‏ 1 Samuel 11

Шаулдың аммон халқын жеңиўи

1Аммон патшасы Нахаш Гиладтағы Ябеш қаласына келип, қаланы қамал етти. Пүткил ябешлилер Нахашқа:

– Бизлер менен келисим дүз. Бизлер саған хызмет етемиз, – деди.

2Бирақ Аммон патшасы Нахаш:

– Мен бир шәрт пенен келисим дүземен. Пүткил Израил халқын масқара етиў ушын, ҳәр бириңиздиң оң көзиңизди ойып аламан, – деди.

3Ябеш қаласының ақсақаллары Нахашқа:

– Израилдың ҳәмме жерине хабаршылар жибериўимиз ушын, бизлерге жети күн мәўлет бер. Егер бизлерди қутқаратуғын ҳеш ким табылмаса, саған тәслим боламыз, – деди.

4Хабаршылар Шаул жасап атырған Гиба қаласына келип, болып атырған ўақыяларды халыққа хабарлағанда, халық дад салып жылай баслады. 5Тап усы ўақытта Шаул өгизлерин айдап, атыздан киятырған еди. Ол:

– Адамларға не болды? Неге бунша жылап атыр? – деп сорады. Сонда ябешлилердиң жоллаған хабарын оған айтып берди.

6Шаул бул гәплерди еситкен ўақытта, Қудайдың Руўхы оны бийлеп алды. Шаул қатты ашыўға минди. 7Ол бир жуп өгизди сойып, оларды жиликледи де, жиликлерди хабаршылар арқалы Израилдың ҳәмме тәрепине жиберип: «Шаул менен Самуелдиң изине ермеген ҳәр бир адамның өгизлерине де анық усылай исленеди», – деди.

Халық Жаратқан Ийеден қорққанынан қалтырап, ҳәммеси бир жағадан бас шығарып, жолға атланды.
8Шаул оларды Безекке жыйнады. Сонда Израилдың басқа урыўларынан үш жүз мың, ал Яҳуда урыўынан отыз мың адам болды. 9Израиллылар сол жерге келген ябешли хабаршыларға:

– Гиладтағы Ябеш турғынлары ертең күн тас төбеге көтерилгенде қутқарылатуғынын айтыңлар, – деди.

Хабаршылар барып, бул хабарды жеткизгенде, ябешлилер қуўанып кетти.
10Олар Нахашқа:

– Ертең сизлерге тәслим боламыз. Сонда бизлерге нени мақул көрсеңиз, соны ислең, – деди.

11Ертеңине Шаул адамларын үш топарға бөлди. Олар ерте таңда аммонлардың ордасына бастырып кирип, оларды күн қызғанша қырып таслады. Аман қалғанлары тарап кетип, дара-дара болып қашты. 12Буннан кейин, халық Самуелге:

– «Шаул ма бизге патша болатуғын?» – дегенлер кимлер еди? Оларды алып келиңлер, өлтиремиз, – деди.

13Бирақ Шаул оларға:

– Бүгин ҳеш ким өлтирилмейди. Себеби Жаратқан Ийе бүгин Израил халқына қутқарылыў берди, – деди.

14Ал Самуел халыққа:

– Гилгалға барып, сол жерде патшалықты қайта тастыйықлайық, – деди.

15Солай етип, пүткил халық Гилгалға барып, Жаратқан Ийениң алдында Шаулдың патшалығын тастыйықлады. Сол жерде, Жаратқан Ийениң алдында татыўлық қурбанлықларын берди. Шаул да, пүткил Израил халқы да жақсылап бәзим қурды.
Copyright information for KaaIBT22C