1 Samuel 14
Ионатанның мәртлиги
1Бир күни Шаулдың улы Ионатан өз нөкерине: – Жүр, арғы тәрептеги филистлердиң ордасына өтейик, – деди. Бирақ Ионатан буны әкесине айтпады. 2Шаул Гиба қаласы жанындағы Мигронда бир анар ағашының саясында отырған болып, оның жанында алты жүзге шамалас адамы бар еди. 3Эфод кийген Ахия да сол жерде еди. Ахия Ихабодтың ағасы Ахитубтың улы, Пинехастың ақлығы, Шилода Жаратқан Ийениң руўханийи болған Элийдиң шаўлығы еди. Халық Ионатанның кеткенин сезбей қалды. 4Ионатан филистлердиң ордасына өтиўди режелестирген өткелдиң еки тәрепинде де жартаслар болып, олардың биреўи Босес, екиншиси Сенне деп аталатуғын еди. 5Жартаслардың биреўи арқада болып, Михмасқа, екиншиси қублада болып, Гибаға қарап турған еди. 6Ионатан нөкерине: – Жүр, сол сүннетсизлердиң ордасына барайық. Бәлким, Жаратқан Ийе бизлерге жәрдем берер. Себеби көпшилик пенен де, азшылық пенен де Жаратқан Ийениң жеңиске ерисиўине ҳеш нәрсе тосқынлық жасай алмайды, – деди. 7Нөкер оған: – Не ойласаңыз, соны ислең. Баслаң, қаяққа барыўды мақул көрсеңиз де, мен сиз бенен биргемен, – деп жуўап берди. 8Сонда Ионатан былай деди: – Бизлер сол адамлар бетке өтейик, олар бизлерди көрсин. 9Егер олар бизлерге: «Жаныңызға барғанымызша, тоқтап турың», – десе, турған жеримизде қалып, оларға қарай көтерилмеймиз. 10Егер олар: «Жанымызға келиңлер», – десе, бизлер көтерилемиз. Себеби бул – бизлер ушын Жаратқан Ийениң филистлерди бизлерге тәслим ететуғынын билдиретуғын белги болады. 11Солай етип, олар екеўи де филистлердиң әскерлерине көринди. Сонда филистлер: – Қараңлар, еврейлер жасырынған шуқырларынан шыға баслады, – деди. 12Соңынан олар Ионатанға ҳәм оның нөкерине: – Берман келиңлер, сизлерге бир нәрсе айтажақпыз, – деп бақырды. Сонда Ионатан өз нөкерине: – Мениң изимнен ер, Жаратқан Ийе оларды израиллыларға тәслим етти, – деди. 13Ионатан аяқ-қоллары менен тырмасып, өрмелей баслады. Нөкери де оған ерди. Ионатан филистлерди урып қулата берди, нөкери де оларды өлтире берди. 14Ионатан ҳәм оның нөкери бул биринши ҳүжим ўақтында, еки өгиз бир күнде сүретуғын атыз майданының ярымындай жерде жигирмаға жақын адамды өлтирди. 15Қыр даладағы ордада ҳәм пүткил филист халқы арасында қорқыныш ҳүким сүрди. Әскерлер менен тонаўшы топарлар да қатты қалтырасты. Жер де силкинди. Бул Қудай жиберген қорқыныш еди.Филистлер үстинен жеңис
16Бенямин жериниң Гиба қаласында Шаулдың гүзетшилери сансыз филист әскерлериниң тарап, жән-жаққа қашып баратырғанын көрди. 17Сонда Шаул жанындағыларға: – Әскерлерди барлап шығып, кимниң жоқ екенин билиңлер, – деди. Олар барлап шыққанда, Ионатан менен оның нөкериниң жоқ екенлиги мәлим болды. 18Шаул Ахияға: – Қудайдың сандығын алып кел, – деди. Сол ўақытта Қудайдың сандығы Израил халқында еди. 19Шаул руўханий менен сөйлесип атырған ўақытта, филистлердиң ордасындағы ала-пасырлы және де ҳәўиж алған еди. Шаул руўханийге: – Сандықты әкелмей-ақ қой, керек емес, – деди. 20Соңынан Шаул ҳәм оның жанындағы әскерлердиң ҳәммеси топланып, саўаш майданына кетти. Ол жерде уллы ала-пасырлы жүз берип, филистлер бир-бирине қылыш сермеп атырған еди. 21Бурын филистлер тәрепине өтип, олардың ордасында болған еврейлер де саптан шығып, Шаул менен Ионатанның жанындағы Израил әскерлерине қосылды. 22Эфрайымның таўлы үлкесинде жасырынып жүрген израиллылар да филистлердиң қашып атырғанын еситкенде, саўаш майданына шығып, филистлерди қуўа баслады. 23Солай етип, Жаратқан Ийе сол күни израиллыларды жеңиске еристирди. Саўаш Бейт-Аўенниң арғы тәрепине шекем жайылды. 24Сол күни израиллылар қатты шаршаған еди. Себеби Шаул: «Кешке шекем, мен душпанларымнан өш алмағанымша, дуз татқан ҳәр бир адамға нәлет жаўсын», – деген шәрт қойып, халыққа ант иштирген еди. Сонлықтан ҳеш ким ҳеш нәрсе жемеген еди. 25Әскерлер тоғайға кетти. Ол жерде ағып атырған пал бар еди. 26Олар тоғайға киргенде, ағып атырған палға көзлери түссе де, ишкен антынан қорққанлықтан, ҳеш бири палға қол тийгизбеди. 27Бирақ Ионатан әкесиниң әскерлерге ант иштиргенин еситпеген еди. Ол қолындағы таяғын созып, ушын уядағы палға батырып алды. Ол палды татып көриўден-ақ, көзлери шайдай ашылды. 