1 Samuel 20
Ионатанның Даўытқа жәрдем бериўи
1Даўыт Раманың Найот деген жеринен қашып, Ионатанға барды. Даўыт оннан: – Мен не қылдым? Айыбым не? Мени өлтиретуғындай, әкеңе қарсы не гүна иследим? – деп сорады. 2Ионатан оған: – Ҳасла, сен өлмейсең. Қандай ис болса да, әкем маған айтпай ҳеш нәрсе ислемейди. Буны неге меннен жасырар екен? Бундай нәрсе болмайды, – деп жуўап берди. 3Бирақ Даўыт оған: – Сениң мени жақсы көретуғыныңды әкең жақсы биледи. Ол: «Ионатан не ислейтуғынымды билмесин. Билсе, қапа болады», – деп ойлайды. Тири Жаратқан Ийе ҳақы алдыңда ант ишип айтаман: мен жар жағасында турман, – деди. 4Ионатан Даўытқа: – Тиле тилегиңди, сен ушын орынлайман, – деди. 5Даўыт Ионатанға былай деди: – Минекей, ертең Жаңа ай байрамы болады. Мен патша менен бирге дастурханға отырыўым керек. Бирақ маған рухсат бер, мен ертеңниң арғы күни кешке дейин атызда жасырынып турайын. 6Егер әкең мениң жоқлығымды сезип қалса, оған: «Даўыт асығыс түрде өз қаласы Бейтлеҳемге кететуғын болып, меннен жалынып рухсат сорады. Ол жерде пүткил тийреси жыллық қурбанлық береди екен», – дерсең. 7Егер әкең: «Яқшы», – десе, онда мениң қәўип-қәтерден аман болғаным. Егер ғәзепленсе, билип қой, оның мени өлтириўди қарар еткени. 8Ал саған келсек, сен маған жақсылық исле. Себеби Жаратқан Ийениң алдында мениң менен келисим дүзгенсең. Егер айыплы болсам, мени өзиң өлтир. Мени әкеңе апарыўыңның не кереги бар? 9Ионатан Даўытқа: – Саған ҳасла ондай болмайды. Егер әкемниң сени өлтириўди қарар еткенин билгенимде, саған айтпас па едим? – деди. 10Даўыт Ионатаннан: – Егер әкең саған қатал жуўап берсе, оны маған ким хабарлайды? – деп сорады. 11Ионатан Даўытқа: – Жүр атызға барайық, – деди де, олар екеўи атызға кетти. 12Ионатан сөзин даўам етип, Даўытқа былай деди: – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе гүўа болсын! Ертең ямаса арғы күни усындай ўақытқа дейин әкемниң нийетин билип аламан. Егер әкемниң саған деген нийети жақсы болса, саған хабар жиберемен. 13Егер әкем сени өлтириўди нийет еткен болса, ал мен сени хабардар етип, қәўипсиз кетиўиңди тәмийинлемесем, онда Жаратқан Ийе мени жазалаған үстине жазаласын. Жаратқан Ийе бурын мениң әкеме яр болғаны сыяқлы, саған да яр болсын. 14Бирақ сен көзимниң тирисинде маған Жаратқан Ийениң мийримин көрсет. 15Егер мен өлип қалсам, Жаратқан Ийе сениң барлық душпанларыңды жер бетинен жоқ қылып жиберсе де, сен мениң үй-ишимнен мәңгиге өз мийримиңди аяма. 16Солай етип, Ионатан Даўыттың нәсили менен келисим дүзип: «Жаратқан Ийе Даўыттың душпанларын жазаласын», – деди. 17Даўытқа деген сүйиспеншилиги себепли, Ионатан оған және бир мәрте ант иштирди. Өйткени Ионатан Даўытты жанындай жақсы көретуғын еди. 18Ионатан Даўытқа былай деди: – Ертең Жаңа ай байрамы. Сениң жоқлығың билинеди, себеби орның бос турады. 19Арғы күни кеште төмен түсип, тез бурын жасырынған жериңе бар да, Эзел тасының жанында күтип тур. 20Мен бир нышанды гөзлегендей болып, тас бетке қарай үш рет оқ атаман. 21Соңынан хызметшиме: «Барып, оқларды таўып, алып кел», – деп буйыраман. Егер хызметшиме: «Қара, оқлар сениң арт жағыңда, оларды алып кел», – десем, онда сен мениң жаныма кел. Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: сен қәўип-қәтерден аўлақсаң. 22Егер хызметшиме: «Қара, оқлар алды бетиңде», – десем, сен кет. Өйткени Жаратқан Ийе сени узақларға жиберип атыр. 23Ал бир-биримизге берген антымызға келсек, Жаратқан Ийе бизлерге мәңгиге гүўа болсын. 24Солай етип, Даўыт атызға жасырынды. Жаңа ай байрамы басланғанда, патша Шаул дастурханға отырды. 25Ол әдеттегидей дийўал жанындағы өз орнына отырды. Ионатан Шаулдың қарсы алдына ▼▼ Ионатан Шаулдың қарсы алдына – Әййемги грекше аўдармадан. Еврейше қолжазбаларда «Ионатан орнынан турды».
