1 Samuel 17
Даўыттың Голиятты өлтириўи
1Филистлер урысыў ушын әскерлерин топлап, Яҳуданың Сохо қаласына жыйналды. Олар Сохо менен Азеқа қаласы аралығындағы Эфес-Даммим деген жерге орда қурды. 2Шаул менен израиллылар да топланды. Олар Эла ойпатлығына орда қурып, филистлерге қарсы саўашқа таярланды. 3Филистлер бир төбешикти, ал израиллылар екинши төбешикти ийеледи. Олардың ортасында ойпатлық бар еди. 4Филистлер сапынан гатлы Голият деген күшли бир жаўынгер ортаға шықты. Оның бойы алты шығанақ ҳәм бир қарыс еди. 5Ол басына қоладан исленген дуўлыға, үстине қоладан исленген саўыт кийип алған болып, саўытының аўырлығы шама менен бес мың шекел еди. 6Оның аяқлары қола дизеқап пенен қапланып, жаўырынына қола семсер асқан еди. 7Семсериниң сабы тоқыў үскенесиниң қадасындай, ал семсериниң ушындағы темирдиң аўырлығы алты жүз шекел еди. Голияттың үлкен қалқанын нөкери оның алдында көтерип жүретуғын еди. 8Голият турып, сапта турған израиллыларға былай деп бақырды: – Сизлер неге саўаш майданына шықтыңыз? Мен филистпен, ал сизлер Шаулдың қуллары емессизлер ме? Маған қарсы шығыў ушын араңыздан бирин таңлаң. 9Егер ол мениң менен урысып, мени өлтире алса, онда бизлер сизлердиң қулларыңыз боламыз. Егер мен үстин келип, оны өлтире алсам, онда сизлер бизлерге қул болып, бизлерге хызмет қыласызлар. 10Соңынан филист сөзин даўам етип: – Бүгин мен Израил әскерлериниң шермендесин шығараман. Мениң менен алысатуғын бир адамды алдыма шығарың, – деди. 11Филисттиң бул сөзлерин еситип, Шаул да, израиллылар да қатты қорқып, қәўетерге түсти. 12Даўыт Яҳуданың Бейтлеҳем қаласынан болған эфратлы Ишай деген адамның улы еди. Ишайдың сегиз улы бар еди. Шаулдың патшалығы дәўиринде Ишай қартайып қалған болып, адамлар арасында ең жасы үлкени еди. 13Ишайдың үлкен үш улы Шаул менен бирге саўашқа кеткен еди. Саўашқа кеткен улларының ең үлкениниң аты Элиаб, екиншисиниң аты Абинадаб, үшиншисиниң аты Шамма еди. 14Даўыт ең генже улы еди. Үлкен үш улы Шаулдың жанында еди. 15Ал Даўыт болса, әкесиниң сүриўин бағыў ушын, Шаулдың жанынан Бейтлеҳемге қайтып келген еди. 16Филист Голият қырық күн даўамында азанлы-кеш ортаға шығып, урысыўға шақырды. 17Бир күни Ишай улы Даўытқа былай деди: – Мына бир эфа қуўырмаш пенен он шөрек нанды ал да, оларды тезирек ордаға, ағаларыңа апарып бер. 18Ал мына он бөлек иримтикти болса, олардың мыңбасысына бер. Ағаларыңның ҳал-жағдайын бил ҳәм олардың жақсы екенин билдиретуғын қандай да бир белги алып кел. 19Ағаларың, Шаул ҳәм басқа барлық израиллылар менен бирге Эла ойпатлығында филистлерге қарсы урысып атыр. 20Ертеңине Даўыт азанда ерте турды. Сүриўди бир шопанға қалдырып, Ишайдың буйрығы бойынша азық-аўқатларды алды да, жолға шықты. Ол ордаға жетип барғанда, әскерлер сап тартып, сүрен салыўы менен саўашқа шығып атырған еди. 21Израиллылар менен филистлер бир-бирине қарама-қарсы болып сапқа дизилген еди. 22Даўыт апарған затларын жүклерди қараўыллайтуғын адамға қалдырып, сапқа қарай жуўырып кетти. Ол туўысқанларының жанына барып, олар менен сәлемлести. 