28Сонда сол жердегилердиң бири оған: – Әкең әскерлерге: «Егер бүгин ким де ким дуз татса, оған нәлет жаўсын», – деп ант иштирген еди. Сонлықтан да әскерлер ҳалдан тайған, – деди. 29Ионатан оған: – Әкем елди аўыр аўҳалға салып қойған екен. Қараңлар, мына палдан аз-маз татып көрип едим, көзлерим шайдай ашылды. 30Бүгин халық душпанларынан олжаға алған азық-аўқаттан жегенде, жүдә жақсы болар еди. Сонда филистлер буннан да үлкенирек қырғынға ушыраған болар ма еди? – деди. 31Сол күни израиллылар филистлерди Михмастан Айялонға шекем жеңилиске ушыратты. Халық қатты ҳалдан тайды. 32Сонлықтан олар олжалаған малларына тасланып, қойларды, өгизлерди ҳәм баспақларды сол жерде-ақ сойып, қанын ағызбастан жеди. 33Сонда Шаулға: «Қара, халық гөшти қаны менен жеп, Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислеп атыр», – деп хабарлады. Шаул адамларға: – Опасызлық қылдыңлар. Ҳәзир-ақ маған үлкен бир тасты домалатып алып келиңлер, – деди. 34Соңынан ол және: – Адамлар арасына барып айтыңлар: өзлериниң өгизлерин ҳәм қойларын маған алып келип, усы жерде сойып жесин. Гөшти қаны менен жеп, гүна ислемесин, – деди. Сол күни түнде ҳәр бир адам өзиниң өгизин алып келип, сол жерде сойды. 35Шаул Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орнын қурды. Бул Шаулдың Жаратқан Ийеге арнап қурған биринши қурбанлық орны еди. 36Шаул адамларына: – Келиңлер, бүгин түнде филистлердиң изинен қуўып, таң атқанша малларын тартып алайық. Олардың бирде биреўин тири қалдырмайық, – деди. Олар Шаулға: – Нени мақул көрсеңиз, соны ислең, – деди. Бирақ руўханий: – Келиңлер, Жаратқан Ийеден сорайық, – деди. 37Шаул Қудайдан: – Филистлерге ҳүжим қыла берейин бе? Оларды израиллыларға тәслим қыласаң ба? – деп сорады. Бирақ Қудай сол күни жуўап бермеди. 38Сонда Шаул былай деди: – Ҳәй, пүткил халық басшылары! Берман келиңлер, бүгин қандай гүна исленгенин анықлайық. 39Израилды қутқарған тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: егер бул гүнаға жол ашқан улым Ионатан болса да, ол сөзсиз өлтириледи. Бирақ ҳеш ким үндемеди. 40Шаул пүткил израиллыларға: – Сизлер бир тәрепте турыңлар, мен улым Ионатан менен екинши тәрепте тураман, – деди. Адамлар оған: – Нени мақул көрсеңиз, соны ислең, – деп жуўап берди. 41Шаул Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге: – Маған дурыс жуўапты бер, – деди. Шек Ионатан менен Шаулға түсти, ал халық ақланды. 42Сонда Шаул: – Енди улым Ионатан екеўимиздиң арамызға шек таслаң, – деди. Бул рет шек Ионатанға түсти. 43Сонда Шаул Ионатаннан: – Маған айтшы, сен не иследиң? – деп сорады. Ионатан әкесине: – Мен қолымдағы таяқтың ушы менен азғантай пал алып жеген едим. Мине, енди мен өлиўим керек, – деди. 44Шаул оған: – Ионатан, сен сөзсиз өлесең. Егер мен сени өлтиртпесем, Қудай мени жазалаған үстине жазаласын, – деди. 45Бирақ халық Шаулға: – Израилды үлкен жеңиске еристирген Ионатанды өлтирмекшимисең? Ҳасла! Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемиз: оның шашының бир талына да зыян тиймейди. Себеби ол бүгин не ислеген болса да, Қудайдың жәрдеми менен иследи, – деди. Солай етип, халық Ионатанды өлимнен қутқарып қалды. 46Буннан соң, Шаул филистлерди қуўыўдан ўаз кешти. Филистлер де өз жерлерине қайтып кетти. 47Шаул Израилға патша болғаннан соң, әтираптағы душпанларына: моаб, аммон, эдом халықларына, Соба патшаларына ҳәм филистлерге қарсы урысты. Ол ҳәмме жерде жеңиске еристи. 48Ол мәртлерше урысып, амалеклерди жеңди ҳәм израиллыларды тонаўшылардың қолынан қутқарды.Шаулдың хожалығы
49Шаулдың улларының аты Ионатан, Ишўий ▼▼ Ишўий – басқа жерлерде «Эшбаал» ямаса «Иш-Бошет» деп те айтылады.
ҳәм Малкий-Шуа еди. Оның еки қызы болып, үлкениниң аты Мераб, кишкенесиниң аты Михал еди. 50Ал ҳаялының аты Ахиноам болып, ол Ахимаастың қызы еди. Шаулдың әкесиниң туўысқаны Нердиң улы Абнер Шаулдың сәркәрдасы еди. 51Абнердиң әкеси Нер ҳәм Шаулдың әкеси Киш туўысқан болып, олар Абиелдиң уллары еди. 52Шаулдың пүткил өмири даўамында филистлер менен қатал урыслар болып турды. Шаул қай жерде батыр ҳәм жаўынгер адамды көрсе, оны өз хызметине алды.
Copyright information for
KaaIBT22C