1 Kings 8
Келисим сандығының алып келиниўи
1Патша Сулайман Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Даўыттың қаласы болған Сионнан алып келиў ушын Израилдың ақсақалларын, Израил халқының барлық урыў ҳәм әўлад басшыларын Ерусалимге шақырды. 2Ҳәмме жетинши ай болған этаним айындағы байрам ўақтында Сулайман патшаның алдына жыйналды. 3Израил ақсақалларының ҳәммеси жыйналғанда, руўханийлер Келисим сандығын жерден көтерип алды. 4Руўханийлер менен лебийлилер Жаратқан Ийениң Келисим сандығын, Ушырасыў шатырын ҳәм шатырдағы ҳәмме мухаддес буйымларды тасыды. 5Патша Сулайман ҳәм оның жанындағы пүткил Израил жәмийети Келисим сандығының алдында, сан-санақсыз қой ҳәм буғаларды қурбанлыққа шалды. 6Руўханийлер Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Үйдиң ең төрине, Ең мухаддес бөлмеге киргизип, керублардың қанатларының астындағы өз орнына қойды. 7Керублардың қанатлары сандықтың үсти бойлап созылып, сандықты да, оның сырықларын да жаўып турды. 8Сырықлар жүдә узын болғанлықтан, олардың ушлары төрги бөлмениң алдындағы Мухаддес бөлмеден көринип туратуғын еди. Бирақ олар сырттан көринбейтуғын еди. Олар ҳәзир де сол жерде тур. 9Сандықтың ишинде Муўсаның Хореб таўында қойған еки тас тахтасынан басқа ҳеш нәрсе жоқ еди. Булар Мысыр жеринен шыққанда Жаратқан Ийениң израиллылар менен дүзген келисими жазылған тас тахталар еди. 10Руўханийлер Мухаддес бөлмеден шыққанда, бир булт Жаратқан Ийениң Үйин толтырды. 11Бул булт себепли руўханийлер хызметин даўам еттире алмады. Себеби Жаратқан Ийениң салтанаты Үйди толтырып турған еди. 12Сонда Сулайман былай деди: – Жаратқан Ийе! Сен: «Қойыў бултлар ишинде мәкан қурыўды қәлеймен», – деп айтқан едиң. 13Мен Сен ушын салтанатлы бир Үй, мәңгиге жасайтуғын бир қоныс қурдым.Сулайманның халыққа айтқан сөзлери
14Патша бурылып, тик аяқта турған пүткил Израил жәмийетине пәтия берди. 15Соңынан патша былай деди: – Әкем Даўытқа Өз аўзы менен айтқан сөзлерин Өз қоллары менен орынлаған Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Ол былай деген еди: 16«Халқым Израилды Мысырдан алып шыққан күннен бери Өзимниң атыма арнап бир Үй қурыў ушын, Израил урыўларына тийисли қалалардың ҳеш бирин таңламадым. Ал халқым Израилды басқарыў ушын Даўытты таңладым». 17Әкем Даўыттың жүрегинде Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң атына арнап Үй қурыў қәлеўи бар еди. 18Бирақ Жаратқан Ийе әкем Даўытқа: «Мениң атыма арнап Үй қурыўды нийет етипсең. Бул жақсы нийет. 19Деген менен, Мениң атыма арнап бул Үйди сен емес, ал сениң бел балаң қурады», – деди. 20Жаратқан Ийе берген сөзин орынлады. Жаратқан Ийениң айтқанындай, әкем Даўыттан соң Израил тахтына мен отырдым ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң атына арнап Үй қурдым. 21Усы Үйдиң ишинде мен Жаратқан Ийениң Келисим сандығын қоятуғын бир орын таярладым. Ата-бабаларымызды Мысырдан алып шыққанда, Жаратқан Ийениң олар менен дүзген келисими усы сандықтың ишинде тур.Сулайманның дуўасы
