1 Samuel 19
Шаулдың Даўытты өлтириўге ҳәрекет етиўи
1Шаул улы Ионатанға ҳәм барлық хызметшилерине Даўытты өлтириўди буйырды. Бирақ Шаулдың улы Ионатан Даўытты жүдә жақсы көретуғын еди. 2Ол Даўытқа хабар жиберип: «Әкем Шаул сени өлтирмекши. Ертең азанда сақ бол. Бир жерге жасырынып, сол жерде отыр. 3Ал мен сен жасырынған атызға барып, әкемниң жанында тураман ҳәм оның менен сен туўралы сөйлесемен. Бир нәрсе билсем, саған айтаман», – деди. 4Ионатан әкеси Шаулға Даўытты мақтап былай деди: – Патшам, өз қулың Даўытқа қарсы гүна ислеме. Себеби ол саған қарсы ҳеш қандай гүна ислемеди ҳәм ҳәр бир иси арқалы саған үлкен пайда келтирди. 5Ол жанын қәўип астына қойып, филистти өлтирди. Жаратқан Ийе пүткил Израилды жеңиске еристирди. Сен де буны көрип қуўандың. Солай екен, неге Даўытты себепсиз өлтирип, жазықсыз бир адамға наҳақлық ислеп атырсаң? 6Шаул Ионатанның сөзлерине қулақ салып: – Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен, Даўыт өлтирилмейди, – деди. 7Ионатан Даўытты шақырып, оған ҳәммесин айтып берди. Соңынан Даўытты Шаулдың қасына алып келди. Даўыт та алдынғыдай патшаның хызметине кирди. 8Саўаш және ҳәўиж алды. Даўыт филистлерге қарсы урысқа шығып, оларға күшли соққы берди. Филистлер Даўыттың алдына түсип қашты. 9Бир күни Шаул найзасын қолына алып, үйинде отырған еди. Даўыт та лира шертип отырған еди. Сол ўақытта Жаратқан Ийе жиберген жаман руўх Шаулды бийлеп алды. 10Шаул найзасы менен Даўытты дийўалға қадамақшы болды. Бирақ Даўыт және қашып қалып, Шаулдың найзасы дийўалға қадалды. Сол түни Даўыт қашып қутылды. 11Даўытты гүзетип, ертеңине азанда өлтириў ушын, Шаул Даўыттың үйине хызметшилерин жиберди. Бирақ ҳаялы Михал Даўытқа: – Егер бүгин түнде қашып қутылмасаң, азанда сени өлтиреди, – деди. 12Соңынан ол Даўытты терезеден төменге түсирип жиберди. Солай етип, Даўыт қашып қутылды. 13Михал бут мүсинин алып, оны төсекке жатқызды да, үстине көрпе жапты. Ал бас бетине ешки жүнинен исленген көпшик қойды. 14Шаул жиберген хызметшилер Даўытты тутып алып кетиўге келгенде, Михал оларға: – Даўыт аўырып атыр, – деди. 15Даўытты көрип келиў ушын Шаул хызметшилерин және жиберип атырып: «Оны төсеги менен усы жерге алып келиңлер, өлтирейин», – деп буйырды. 16Шаулдың хызметшилери үйге киргенде, төсекте басына ешки жүнинен көпшик қойылған мүсинниң жатырғанын көрди. 17Шаул Михалдан: – Неге мени алдап, душпанымды қашырып жибердиң? – деп сорады. Михал оған: – Даўыт маған: «Егер мени босатып жибермесең, өзиңди өлтиремен», – деди, – деп жуўап берди.Даўыттың Самуелдиң алдына барыўы
18Қашып қутылған Даўыт Рамада жасап атырған Самуелге барды ҳәм Шаулдың өзине ислеген барлық ислери туўралы айтып берди. Соңынан Даўыт Самуел менен бирге Найотқа барып, сол жерде қалды. 19Даўыттың Раманың Найот деген жеринде екенлиги ҳаққында хабар Шаулға жетип барды. 20Сонда Шаул Даўытты услап келиў ушын хызметшилерин сол жерге жиберди. Олар Самуелдиң басшылығындағы бир пайғамбарлар топарының өзгеше аўҳалға түсип жүргенин көрди. Сол ўақытта Қудайдың Руўхы Шаулдың хызметшилерине де түсип, олар да өзгеше аўҳалға түсип қалды. 21Шаул болып өткен ўақыяны еситкенде, басқа хызметшилерди жиберди. Олар да өзгеше аўҳалға түсти. Шаулдың үшинши рет жиберген хызметшилери де өзгеше аўҳалға түсти. 22Ақыры Шаулдың өзи Рама қаласына қарай жолға шықты. Ол Сехудағы үлкен суў сақлағышқа жеткенде: – Самуел менен Даўыт қай жерде? – деп сорады. Бир адам оған: – Раманың Найот деген жеринде, – деп жуўап берди. 23Шаул Рамадағы Найотқа баратырғанда, оған да Қудайдың Руўхы түсти. Ол Найотқа барғанша, жол бойы өзгеше аўҳалда болды. 24Шаул кийимлерин шешип таслады ҳәм Самуелдиң алдында өзгеше аўҳалға түсип қалып, пүткил күни ҳәм түни бойы жалаңаш жатты. Сонлықтан да, халықтың: «Шаул да пайғамбарлар арасында ма?» – деген сөзи усыннан қалған.
Copyright information for
KaaIBT22C