‏ 1 Samuel 16

Даўыттың патшалыққа майланыўы

1Жаратқан Ийе Самуелге:

– Шаулдың Израилға патша болыўынан Мени бас тартты деп, қашанға шекем ол ушын қайғырып жүресең? Май қуятуғын шақыңды зәйтүн майына толтырып жолға шық. Сени бейтлеҳемли Ишайдың үйине жиберемен. Себеби Мен оның улларының бирин патша етиў ушын таңлап алдым, – деди.

2Самуел:

– Қалай бараман? Шаул буны еситсе, мени өлтиреди-ғо, – деди.

Сонда Жаратқан Ийе былай деди:

– Өзиң менен бирге бир қашарды ал да: «Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын келдим», – деп айт.
3Ишайды қурбанлық асына мирәт ет. Сонда Мен саған не ислеўиң кереклигин билдиремен. Саған көрсеткен адамымды майлап, Мениң ушын патша етип қоясаң.

4Самуел Жаратқан Ийениң айтқанын орынлап, Бейтлеҳем қаласына барды. Қала ақсақаллары оны қорқыныш пенен күтип алып:

– Тынышлық па? – деп сорады.
5Самуел оларға:

– Аўа, тынышлық. Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын келдим. Өзлериңизди пәклеп, мениң менен бирге қурбанлық асына жүриңлер, – деди.

Соңынан ол Ишайды ҳәм оның улларын пәклеў рәсиминен өткерип, қурбанлық асына мирәт етти.
6Ишай ҳәм оның уллары келгенде, Самуел Элиабты көрип: «Ҳақыйқаттан да, Жаратқан Ийениң алдында турған мына адам – Оның майлағаны», – деп ойлады.

7Бирақ Жаратқан Ийе Самуелге: «Оның шырайына, бойының узынлығына қарама. Себеби Мен оны мақул көрмедим. Мен адамлар сыяқлы қарамайман. Адам сыртқы көринисине қарайды, ал Мен жүрекке қарайман», – деди. 8Ишай улы Абинадабты шақырып, Самуелдиң алдынан өткерди. Бирақ Самуел: «Жаратқан Ийе буны да таңламады», – деди. 9Кейин Ишай үшинши улын, Шамманы алып келди. Бирақ Самуел: «Жаратқан Ийе буны да таңламады», – деди. 10Солай етип, Ишай өзиниң жети улын да Самуелдиң алдынан өткерди. Бирақ Самуел: «Жаратқан Ийе булардың ҳеш бирин де таңлап алмады», – деди. 11Соңынан Самуел Ишайдан:

– Булар улларыңның ҳәммеси ме? – деп сорады.

Ишай оған:

– Ең кишкенеси бар. Ол қой бағып жүр, – деп жуўап берди.

Самуел Ишайға:

– Биреўди жиберип, оны шақырт. Ол келмегенше, аўқатқа отырмаймыз, – деди.

12Ишай биреўди жиберип, улын алдыртты. Ол қызыл жүзли, сымбатлы болып, көзлери жанып турған еди. Жаратқан Ийе Самуелге: «Орныңнан турып, оны майла. Таңлаған адамым усы болады», – деди. 13Самуел зәйтүн майы қуйылған шақты алып, ағаларының көз алдында жигиттиң басына май қуйды. Усы күннен баслап, Жаратқан Ийениң Руўхы Даўытты бийлеп алды. Соңынан Самуел Рамаға қайтып кетти.

Даўыттың Шаулға хызмет етиўи

14Сол арада Жаратқан Ийениң Руўхы Шаулды тәрк етти. Жаратқан Ийе жиберген жаман бир руўх оны қыйнайтуғын еди. 15Хызметшилери Шаулға:

– Қараң, Қудай жиберген жаман руўх сизди қыйнап атыр.
16Тақсыр, хызметшилериңиз болған бизлерге буйрық бериң. Бизлер лираны жақсы шертетуғын биреўди таўып келейик. Сонда Қудай жиберген жаман руўх сизге келгенде, ол адам лира шертеди ҳәм сиз жеңил тартасыз, – деди.

17Шаул хызметшилерине:

– Яқшы, лираны жақсы шертетуғын биреўди таўып, маған алып келиңлер, – деп буйырды.

18Сонда хызметшилерден бири:

– Бейтлеҳемли Ишайдың улларының бирин көрген едим. Ол лираны жақсы шертеди екен. Буның үстине, ол батыр жигит ҳәм жаўынгер адам екен. Оның сөзлери мәнили, қәдди-қәўмети де келискен. Жаратқан Ийе де оның менен бирге, – деди.

19Шаул Ишайға: «Қой бағып жүрген улың Даўытты маған жибер», – деп хабаршылар жөнетти. 20Ишай бир ешекке нан, бир мес шарап ҳәм бир ылақты артып, Даўыт пенен қоса Шаулға жиберди. 21Даўыт Шаулға барып, оның хызметине кирди. Шаул Даўытты жүдә жақсы көрди ҳәм оны өзине нөкер етип алды. 22Шаул Ишайға: «Даўыттың хызметимде қалыўына рухсат бер. Оған кеўлим толды», – деген хабар жиберди.

23Сол күннен баслап, Қудай жиберген жаман руўх Шаулға келгенде, Даўыт лира шертетуғын еди. Сонда Шаул өзине келип жақсы болатуғын, жаман руўх та оны тәрк ететуғын еди.
Copyright information for KaaIBT22C