22Сулайман Жаратқан Ийеге арналған қурбанлық орынның алдында, пүткил Израил жәмийетиниң қарсысында турып, қолларын көклерге жайып былай деди: 23– Жаратқан Ийе, Израилдың Қудайы! Көкте де, жерде де Саған тең келетуғын қудай жоқ. Сен Өзиңе шын жүректен бойсынып жүрген қулларың менен дүзген келисимиңе садық қалып, оларға мийримиңди көрсетесең. 24Сен Өз қулыңа, әкем Даўытқа Өз аўзың менен айтқан сөзлериңди бүгин Өз қолларың менен иске асырдың. 25Жаратқан Ийе, Израилдың Қудайы! Енди әкем Даўытқа берген мына сөзиңниң де орынланыўын қәлеймен. Сен оған: «Егер урпақларың да саған уқсап, Мениң алдымда өз жолларынан адаспай жүрсе, сениң урпағыңнан Израил тахтында отыратуғын ер адамның изи үзилмейди», – деген едиң. 26Израилдың Қудайы, енди Өз қулың, әкем Даўытқа берген сөзиңди орынлай гөр! 27Ырасында да, Қудай жер бетинде жасар ма еди? Сен көклерге, көклердиң көклерине де сыймайсаң. Оның алдында мен қурған мына Үй не болыпты?! 28Солай болса да, Қудайым Жаратқан Ийе, қулыңның дуўаларын ҳәм өтинишлерин еситип, бүгин оның жалбарыныўларына ҳәм дуўасына қулақ сал. 29Көзлериң күни-түни: «Мениң атым сол жерде болады», – деп Өзиң айтқан Үйде болсын ҳәм қулыңның сол жерге қарап еткен дуўасын есит. 30Усы жерге қарап дуўа еткенинде, қулыңның ҳәм халқың Израилдың жалбарыныўларын есите гөр. Көклердеги Өз мәканыңнан оларға қулақ тутып, оларды кешире гөр. 31Егер биреў өз жақынына қарсы гүна ислеўде айыпланса ҳәм оннан ант ишиў талап етилсе, ол келип, усы Үйдеги Сениң қурбанлық орның алдында ант ишсе, 32Сен оларға көклерден қулақ салып, қулларыңды Өзиң ҳүким ете гөр. Жазықлыны исине сай жазалап, жазықсызды әдиллигине сай ақлай гөр. 33Егер халқың Израил Сениң алдыңда гүна ислегени ушын душпанларынан жеңилсе ҳәм қайтадан Саған жүз бурып, атыңды тән алса ҳәм усы Үйде дуўа етип, Саған жалбарынса, 34онда Сен оларға көклерден қулақ салып, Өз халқың Израилдың гүналарын кешире гөр ҳәм оларды ата-бабаларына Өзиң берген жерге қайтара гөр. 35Олар Саған қарсы гүна ислегени ушын аспан жабылып, жаўын жаўмағанда, олар усы жерге қарап дуўа етсе, атыңды тән алса ҳәм Сен оларды жазалағаныңда, гүналарынан жүз бурса, 36онда Сен оларға көклерден қулақ салып, қулларыңның ҳәм халқың Израилдың гүналарын кешире гөр, оларға жүриўи тийис болған туўры жолды көрсет ҳәм халқыңа мүлик етип берген жериңе жаўын жаўдыра гөр. 37Егер елде ашлық болса, иллет пайда болса, егинлер қуўраса, кеселленсе, шегиртке ҳәм қурт қапласа, душпанлар келип, өз қалаларының биринде қамал қылса, қандай да бир апатшылық басына түссе ямаса иллет тарқаса, 38сонда бир адам ямаса пүткил халқың Израил дуўа етип, жалбарынса, ҳәр бир адам өзиниң басына түскен апатшылықты сезип, усы Үйге қарай қолларын жайса, 39Сен көклердеги Өз мәканыңнан оларға қулақ сала гөр ҳәм оларды кеширип, ислеген ислерине қарай жуўап бере гөр. Себеби адам баласының жүрегинде не барын тек Сен ғана билесең. 40Олар Өзиң ата-бабаларымызға берген бул жерде өмир бойы Сеннен қорқып жасасын. 41Егер халқың Израилдан болмаған жат жерли адам Сениң атың себепли узақ елден келсе, 42Сениң уллы атың, қүдиретли қолың ҳәм Өз халқыңа қол созғаның ҳаққында еситип, усы Үйге келип дуўа етсе, 43көклердеги Өз мәканыңнан оған қулақ салып, сорағанларын бере гөр. Солай етип, дүньядағы барлық халықлар халқың Израил сыяқлы Сениң атыңды билип, Сеннен қорқсын ҳәм мен қурдырған усы Үйдиң Саған сыйынатуғын орын екенин билсин. 