1 Samuel 15
Жаратқан Ийениң Шаулдан жүз бурыўы
1Бир күни Самуел Шаулға былай деди: – Жаратқан Ийе сени майлап, Өз халқы Израил үстинен патша етип қойыў ушын мени жиберген еди. Енди Жаратқан Ийениң сөзлерин тыңла. 2Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Израиллыларға ислеген жаманлығы ушын амалеклерди жазаламақшыман. Өйткени олар Мысырдан шыққан Израил халқына қарсы шыққан еди. 3Енди барып, амалеклерге ҳүжим қыл ҳәм оларға тийисли барлық нәрсени толық жоқ қыл. Оларды аяма. Еркегин де, ҳаялын да, балаларын да, нәрестелерин де, өгизин де, қойын да, түйесин де, ешегин де, ҳәммесин өлтир». 4Шаул әскерлерин топлап, оларды Телаим қаласында санақтан өткизди. Ол жерде еки жүз мың пияда әскер болып, Яҳуда урыўынан да он мың әскер бар еди. 5Шаул амалеклердиң қаласына барып, ойпатлықта буққы жасады. 6Соңынан ол кен халқына: «Сизлерди де амалеклер менен бирге қырып тасламаўым ушын, бөлинип, олардың арасынан шығып кетиңлер. Себеби сизлер Мысырдан шыққан Израил халқына жақсылық ислеген едиңлер», – деп хабар жиберди. Сонда кенлер амалеклерден айырылып шықты. 7Шаул Хаўиладан Мысырдың шығысындағы Шурға шекемги амалеклерди қыйратты. 8Ол амалек патшасы Агагты тирилей қолға алды, ал оның пүткил халқын қылыштан өткерип, қырып таслады. 9Бирақ Шаул ҳәм оның адамлары Агагты, оның ең жақсы қойларын, сыйырларын, ең семиз таналарын ҳәм қозыларын, улыўма жақсы нәрселерди аяп, оларды толық қырып таслаўды қәлемеди. Ал әҳмийетсиз ҳәм ҳәлсизлерин қырып таслады. 10Сонда Жаратқан Ийеден Самуелге мынадай сөз түсти: 11– Мен Шаулды патша етип тайынлағаныма өкинемен. Ол Меннен жүз бурып, буйрықларымды орынламады. Самуел ашыўланды ҳәм түни менен Жаратқан Ийеге жалбарынды. 12Ертеңине Самуел азанда ерте турып, Шаул менен ушырасыўға барды. Бирақ ол Шаулдың Кармел қаласына кеткенин, сол жерде өзине бир ескерткиш орнатқаннан соң, төмен түсип Гилгалға қайтқанын билди. 13Самуел Шаулға келгенде, Шаул оған: – Сени Жаратқан Ийе жарылқасын. Мен Жаратқан Ийениң буйрығын орынладым, – деди. 14Бирақ Самуел оннан: – Онда неге қулағыма қойдың маңырағаны ҳәм сыйырдың мөңирегени еситилип тур? – деп сорады. 15Шаул оған: – Адамларым оларды амалеклерден алып келди. Қудайың Жаратқан Ийеге арнап қурбанлыққа шалыў ушын, қой ҳәм сыйырлардың ең жақсыларын аяп алып қалды, қалғанларын толық жоқ қылдық, – деп жуўап берди. 16Сонда Самуел Шаулға: – Тоқтай тур, бүгин түнде Жаратқан Ийениң маған нелерди айтқанын саған билдирейин, – деди. – Айт, – деди Шаул. 17Самуел сөзин даўам етип былай деди: – Өзиңди пәс санап жүргениңде, Израил урыўларының басшысына айланбадың ба? Жаратқан Ийе сени майлап, Израилға патша етип қоймады ма? 18Ол сени: «Барып, сол гүнакар амалеклерди пүткиллей қырып тасла. Ҳәммесин жоқ қылмағанша, олар менен урыс», – деген тапсырма менен жиберген еди. 19Олай болса, неге Жаратқан Ийениң сөзине қулақ аспадың? Неге олжаға тасланып, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған исти иследиң? 20Шаул Самуелге былай деп жуўап берди: – Бирақ мен Жаратқан Ийениң сөзине қулақ астым. Мен Оның жиберген жерине бардым. Амалек халқын толық қырып таслап, олардың патшасы Агагты усы жерге алып келдим. 21Адамларым болса, Гилгалда Қудайың Жаратқан Ийеге арнап қурбанлыққа шалыў ушын қырып тасланыўы керек болған олжадан ең жақсы қой ҳәм малларды алды. 22Сонда Самуел Шаулға былай деп жуўап берди: – Жандырылатуғын ҳәм басқа қурбанлықлар бергеннен гөре, Өзине қулақ асқанларға Жаратқан Ийе көбирек қуўанбай ма? Қулақ асыў қурбанлықтан, бойсыныў қошқардың майынан артығырақ. 23Себеби бойсынбаўшылық палкерлик сыяқлы гүна, ал менменлик бутпаразлық пенен барабар. Сен Жаратқан Ийениң буйрығын орынлаўдан бас тартқаның ушын, Жаратқан Ийе де сени патша етиўден бас тартты. 24Шаул Самуелге: – Мен гүна иследим! Аўа, Жаратқан Ийениң буйрығына да, сениң сөзлериңе де бойсынбай, адамларымнан қорққаным ушын, оларға қулақ салдым. 25Бирақ енди өтинемен, мениң гүнамды кешир. Жаратқан Ийеге сыйыныўым ушын мениң менен бирге қайт, – деди. 26Ал Самуел Шаулға: – Мен сениң менен бирге қайтпайман. Өйткени сен Жаратқан Ийениң буйрығын орынлаўдан бас тарттың, Жаратқан Ийе де сени Израилға патша етиўден бас тартты, – деди. 27Самуел кетпекши болып бурылғанда, Шаул оның шапанының етегинен услап қалды. Шапан жыртылды. 28Сонда Самуел: – Бүгин Жаратқан Ийе Израилдың патшалығын сениң қолыңнан алды ҳәм сеннен жақсырағына берди. 29Израилдың уллы Қудайы жалған сөйлемейди, пикирин де өзгертпейди. Пикирин өзгертетуғындай Ол адам емес, – деди. 30Шаул Самуелге: – Мен гүна иследим. Бирақ халқымның ақсақаллары ҳәм басқа израиллылардың алдында маған ҳүрмет көрсет. Қудайың Жаратқан Ийеге сыйыныўым ушын, мениң менен бирге қайт, – деди. 31Солай етип, Самуел Шаул менен бирге қайтты ҳәм Шаул Жаратқан Ийеге сыйынды. 32Соңынан Самуел: – Амалеклердиң патшасы Агагты мениң алдыма алып келиңлер, – деп буйырды. Агагты байлаўлы ҳалда Самуелдиң алдына алып келди. Ал Агаг ишинен: «Өлим қәўпиниң шетлеп өткени анық», – деп ойлады. 33Бирақ Самуел оған: – Қылышың аналарды балаларынан қалай айырған болса, сениң анаң да ҳаяллар арасында баласынан айырылсын, – деди де, Агагты Гилгалда, Жаратқан Ийениң алдында қылыш пенен шаўып таслады. 34Кейин Самуел Рамаға, ал Шаул Гибадағы өз үйине қайтты. 35Сол күннен баслап өмириниң ақырына шекем Самуел Шаулды қайтып көрмеди. Бирақ оның ушын қайғырып жүрди. Ал Жаратқан Ийе болса, Шаулды Израилға патша етип тайынлағанына пушайман еди.
Copyright information for
KaaIBT22C