‏ 1 Samuel 12

Самуелдиң соңғы сөзи

1Буннан кейин, Самуел Израил халқына былай деди:

– Мен айтқанларыңыздың ҳәммесине қулақ асып, сизлерге патша тайынлап бердим.
2Енди сизлерди басқаратуғын патшаңыз бар. Ал мен қартайдым, шашларым да ағарды. Улларым да сизлер менен бирге. Жаслығымнан баслап, усы күнге шекем сизлерге бийлик еттим. 3Мине, мен алдыңызда турыппан. Айтыңлар, қайсы бириңиздиң өгизиңизди алдым? Кимниң ешегин тартып алдым? Кимди алдадым? Кимге зулымлық қылдым? Кимнен пара алып, оның айыпларын көрмесликке алдым? Жаратқан Ийениң ҳәм Оның майлаған патшасының алдында гүўалық бериңлер. Сизлерден бир нәрсе алған болсам, қайтарып берейин.

4Халық оған:

– Бизлерди алдамадың, бизлерге зулымлық та қылмадың, ҳеш кимниң қолынан ҳеш нәрсе алмадың, – деди.

5Самуел оларға:

– Меннен бирде бир нуқсан таппағаныңызға Жаратқан Ийе де, Ол майлаған патша да гүўа, – деди.

– Аўа, гүўа, – деди халық.

6Самуел сөзин былай деп даўам етти:

– Муўса менен Харонды тайынлап, ата-бабаларыңызды Мысыр елинен алып шыққан Жаратқан Ийе болады.
7Енди усы жерде турыңлар. Жаратқан Ийениң сизлерди ҳәм ата-бабаларыңызды қутқарыў ушын ислеген барлық жақсы ислерин Оның алдында сизлерге дәлиллеп берейин. 8Яқып Мысырға кеткеннен кейин, ата-бабаларыңыз Жаратқан Ийеге жалбарынғанда, Ол Муўса менен Харонды жиберди. Олар ата-бабаларыңызды Мысырдан алып шығып, усы жерге орналастырды. 9Бирақ ата-бабаларыңыз өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийени умытты. Сонлықтан Жаратқан Ийе оларды Хасор патшасының сәркәрдасы Сисераның, филистлердиң ҳәм Моаб патшасының қолына тапсырды. Олар ата-бабаларыңызға қарсы урысты. 10Ата-бабаларыңыз Жаратқан Ийеге: «Бизлер гүна иследик. Сени таслап, Баал ҳәм Аштарта бутларына хызмет еттик. Енди бизлерди душпанларымыздың қолынан қутқар, Саған хызмет етемиз», – деп жалбарынды. 11Сонда Жаратқан Ийе Еруббаалды, Беданды, Ифтахты ҳәм Самуелди, яғный мени жиберип, қәўипсиз жасаўыңыз ушын, әтирапыңызды қоршаған душпанларыңыздың қолынан сизлерди қутқарды. 12Бирақ сизлер Аммон патшасы Нахаштың өзлериңизге қарсы атланғанын көргениңизде, патшаңыздың Қудайыңыз Жаратқан Ийе екенине қарамастан: «Яқ, бизлерди патша басқарсын», – дедиңлер. 13Мине, өзлериңиз таңлап, тилеп алған патшаңыз! Аўа, Жаратқан Ийе сизлерге патша берди. 14Егер Жаратқан Ийеден қорқып, Оған хызмет қылсаңыз, Оның сөзлерин тыңлап, буйрықларына қарсы шықпасаңыз, сизлер де, сизлерди басқаратуғын патшаңыз да Қудайыңыз Жаратқан Ийеге ерсеңиз, ҳәммеси жақсы болады. 15Егер Жаратқан Ийениң сөзине қулақ аспай, Оның буйрықларына қарсы шықсаңыз, Жаратқан Ийе ата-бабаларыңызды жазалағаны сыяқлы, сизлерди де жазалайды. 16Енди орныңызда турып, Жаратқан Ийениң көз алдыңызда ислейтуғын уллы исин көриңлер. 17Ҳәзир бийдай орымы ўақты емес пе? Мен Жаратқан Ийеге жалбарынаман ҳәм Ол аспанды гүркиретип, жаўын жаўдырады. Сонда сизлер патша қойыўды сорап, Жаратқан Ийениң нәзеринде қандай жаманлық ислегениңизди жақсы түсинип аласыз.

18Самуел Жаратқан Ийеге жалбарынды ҳәм Жаратқан Ийе сол күни аспанды гүркиретип, жаўын жаўдырды. Халық Жаратқан Ийеден де, Самуелден де қатты қорқты.

19Олар Самуелге:

– Набыт болмаўымыз ушын, бизлер, яғный өз қулларың ушын Қудайың Жаратқан Ийеге жалбарын. Өйткени бизлер патша сорап, өз гүналарымыз үстине гүна жамадық, – деди.

20Сонда Самуел халыққа былай деди:

– Қорқпаңлар, сизлер бул үлкен жаманлықты иследиңлер. Бирақ енди Жаратқан Ийеден жүз бурмай, Оған ериңлер ҳәм шын жүректен хызмет етиңлер.
21Ҳеш кимди қутқара алмайтуғын жарамсыз бутлардың изине ермеңлер. Себеби олар пайдасыз. 22Өзиниң уллы аты ушын Жаратқан Ийе Өз халқынан жүз бурмайды. Себеби Ол сизлерди Өз халқы қылыўды мақул тапты. 23Маған келсек, сизлер ушын Жаратқан Ийеге жалбарыныўдан ўаз кешиў арқалы, Оған қарсы гүна ислеўден аўлақ болғайман! Мен сизлерге тек жақсы ҳәм туўры жолды көрсетемен. 24Жалғыз Қудайдан қорқыңлар, Оған шын жүректен садықлық пенен хызмет етиңлер. Оның сизлер ушын қандай уллы ислерди ислегенин есте тутыңлар! 25Бирақ жаўызлық ислеўди даўам ете берсеңиз, өзлериңиз де, патшаңыз да қырылып кетесизлер.
Copyright information for KaaIBT22C