44Егер халқың Сен жиберген жол бойынша душпанларына қарсы саўашқа шықса ҳәм Сен таңлап алған қала менен Сениң атыңа арнап мен қурған усы Үйге қарап Саған, яғный Жаратқан Ийеге дуўа етсе, 45көклерден олардың дуўаларына ҳәм жалбарыныўларына қулақ сала гөр ҳәм оларға жәрдем бере гөр. 46Егер олар Саған қарсы гүна ислесе, себеби гүна ислемеген бирде бир адам жоқ, Сен ғәзепленип, оларды душпанға тәслим етсең ҳәм душпан оларды тутқын етип, өзиниң жақын ямаса узақ бир елине алып кетсе, 47олар да тутқын болған елде жүрип, есин жыйып алғаннан кейин тәўбеге келип: «Гүна иследик, нызамсызлық қылдық, айыпдармыз», – деп жалбарынса, 48олар өзлерин тутқын қылған душпан елинде жүрип, шын жүректен ҳәм жан-тәни менен Саған жүз бурса, өзлериниң ата-бабаларына берген жерине, Сен таңлап алған қалаға ҳәм Сениң атыңа арнап мен қурған Үйге қарап дуўа етсе, 49көклердеги Өз мәканыңнан олардың дуўа ҳәм жалбарыныўларына қулақ сала гөр ҳәм оларды қутқара гөр. 50Сениң көз алдыңда гүна ислеген халқыңды, олардың Саған қарсы ислеген барлық гүналарын кешире гөр. Оларды тутқын еткенлердиң оларға реҳимли болыўы ушын, оларды тутқын еткенлерге инсап бере гөр. 51Себеби олар Мысырдан, темир ошақ ишинен Өзиң алып шыққан Өз халқың ҳәм Өз мийрасың. 52Көзлериң мениң ҳәм халқың Израилдың жалбарыныўларында болсын. Саған жалбарынғанда бәрқулла оларды еситип, жуўап бере гөр. 53Себеби, Қудай Ийе! Сен ата-бабаларымызды Мысырдан алып шыққаныңда қулың Муўсаға айтқаныңдай, пүткил дүнья халықлары арасынан оларды Өзиңе мийрас етип ажыратып алдың. 54Сулайман Жаратқан Ийеге дуўа етиўин ҳәм жалбарыныўларын тамамлағаннан соң, Жаратқан Ийениң қурбанлық орны жанынан, қолларын көклерге жайыўы менен диз шөккен жерден турды. 55Ол тик турып, қатты даўыс пенен пүткил Израил жәмийетине былай деп пәтия берди: 56– Өз сөзинде турып, халқы Израилға тынышлық берген Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Оның қулы Муўса арқалы айтқан ийгиликли сөзлериниң ҳеш бири орынланбай қалмады. 57Қудайымыз Жаратқан Ийе ата-бабаларымыз бенен бирге болғаны сыяқлы, бизлер менен де бирге болсын, бизлерди тәрк етпесин ҳәм таслап кетпесин. 58Өзиниң жолларынан жүриўимиз, ата-бабаларымызға берген буйрықларына, қағыйдаларына ҳәм нызамларына бойсынып жасаўымыз ушын, бизлердиң жүреклеримизди Өзине қаратсын. 59Аўа, Жаратқан Ийе алдында жалбарынып айтқан бул сөзлерим күни-түни Қудайымыз Жаратқан Ийениң ядында болып, бул қулының ҳәм халқы Израилдың күнделикли мүтәжликлерин берип турсын. 60Солай етип, барлық халықлар Жаратқан Ийениң Қудай екенин ҳәм Оннан басқа қудай жоқ екенин билип қойсын. 61Бүгингидей, Оның қағыйдалары бойынша жасаў ҳәм буйрықларын орынлаў ушын, жүрегиңизди Қудайымыз Жаратқан Ийеге толық бағышлаңлар.Үйдиң бағышланыўы
62Соңынан патша ҳәм пүткил Израил халқы Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық шалды. 63Сулайман жигирма еки мың бас буға ҳәм бир жүз жигирма мың бас қойды Жаратқан Ийеге арнап, татыўлық қурбанлығы ушын шалды. Солай етип, патша ҳәм пүткил Израил халқы Жаратқан Ийениң Үйин бағышлады. 64Усы күни патша Жаратқан Ийениң Үйиниң алдындағы ҳәўлиниң ортанғы бөлегин де мухаддес қылып айырып, жандырылатуғын қурбанлықларды, ғәлле садақаларын ҳәм татыўлық қурбанлықларының майларын сол жерде берди. Өйткени Жаратқан Ийениң алдындағы қоладан исленген қурбанлық орынға жағылатуғын қурбанлықлар, ғәлле садақалары ҳәм татыўлық қурбанлықларының майлары сыймай кетти. 65Сонда Сулайман ҳәм үлкен жәмийет – Лебо-Хаматтан Мысыр шегарасындағы сайға дейинги жерлерден келген пүткил Израил халқы Қудайымыз Жаратқан Ийениң алдында еки ҳәпте, улыўма он төрт күн байрамлады. 66Жети күнлик байрам тамам болғаннан кейин, сегизинши күни Сулайман халыққа рухсат берди. Олар да патшаға пәтия берип, Жаратқан Ийениң қулы Даўытқа ҳәм халқы Израилға ислеген жақсылықлары ушын кеўли толып, қуўаныш пенен үйлерине қайтты.
Copyright information for
KaaIBT22C