Жаратқан Ийеден Сулайманға мынадай сөз түсти:

12– Мине, сен Үй қурып атырсаң. Егер сен Мениң қағыйдаларымды, нызам ҳәм буйрықларымды орынлап жүрсең, онда Мен әкең Даўытқа берген сөзимди сен арқалы орынлайман. 13Мен израиллылар арасында жасап, халқым Израилды ҳеш қашан тәрк етпеймен.

14Солай етип, Сулайман Үйди қурып питкерди. 15Ол Үйдиң ишки дийўалын еденнен төбеге шекем кедр ағашынан исленген тахталар менен қаплады, ал еденине сәрўи ағашынан исленген тахталар төсетти. 16Үйдиң арқа тәрепиниң ең төрин еденнен төбесине дейин кедр тахталар менен бөлдирип, узынлығы жигирма шығанақ болған бир бөлме ажыраттырды. Ол жер Ең мухаддес бөлме деп аталды. 17Ең мухаддес бөлмениң алдындағы үлкен бөлмениң узынлығы қырық шығанақ еди. 18Дийўалдағы таслар көринбеўи ушын Үйдиң ишин қаплап турған кедр тахталарға асқабақлар ҳәм асылып турған гүллер ойып салынды.

19Үйдиң ишиндеги ең төрги бөлме Жаратқан Ийениң Келисим сандығын қойыў ушын таярланды. 20Бул бөлмениң узынлығы жигирма шығанақ, ени жигирма шығанақ ҳәм бийиклиги де жигирма шығанақ еди. Сулайман усы бөлмени де, кедр ағашынан исленген түтетки түтетилетуғын орынды да сап алтын менен қаплатты. 21Сулайман Үйдиң ишин де сап алтын менен қаплатып, алтын менен қапланған төрги бөлмениң алдына алтын менен қапланған шынжырлар тарттырды. 22Үйдиң иши бастан-аяқ ҳәм ең төрги бөлмениң алдындағы түтетки түтетилетуғын орын алтын менен қапланды. 23Ең төрги бөлмеге қойыў ушын зәйтүн ағашынан исленген, ҳәр бириниң бийиклиги он шығанақ болған еки керуб
Керуб – қанатлы руўхый барлық.
исленди.
24Ҳәр қанаты бес шығанақ болған керубтың жайылған еки қанатының узынлығы он шығанақ болды. 25Екинши керубтың да жайылған қанаты он шығанақ болып, еки керубтың өлшеми де, көриниси де бирдей еди. 26Еки керубтың да бийиклиги он шығанақ еди. 27Сулайман керубларды Үйдиң Ең мухаддес бөлмесиниң ортасына қойды. Керублардың жайылған қанатларының бир ушы бөлмениң дийўалларына тийип, екинши ушлары бөлмениң ортасында бир-бирине тийисип турды. 28Сулайман керубларды да алтын менен қаплатты.

29Үйдиң ишки ҳәм сыртқы бөлмелериниң ҳәмме дийўалларына айландырып керублардың, пальма ағашларының ҳәм ашылып турған гүллердиң көринислерин ойып салдырды. 30Усы еки бөлмениң еденлерин де алтын менен қаплатты.

31Ең төрги бөлмениң кирер аўзына зәйтүн ағашынан жақлаўы бес қырлы болған жарма қапы ислетти. 32Ол зәйтүн ағашынан исленген жарма қапыларға керублардың, пальма ағашларының ҳәм ашылып турған гүллердиң көринисин ойып салдырып, қапыларды алтын менен қаплатты. Керублар менен пальма ағашларының сүўретлерин де алтын менен қаплатты. 33Үлкен бөлмениң кирер аўзына да зәйтүн ағашынан төрт мүйешли жақлаў ислетип, 34жақлаўға жыйналатуғын еки жарма қапыны сәрўи ағашынан ислетти. 35Буларға да керублардың, пальма ағашларының ҳәм ашылып турған гүллердиң көринислерин ойып салдырып, оларды алтын менен қаплатты.

36Ол ишки ҳәўли қурдырып, оның дийўалларын үш қатар жонылған тастан ҳәм бир қатар кедр ағашынан ислетти.

37Сулайман өз патшалығының төртинши жылының зиў айында Жаратқан Ийениң Үйиниң тийкарын қойған еди. 38Ал он биринши жылдың сегизинши айы болған буўл айында Үй алдын ала белгиленгениндей етип, барлық майда-шүйдесине шекем қурып болынды. Сулайман Үйди жети жылда қурып болды.
Copyright information for KaaIBT22C