1 Kings 7
Сулайманның сарайы
1Сулайман өзи ушын да сарай қурдырып, оны он үш жылда толық тамамлады. 2Ол қурдырған Лебанон тоғайы деп аталатуғын имараттың узынлығы жүз шығанақ, ени елиў шығанақ, бийиклиги отыз шығанақ еди. Имарат төрт қатар етип қойылған кедр өрелерден ҳәм олардың үстине қойылған кедр бөренелерден ибарат еди. 3Өрелердиң үстине, ҳәр қатарға он бес бөренеден қойылған болып, усы қырық бес бөренениң үстине кедр тахталар төселген еди. 4Имараттың еки тәрепиндеги айналары үш қатардан ибарат болып, олар бир-бирине қарап турған еди. 5Барлық қапылар ҳәм олардың жақлаўлары төрт мүйешли еди. Айналар болса, үш қатар етип, бир-бирине қарама-қарсы қурылған еди. 6Сулайман узынлығы елиў шығанақ, ени отыз шығанақ болған өрели бир айўан ислетти. Айўанның алдында өрелер қойылып, үсти бастырылған шертек бар еди. 7Және де, тахт туратуғын, яғный ол жерде өзи отырып қазылық ететуғын Ҳүким шығарыў айўанын қурдырды. Оны еденинен төбесине шекем кедр тахталар менен қаплатты. 8Усы айўанның арқа тәрепиндеги Сулайман жасайтуғын сарай да усы тақылетте салынған еди. Сулайман ҳаялы, фараонның қызы ушын да анық усындай бир сарай қурып берди. 9Бул имаратлардың ҳәммеси иши ҳәм сырты тийкарынан төбесине дейин ҳәм сыртынан үлкен ҳәўлиге дейин жарғылар менен кесилип, еки тәрепи де жонылған ҳәм белгиленген өлшем бойынша таярланған сапалы таслардан салынған еди. 10Тийкары он шығанақ ҳәм сегиз шығанақ келетуғын үлкен, сапалы таслардан қаланды. 11Дийўалы да өлшем бойынша кесилген сапалы таслардан өрилип, дийўал ушын кедр ағашы да пайдаланылды. 12Үлкен ҳәўлиниң айналасы жонылған тастан үш қатар ҳәм кедр бөренеден бир қатар етип, айландырып өрилген еди. Жаратқан Ийениң Үйиниң ишки ҳәўлисиниң ҳәм айўанының дийўаллары да усылай исленген еди.Хирамның хызмети
13Патша Сулайман хабар жиберип, Тирден Хирамды алдырды. 14Оның анасы Нафталий урыўынан болған бир жесир ҳаял, ал әкеси тирли мыскер еди. Хирам қоладан зат ислеў уқыбын, шеберлигин ҳәм қәбилетин ийелеген уста еди. Ол патша Сулайманға келип, оның барлық ислерин орынлады. 15Хирам қоладан еки өре иследи. Олардың ҳәр бириниң бийиклиги он сегиз шығанақ, ал ҳәр бириниң айнала өлшеми он еки шығанақ келетуғын еди. 16Және де, өрелердиң үстине қойыў ушын, қоладан еки төбелик қуйып иследи. Олардың ҳәр бириниң бийиклиги бес шығанақ еди. 17Өрениң төбелигиниң ҳәр бири торға уқсатып өрилген шынжырлар менен безелди. 18Ол өрелердиң жоқарысындағы төбеликлерди жаўып турыў ушын, ҳәр бир торды еки қатар етип айландырып, қола анарлар менен безеди. 19Айўандағы өрелердиң төбеликлери лала гүллерге уқсатып исленип, олардың ҳәр бириниң бийиклиги төрт шығанақ еди. 20Ҳәр бир өрениң төбесиндеги тордың жанындағы кесеге уқсаған бөлегиниң үстине айландырып, еки жүзден анар салынған еди. 21Хирам бул өрелерди Ибадатхананың айўанына орнатып, оның қубладағысын Яхин ▼▼ Яхин – «Ол беккемлейди» дегенди билдириўи мүмкин.
, арқадағысын Боаз ▼▼ Боаз – «Онда қүдирет бар» дегенди билдириўи мүмкин.
деп атады. 22Өрелердиң төбеликлери лала гүл тақылетте еди. Солай етип, өрелерге байланыслы ислер тамам болды. 23Хирам қоладан қуйма ҳәўиз жасады. Ол домалақ болып, оның бир ернегинен екинши ернегине шекемги аралығы он шығанақ, тереңлиги бес шығанақ, айлана узынлығы отыз шығанақ еди. 24Ҳәўиз қуйылған ўақытта, оның ернегиниң астына еки қатар етип асқабаққа уқсаған нағыслар қосып қуйылған болып, олар ҳәр бир шығанаққа он-оннан туўры келетуғын еди. 25Ҳәўиз он еки қуйма буғаның үстине орнатылған болып, олардың үшеўи арқаға, үшеўи батысқа, үшеўи қублаға, үшеўи шығысқа қарап турған еди. Буғалардың артқы жағы ҳәўиздиң астында, иште еди. 26Ҳәўиздиң қалыңлығы төрт ели болып, ернеги кесениң ернегине, ашылып турған лала гүлге уқсайтуғын еди. Ҳәўизге еки мың бат ▼▼ Еки мың бат – бир бат шама менен 22 л.
