1 Samuel 1
Самуелдиң туўылыўы
1Эфрайымның таўлы үлкесиниң Рама қаласында Эфрайым урыўының Суф тийресинен болған Элқана деген бир адам жасайтуғын еди. Ол Суфтың қуўлығы, Тохудың шаўлығы, Элиҳудың ақлығы ҳәм Ерохамның улы еди. 2Элқананың Ханна ҳәм Пенинна атлы еки ҳаялы бар еди. Пениннаның балалары болды, ал Ханна қурсақ көтермеди. 3Элқана Әлемниң Жаратқан Ийесине сыйынып, Оған қурбанлық бериў ушын ҳәр жылы өз қаласынан Шилоға баратуғын еди. Ол жерде Элийдиң еки улы Хофний ҳәм Пинехас Жаратқан Ийениң руўханийлери еди. 4Элқана қурбанлық шалған күни ҳаялы Пениннаға ҳәм оның ул-қызларына пайларын бергенде, 5Ханнаға жақсы жеринен пай беретуғын еди. Себеби Қудай Ханнаны нәсилсиз қылып қойған болса да, Элқана оны сүйетуғын еди. 6Бирақ Пенинна Жаратқан Ийениң перзент бермегенин күндесиниң бетине басып, оған бәрқулла азап беретуғын еди. 7Бул ҳәр жылы даўам етти. Ханна Жаратқан Ийениң Үйине ҳәр келгенде, күндеси оған азап беретуғын еди. Ал ол жылап, ҳеш нәрсе жемейтуғын еди. 8Сонда күйеўи Элқана оған: «Ханна, неге жылайсаң, неге аўқат жемейсең? Неге буншама қайғылысаң? Мен сен ушын он улдан артық емеспен бе?» – дейтуғын еди. 9Бир күни олар Шилода ишип-жеп болғаннан кейин, Ханна орнынан турды. Сонда руўханий Элий Жаратқан Ийениң Ибадатханасының кирер аўзындағы өз орынлығында отыр еди. 10Ханнаның жүреги қайғыға толып, өксип жылаўы менен Жаратқан Ийеге дуўа етти. 11Ол былай деп ўәде берди: «Әлемниң Жаратқан Ийеси! Егер Сен қулыңның қайғысына нәзер салып, мени еске алсаң ҳәм Өз қулыңды умытпай, оған бир ул сыйласаң, мен оны өмир бойы Саған бағышлайман. Оның басына ҳеш қашан пәки тиймейди». 12Ханна Жаратқан Ийеге усылай дуўа етиўин даўам етип турғанда, Элий оның аўзын гүзетип отырды. 13Ханна ишинен дуўа еткенликтен, оның тек еринлери жыбырлап турды, ал даўысы еситилмеди. Сол себептен Элий оны мәс деп ойлап қалды. 14Элий оған: – Мәскүнемликти қашанға шекем даўам етесең? Ишкенди тоқтат, – деди. 15Сонда Ханна Элийге: – Яқ, мырзам, олай емес. Мен бир қайғыға батқан ҳаялман. Мен шарап та, өткир ишимлик те ишкен жоқпан. Тек жүрегимдеги қайғымды Жаратқан Ийеге төгип атырман. 16Қулыңызды уятсыз ҳаял деп ойламаңыз. Қайғы-ҳәсиретим күшли болғанлықтан, усы ўақытқа дейин жалбарынып турман, – деп жуўап берди. 17Сонда Элий оған: – Аман-есен қайта бер. Израилдың Қудайы тилегиңди орынласын, – деди. 18Ханна оған: – Маған кеўлиңиз толсын, – деди де, өз жолына түсти. Соңынан ол аўқатланды, оның жүзи де бурынғыдай қайғылы болмады. 19Олар ертеңине азанда ерте турып, Жаратқан Ийеге сыйынғаннан соң, Рамадағы өз үйине қайтып келди. Элқана ҳаялы Ханна менен жақынласты ҳәм Жаратқан Ийе Ханнаны есине алды. 20Ханна ҳәмиледар болып, ўақты келгенде ул туўды. Ханна: «Мен оны Жаратқан Ийеден тилеп алғанман», – деп оған Самуел ▼▼ Самуел – «Қудай еситти» деген мәнисти билдириўи мүмкин.
деп ат қойды. Ханнаның Самуелди Қудайға бағышлаўы
21Элқана Жаратқан Ийеге жыллық қурбанлығын ҳәм ўәде етип атаған қурбанлығын бериў ушын пүткил хожалығы менен бирге Шилоға кетти. 22Бирақ Ханна олар менен бирге кетпеди. Ол күйеўине: – Бала емшектен шыққаннан кейин, оны Жаратқан Ийеге хызмет етиўге алып бараман. Ол Жаратқан Ийениң алдында болып, мәңгиге сол жерде қалады, – деди. 23Күйеўи Элқана оған: – Нени мақул тапсаң, соны исле. Баланы емшектен шығарғаныңша, усы жерде бол. Жаратқан Ийе саған ўәдеңде турыўға жәрдем берсин, – деди. Солай етип, Ханна улын емшектен шығарғанға шекем үйде болып, оны емизди. 24Бала емшектен шыққаннан соң, Ханна баланы, үш жасар буғаны, бир эфа ▼▼ Бир эфа – шама менен 22 л.
унды ҳәм бир мес шарапты алып, Жаратқан Ийениң Шилодағы Үйине барды. Бала еле жас еди. 25Олар буғаны шалғаннан кейин, баланы Элийге апарды. 26Соңынан Ханна Элийге былай деди: – О, мырзам! Алдыңызда ант ишип айтаман: мен усы жерде, сизиң жаныңызда турып, Жаратқан Ийеге дуўа еткен ҳаялман. 27Мен Жаратқан Ийеден мына баланы сорап, дуўа еткен едим. Ол мениң тилегимди орынлады. 28Мен де оны Жаратқан Ийеге бағышлайман. Ол бир өмир Жаратқан Ийеге хызмет етеди. Соңынан олар сол жерде Жаратқан Ийеге сыйынды.
Copyright information for
KaaIBT22C