23Даўыт туўысқанлары менен сөйлесип турғанда, гатлы филист жаўынгери Голият өз сапынан ортаға шығып, бурынғы сөзлерин тәкирарлап бақыра баслады. Даўыт буны еситти. 24Израиллылар Голиятты көргенде қатты қорқып, оннан қаша баслады. 25Израиллылар бир-бирине: «Израилды масқаралаў ушын ортаға шығып турған мына адамды көрип турсызлар ма? Оны өлтирген адамға патшамыз үлкен байлық сыйлап, қызын да бермекши. Ҳәтте, оның әкесиниң хожалығын да Израилда салық төлеўден азат қылмақшы», – деди. 26Даўыт жанындағыларға: – Бул филистти өлтирип, Израилды шерменделиктен қутқарған адамға не бериледи? Тири Қудайдың әскерлерин масқаралайтуғындай, бул сүннетсиз филист ким болыпты? – деди. 27Адамлар бурынғы сөзлерди қайталап, Голиятты өлтирген адамға нелер берилетуғынын айтып берди. 28Даўыттың әскерлер менен сөйлескенин еситкенде, үлкен әжағасы Элиабтың ашыўы келди. Ол Даўытқа: – Бул жерге неге келдиң? Шөлдеги азғантай қойымызды кимге таслап кеттиң? Сениң қаншелли менмен ҳәм қаншелли жаман нийетли екениңди билемен. Сен тек урысты тамашалаў ушын келгенсең, – деди. 29Даўыт оған: – Мен не қылдым? Сораўға да болмай ма? – деди. 30Ол әжағасының қасынан кетип, басқа адамлардан да сол нәрселерди сорады. Олар да бурынғыдай жуўапты берди. 31Даўыттың сөзлерин еситкенлер оны Шаулға жеткизди. Шаул Даўытты шақыртты. 32Даўыт Шаулға: – Мына филист себепли ҳеш кимниң руўхы түспесин. Қулыңыз болған мен барып, оның менен алысаман, – деди. 33Шаул оған: – Сен бул филистке қарсы шығып, оның менен алыса алмайсаң. Себеби сен еле жассаң, ал ол болса, жаслығынан жаўынгер адам, – деди. 34Бирақ Даўыт Шаулға былай деди: – Қулыңыз болған мен әкемниң сүриўин бағаман. Арыслан ямаса айыў келип, сүриўден бир қозыны алып қашса, 35изинен қуўып, оған ҳүжим қыламан ҳәм қозыны аўзынан алып қаламан. Егер арыслан ямаса айыў маған тасланса, оның жалынан услап алып, урып өлтиремен. 36Қулыңыз болған мен арысланды да, айыўды да өлтиргенмен. Мына сүннетсиз филисттиң басына да сол күн туўады. Себеби ол тири Қудайдың әскерлерин масқаралады. 37Мени арысланның ҳәм айыўдың пәнжесинен қутқарған Жаратқан Ийе бул филисттиң қолынан да қутқарады. Сонда Шаул Даўытқа: – Мейли бар, Жаратқан Ийе саған яр болсын! – деди. 38Шаул өзиниң саўаш кийимлерин Даўытқа берди. Басына қола дуўлыға, үстине саўыт кийгизди. 39Даўыт патшаның саўаш кийимлериниң үстинен қылышын да асынып жүрмекши болды. Бирақ ол буларға үйренбегенликтен, Шаулға: – Мен бул кийимлер менен жүре алмайман, себеби үйренбегенмен, – деди де, оларды шешип таслады. 