суў сыятуғын еди. 27Хирам қоладан он түбелдирик иследи. Ҳәр бир түбелдириктиң узынлығы төрт шығанақ, ени төрт шығанақ, бийиклиги үш шығанақ еди. 28Түбелдириклердиң дүзилиси мынадай еди: түбелдириклер жақлаўларға бекитилген төрт мүйешли қола тахталардан исленди. 29Тахталарға, сондай-ақ жақлаўларға да арыслан, буға ҳәм керублардың сүўретлери салынды. Ал арыслан ҳәм буғалардың сүўретлериниң асты менен үстине аспа гүлшеңберлери ойып исленди. 30Ҳәр бир түбелдириктиң қоладан исленген төрт дөңгелеги ҳәм оғы бар еди. Түбелдириктиң төрт тәрепине ләгенди услап турыў ушын қуйма тирепбердилер исленип, олардың ҳәр бир тәрепи гүлшеңберлер менен безетилген еди. 31Түбелдириктиң үсти бетинде ләген қойыў ушын арналған дөңгелек ойық бар болып, ләген түбелдириктен жоқары қарай бир шығанақ шығып турған еди. Оның түбине дейинги тереңлиги бир ярым шығанақ еди. Ойықтың айнала дөгерегинде ойма нағыслар бар еди. Бирақ түбелдириклердиң тахталары дөңгелек емес, төрт мүйешли еди. 32Түбелдириктиң тахталарының асты бетинде төрт дөңгелек бар болып, оның оғы түбелдирикке қатырылған еди. Ҳәр бир дөңгелектиң бийиклиги бир ярым шығанақ еди. 33Дөңгелеклер саўаш арбаларының дөңгелеклерине уқсайтуғын еди. Оның ҳәмме нәрсеси: оқлары, тоғыны, кегейи ҳәм гүпшеги қуйма еди. 34Ҳәр бир түбелдириктиң төрт мүйешинде түбелдирикке қатырылған төрт тирепберди бар еди. 35Түбелдириктиң үстинде ярым шығанақ бийикликте бир домалақ ҳалқа бар еди. Түбелдириктиң тирепбердилери менен тахталары түбелдирикке бириктирип исленген еди. 36Хирам тирепбердилер менен тахталарға сыйғанынша керублардың, арысланлардың, пальма ағашларының сүўретлерин, ал айналасына гүлшеңберлерди ойып салды. 37Усылайынша, ол он түбелдирик иследи. Олардың ҳәммесиниң қуйылыўы да, өлшеми де, көриниси де бирдей болды. 38Хирам он түбелдириктиң үстине қойыў ушын қоладан он ләген иследи. Ҳәр бир ләгенниң ени төрт шығанақ болып, оның ҳәр бирине қырық бат суў кететуғын еди. 39Түбелдириктиң бесеўин Үйдиң қубла тәрепине, бесеўин арқа тәрепине қойды. Ал ҳәўизди болса, Үйдиң оң тәрепине, яғный қубла-шығысына қойды. 40Буннан соң, Хирам күл салынатуғын ыдыслар, күл алатуғын белшелер ҳәм қан себетуғын табақлар соқты. Солай етип, Хирам патша Сулайманның тапсырмасы бойынша Жаратқан Ийениң Үйи ушын ислеп атырған мына ислерин тамамлады: 41еки өре, өрелердиң төбесине қойылатуғын еки төбелик, өрелердиң төбелерин орап турған еки тор, 42өрениң төбелигин жаўып турыў ушын арналған ҳәр бир тордағы еки қатар анар, яғный еки тордағы төрт жүз анар, 43он түбелдирик ҳәм түбелдирик үстине он ләген, 44ҳәўиз ҳәм ҳәўиздиң астындағы он еки буға, 45күл салынатуғын ыдыслар, күл алатуғын белшелер ҳәм қан себетуғын табақлар. Хирамның патша Сулайманға Жаратқан Ийениң Үйи ушын ислеп берген ҳәмме нәрсеси жылтыратылған қоладан исленди. 46Патша буларды Иордан тегислигинде, Суккот пенен Саретан арасындағы саз ылайлы жерлерде қуйдырды. 47Буйымлар соншелли көп болғанлықтан, Сулайман олар ушын кеткен қоланың өлшемин анықламады. 48Сулайман Жаратқан Ийениң Үйи ушын төмендеги затларды: алтыннан исленген түтетки түтетилетуғын орынды, усынылған нанлар туратуғын столды, 49ең төрги бөлмеге кирер аўызда, оң тәрепте туратуғын бес шыра қойғыш пенен шеп тәрепте туратуғын бес шыра қойғышты, гүллерди, шыраларды ҳәм пилик тазалайтуғын қысқышларды, 50қырмаларды, пилик кескишлерди, қан себетуғын табақларды, түтетки салатуғын тостағанларды ҳәм шоқ салынатуғын ыдысларды, Ибадатхананың ең төрги бөлмесиниң, яғный Ең мухаддес бөлмениң ҳәм үлкен бөлмениң қапыларының топсаларын алтыннан ислетти. 51Патша Сулайман Жаратқан Ийениң Үйине тийисли болған ислерди тамамлағаннан соң, әкеси Даўыттың атаған гүмис, алтын ҳәм басқа затларын әкелип, Үйдиң қазнасына қойды.
Copyright information for
KaaIBT22C