‏ 1 Samuel 10

1Соңынан Самуел зәйтүн майы қуйылған ыдысын алып, майды Шаулдың басына қуйды ҳәм оны сүйип, былай деди:

– Жаратқан Ийе сени майлап, Өз халқы үстинен ҳүкимдар етип қойды.
2Бүгин мениң жанымнан кеткениңнен соң, Бенямин жериниң шегарасындағы Селсахтағы Раҳиланың мазары жанында еки адамды ушыратасаң. Олар саған: «Сен излеп кеткен ешеклер табылды. Әкең ешеклерди ойлағанды қойып, балама не болды екен деп, сени қайғырып атыр», – дейди. 3Оннан арман қарай жүрип, Табордағы теребинф ағашына барасаң. Ол жерде үш адамды ушыратасаң. Олардың биреўи үш ылақ, екиншиси үш нан, ал үшиншиси шарап қуйылған мес алып, Қудайдың үйине, Бейт-Элге баратырған болады. 4Олар сәлемлесип, саған еки нан береди, сен оларды аласаң. 5Соңынан филистлердиң сақшылар бөлимшеси орналасқан Гибат-Элоҳимге барасаң. Қалаға киргениңде, сыйыныў орнынан түсип киятырған пайғамбарлар топарын ушыратасаң. Олар арфа, дәп, сырнай ҳәм лира
Лира – бармақ пенен шертилетуғын тарлы саз әсбабы.
шерткенлерге қосылып, өзгеше бир аўҳалда киятырған болады.
6Сонда Жаратқан Ийениң Руўхы сени толық бийлеп алып, сен де олар менен бирге өзгеше аўҳалға түсесең ҳәм пүткиллей басқа адамға айланасаң. 7Бул белгилер орынланғанда, жағдайға қарай ис тут. Өйткени Қудай сениң менен бирге болады. 8Енди меннен алдын Гилгалға барып, сол жерде мени жети күн күт. Мен жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм татыўлық қурбанлықларын бериў ушын сениң жаныңа бараман. Мен жаныңа барғанымда, не ислеў кереклигин билдиремен.

9Шаул Самуелдиң жанынан кетиў ушын бурылыўдан-ақ, Қудай Шаулдың жүрегин өзгертип жиберди. Сол күни Самуел айтқан ҳәмме нәрсе орынланды. 10Олар Гибаға келгенде, Шаулды пайғамбарлар топары қарсы алды. Сонда Қудайдың Руўхы Шаулды бийлеп алып, Шаул да олар менен бирге өзгеше аўҳалға түсип қалды. 11Оны бурыннан таныйтуғынлардың ҳәммеси оның пайғамбарлар менен бирге өзгеше аўҳалда жүргенин көргенде, бир-бирине: «Киштиң улына не болған? Шаул да пайғамбарлардың арасында ма?» – дести.

12Сол жерде отырғанлардың бири: «Ал олардың әкеси ким екен?» – деди. «Шаул да пайғамбарлардың арасында ма?» – деген гәп усыдан қалған екен. 13Шаул өзгеше аўҳалдан өзине келгеннен кейин, сыйыныў орнына көтерилди.

14Сонда ағасы Шаулдан ҳәм оның хызметшисинен:

– Сизлер қай жерге бардыңлар? – деп сорады.

Шаул оған:

– Бизлер ешеклерди изледик. Оларды таба алмағаннан соң, Самуелге бардық, – деп жуўап берди.

15Ағасы Шаулға:

– Самуел саған не айтты, маған да айтып бер, – деди.

16Шаул оған:

– Ол бизлерге ешеклердиң табылғанын анық айтып берди, – деди. Бирақ ол Самуелдиң өзине патшалық туўралы айтқан сөзлери ҳаққында тис жармады.

17Самуел Израил халқын Миспаға, Жаратқан Ийениң алдына жыйнап, 18оларға былай деди:

– Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен израиллыларды, яғный сизлерди Мысырдан алып шықтым. Мысырлылардың ҳәм өзлериңизди езген барлық патшалардың қолынан сизлерди қутқардым.
19Бирақ сизлер бүгин өзлериңизди барлық мүсийбет ҳәм қыйыншылықларыңыздан қутқарған Қудайыңыздан жүз бурып, өзлериңизге бир патша қойып бериўди талап еттиңиз». Енди Жаратқан Ийениң алдында урыўларыңыз ҳәм тийрелериңиз бойынша дизилиңлер.

20Самуел пүткил Израил урыўларын бирме-бир алдыға шығарды. Шек бойынша олардан Бенямин урыўы таңланды. 21Соңынан Бенямин урыўы тийрелери бойынша шақырылғанда, Матрийдиң тийреси таңланды. Ең соңында Матрийдиң тийресинен Киштиң улы Шаул таңланды. Бирақ оны излегенде, таба алмады. 22Сонда халық Жаратқан Ийеден:

– Ол адам еле бул жерге келмеди ме? – деп сорады.

Жаратқан Ийе оларға:

– Ол усы жерде, жүклердиң арасында жасырынып жатыр, – деп жуўап берди.

23Олар жуўырып барып, Шаулды сол жерден алып келди. Шаул халықтың арасында турғанда, ҳәммениң бойы оның ийнине келип турды. 24Самуел халыққа:

– Жаратқан Ийениң таңлаған адамын көрип турсызлар ма? Пүткил халық арасында оған тең келетуғыны жоқ, – деди.

Сонда халық:

– Жасасын патша! – деп бақырды.

25Самуел халыққа патшалықтың ҳуқықлары туўралы баянлап берди. Оларды бир китап қылып жазып, Жаратқан Ийениң алдына қойды. Соңынан ҳәммени үйине қайтарды. 26Шаул да Гибаға, өз үйине қайтты. Қудай жүреклерине түртки салған мәрт адамлар оған жолдас болды. 27Бирақ гейбир жарамас адамлар: «Ол бизлерди қалай қутқара алады?» – деп Шаулды менсинбей, оған сыйлар бермеди. Ал Шаул өзин сезбегенге алды.
Copyright information for KaaIBT22C