1 Samuel 22
1Соннан кейин, Даўыт Гаттан шығып, Адуллам үңгирине жасырынды. Ағалары ҳәм әкесиниң үй-иши буны еситип, Даўыттың жанына келди. 2Қыйын жағдайда қалған, қарызға батқан ҳәм өмирден түңилген адамлардың ҳәммеси Даўыттың жанына жыйналды. Саны төрт жүзге шамаласқан бул адамларға Даўыт жетекшилик қылды. 3Даўыт сол жерден Моабтағы Миспе қаласына барып, Моаб патшасынан: – Қудайдың маған не қылажағын билип алғанымша, ата-анамның сизиң қасыңызда қалыўына рухсат бериң, – деп өтиниш етти. 4Солай етип, Даўыт ата-анасын Моаб патшасының жанына алып келди. Даўыт бас паналап жүргенинде, ата-анасы Моаб патшасының жанында жасады. 5Бирақ пайғамбар Гад Даўытқа: – Бул жерде қалма, Яҳуда жерине кет, – деди. Соннан кейин, Даўыт сол жерден кетип, Херет тоғайына барды.Шаулдың Ноб қаласының руўханийлерин өлтириўи
6Сол арада Шаул Даўыт ҳәм оның жанындағы адамлардың қай жерде екенин билди. Сол ўақытта патша найзасын қолына алып, Гибада тамариск ▼▼ Тамариск – жыңғылға уқсаған, бирақ оннан бийик ҳәм сулыў терек.
терегиниң астында отырған еди. Әскерлери де оның әтирапын қоршап турған еди. 7Сонда Шаул оларға былай деди: – Ҳәй беняминлилер, мени тыңлаңлар! Ишайдың улы ҳәр бириңизге егислик жерлерди ҳәм жүзимзарларды береди дейсиз бе? Ҳәр бириңизди мыңбасы ямаса жүзбасы етип қояды дейсиз бе? 8Сол себепли ҳәммеңиз маған қарсы тил бириктирдиңиз бе? Улымның Ишайдың улы менен келисим дүзгенин маған ҳеш ким хабарламады. Араңыздан маған жаны ашыйтуғын бирде бир адам шықпады. Бүгингидей маған дузақ қурыў ушын, улымның қулым Даўытты қайрағанын маған билдирген адам да болмады. 9Сол ўақытта Шаулдың әскерлериниң жанында турған эдомлы Доег: – Ишайдың улы Даўыттың Ноб қаласына Ахитубтың улы Ахимелехтиң жанына барғанын көрдим. 10Ахимелех Даўыт ушын Жаратқан Ийеден сорады. Оған азық-аўқат та, филист Голияттың қылышын да берди, – деди. 11Патша Шаул Ахитубтың улы руўханий Ахимелехти ҳәм оның әкесиниң әўладынан болған Нобта жасайтуғын барлық руўханийлерди шақырып келиў ушын адамларын жиберди. Олардың ҳәммеси патшаға келди. 12Шаул Ахимелехке: – Ҳәй Ахитуб улы, мени тыңла! – деди. – Ләббәй, тақсыр, – деп жуўап берди Ахимелех. 13Шаул оған: – Неге сен Ишайдың улы менен бирге маған қарсы тил бириктирдиң? Сен оған нан менен қылыш бердиң ҳәм оның ушын Қудайдан сорадың. Даўыт маған қарсы қозғалаң көтерип, дузақ қурды. Бул бүгин анық көринип тур, – деди. 14Ахимелех Шаулға былай деп жуўап берди: – Пүткил хызметшилериңиз арасында Даўыттай исенимли адам бар ма? Даўыт сизиң күйеў балаңыз, сақшыларыңыздың басшысы ҳәм хожалығыңыздағы ҳүрметли адамлардың бири. 15Мени Даўыт ушын Қудайдан сораўды сол күни баслады дейсиз бе? Әлбетте, яқ! Тақсыр, қулыңыз болған мени ҳәм мениң әкемниң хожалығын айыпламаңыз. Себеби мен бул ис ҳаққында ҳеш нәрсе билмейтуғын едим. 16Бирақ Шаул оған: – Ҳәй Ахимелех, өзиң де, әкеңниң пүткил хожалығы да сөзсиз өлесизлер, – деди. 17Соңынан Шаул жанында турған сақшыларына: – Қәнекей, Даўытты қоллаған Жаратқан Ийениң руўханийлерин өлтириңлер. Олар Даўыттың қашып кеткенин билсе де, маған хабар бермеди, – деди. Деген менен, патшаның хызметшилери қол көтерип, Жаратқан Ийениң руўханийлерин өлтиргиси келмеди. 18Сонда патша Доегке: – Сен барып, руўханийлерди өлтир, – деп буйырды. Сол күни эдомлы Доег барып, зығыр эфод кийген сексен бес руўханийди өлтирди. 19Соңынан ол еркек, ҳаял, бала ямаса нәресте деместен, руўханийлер қаласы Нобтың халқын қылыштан өткизди. Және де, сыйырларды, ешеклерди ҳәм қойларды да шаўып таслады. 20Тек Ахитуб улы руўханий Ахимелехтиң улларының бири Абиятар ғана қутылып, Даўыттың жанына қашып кетти. 21Абиятар Шаулдың Жаратқан Ийениң руўханийлерин өлтиргени туўралы Даўытқа айтып берди. 22Даўыт Абиятарға былай деди: – Сол күни ол жерде эдомлы Доегти көргенимде, оның Шаулға сөзсиз жеткизип баратуғынын билген едим. Әкеңниң хожалығындағы ҳәр бир жанның өлимине мен себепшимен. 23Жанымда қал, қорқпа. Сени өлтирмекши болғанлар мени де өлтирмекши. Жанымда қалсаң, қәўипсиз боласаң, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C