, Абнер оның қасындағы өз орнына отырды. Ал Даўыттың орны бос қалды. 26Бирақ Шаул сол күни ҳеш нәрсе демеди. Ол: «Даўыттың қандай да бир жағдайы шығып, тазаланыў рәсимин орынлай алмай қалып, пәкленбеген шығар», – деп ойлады. 27Деген менен, ертеңине, байрамның екинши күни де Даўыттың орны және бос турды. Сонда Шаул улы Ионатаннан: – Ишайдың улы неге кеше де, бүгин де аўқатланыўға келмеди? – деп сорады. 28Ионатан әкесине: – Даўыт Бейтлеҳемге барыў ушын меннен жалынып рухсат сораған еди. 29Ол маған: «Илтимас, маған рухсат бер. Себеби тийремиз қалада қурбанлық бермекши еди. Әжағам маған сол жерде болыўымды буйырған еди. Егер мақул көрсең, барып, туўысқанларымды көрип келейин», – деген еди. Сонлықтан ол патша дастурханына келе алмады, – деп жуўап берди. 30Сонда Шаул ғәзепленип, Ионатанға былай деп бақырды: – Ҳәй сен, найсап! Ишайдың баласы менен досласып алғаныңды билмейди дейсең бе? Бул исиң менен өзиңди де, сени туўған анаңды да уятқа қалдырып атырсаң. 31Егер Ишайдың улы жер бетинде тири турса, өзиң де, патшалығың да сақланып қалмайды. Енди адам жиберип, оны маған алып келтир. Ол өлиўи тийис! 32Ионатан әкесине: – Ол не ушын өлиўи керек? Ол не иследи, ақыры? – деди. 33Бирақ Шаул Ионатанды өлтирмекши болып, оған қарай найзасын ылақтырып жиберди. Сонда Ионатан әкесиниң Даўытты өлтириўге анық қарар қылғанын түсинди. 34Ионатан қатты ашыўланып, дастурхан басынан турды. Ол айдың екинши күни ҳеш дуз татпады. Себеби әкесиниң Даўытты хорлаўы оны ҳәсиретке салды. 35Ертеңине азанда Ионатан Даўыт пенен көрисиў ушын атызға кетти. Ол жанына бир жас баланы алды. 36Ионатан балаға: – Жуўыр, мен атқан оқларды изле! – деди. Бала жуўырып баратырғанда, Ионатан оның алдына қарай бир оқ атты. 37Бала Ионатанның атқан оғы түскен жерге барғанда, Ионатан оған: – Оқ алды бетиңде! – деп бақырды. 38Соңынан Ионатан және: – Тез бол, жуўыр, тоқтап турма! – деп бақырды. Бала оқты алып, мырзасына әкелип берди. 39Бала ҳеш нәрседен хабарсыз еди. Бул истиң мәниси тек Ионатан менен Даўытқа аян еди. 40Ионатан қурал-жарақларын балаға берип: – Мыналарды қалаға апар, – деди. 41Бала кетиўден-ақ, Даўыт тастың қубла тәрепинен шығып келди де, жүзи жерге тийгенше ийилип, үш рет тәжим етти. Еки дос бир-бирин сүйип жылады, бирақ Даўыт қаттырақ жылады. 42Ақырында Ионатан Даўытқа: – Аман-есен жолыңа түс. Екеўимиз Жаратқан Ийениң аты менен ант ишкенбиз. Жаратқан Ийе бизлердиң ҳәм урпақларымыздың арасында мәңгиге гүўа болсын, – деди. 43Соннан кейин, Даўыт өз жолына түсти. Ал Ионатан қалаға қайтты.
Copyright information for
KaaIBT22C