40Даўыт таяғын қолына алып, сайдан бес сыйпақ тас терип алды. Оларды шопан дорбасына салғаннан соң, сақпанын алды да, филист Голиятқа қарай жүрди. 41Филист те, оның алдында қалқанын көтерип жүрген нөкери де Даўытқа қарай жүрди. 42Голият Даўытқа бастан-аяқ қарап шығып, оны менсинбеди. Себеби Даўыт қызыл жүзли, сымбатлы жас жигит еди. 43– Маған таяқ пенен шығатуғындай, мен не саған ийт пе едим? – деп, Голият өз қудайларының аты менен Даўытты нәлетледи. 44Соңынан: – Берман кел, денеңди аспандағы қуслар менен қыр даладағы ҳайўанларға жем қылайын, – деди. 45Даўыт оған былай деди: – Сен маған қылыш, найза ҳәм семсер менен қарсы шығып турсаң. Ал мен сен масқаралаған Израил әскерлериниң Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийесиниң аты менен саған қарсы шығып турман. 46Бүгин Жаратқан Ийе сени маған тәслим етеди. Сени өлтирип, басыңды денеңнен жуда қыламан. Бүгин филист әскерлериниң өликлерин көктеги қуслар менен жердеги ҳайўанларға жемтик қыламан. Сонда пүткил жер жүзи Израилда Қудай бар екенин билип алады. 47Бул жердегилердиң ҳәммеси Жаратқан Ийениң қылыш ҳәм найза менен қутқармайтуғынын билип алады. Себеби бул урыста Жаратқан Ийениң Өзи урысады. Ол сизлерди бизлерге тәслим етеди. 48Голият тасланбақшы болып, Даўытқа қарай жүрди. Даўыт та оның менен алысыў ушын, филистлер сапына қарай тез жуўырып кетти. 49Даўыт қолын дорбасына тығып, бир тасты алды да, сақпанына салып, атып жиберди. Тас филисттиң қақ маңлайын тесип кирди. Филист ет бетинен жерге жығылды. 50Солай етип, Даўыт филист Голиятты сақпан ҳәм тас пенен жеңди. Қолында қылышы болмаса да, оны өлтирип, жерге қулатты. 51Соңынан Даўыт жуўырып барып, филисттиң үстине минип турды. Оның семсерин қынынан суўырып алды да, оны өлтирип, басын кесип алды. Өзлериниң батыры болған Голияттың өлгенин көрген филистлер қаша баслады. 52Израил ҳәм Яҳуда әскерлери тура көтерилип, филистлерди Гаттың кирер аўзына ҳәм Экрон дәрўазаларына шекем қуўып барды. Шаарайымнан Гат ҳәм Экрон қалаларына баратуғын жолда филистлердиң өликлери жайрап жатты. 53Филистлерди қуўып болып қайтып келген израиллылар филистлердиң ордасын талан-тараж етти. 54Даўыт филист Голияттың басын алып, Ерусалимге әкелди, ал оның қурал-жарақларын өз шатырына қойды. 55Шаул Даўыттың Голият пенен алысыўға шыққанын көргенде, сәркәрда Абнерден: «Абнер, мына жас жигит кимниң баласы?» – деп сораған еди. Ал Абнер патшаға: «Алдыңызда ант ишип айтаман: патшам, мен билмеймен», – деп жуўап берген еди. 56Сонда патша оған: «Бул жигиттиң кимниң улы екенин бил», – деп буйырған еди. 57Даўыт Голиятты өлтирип, ордаға қайтып келиўден-ақ, Абнер оны ертип, Шаулға апарды. Голияттың кесилген басын Даўыт еле қолына услап жүрген еди. 58Шаул Даўыттан: – Кимниң улысаң? – деп сорады. Даўыт оған: – Бейтлеҳемли қулыңыз Ишайдың улыман, – деп жуўап берди.
Copyright information for
KaaIBT22C