1 Samuel 23
Даўыттың Кеила қаласын азат етиўи
1Даўытқа: «Филистлер Кеила қаласына ҳүжим жасап, қырманды талан-тараж қылып атыр», – деп хабарлады. 2Даўыт Жаратқан Ийеден: – Барып, сол филистлерге ҳүжим жасайын ба? – деп сорады. Жаратқан Ийе оған: – Бар да, филистлерге ҳүжим жасап, Кеиланы азат ет, – деди. 3Бирақ Даўыттың адамлары: – Мине, бизлер бул жерде, Яҳудада жүрип қорқамыз. Солай екен, Кеилаға барып, филист әскерлерине қарсы қалай урысамыз? – деди. 4Сонда Даўыт Жаратқан Ийеден және сорағанда, Жаратқан Ийе оған: – Турып, Кеилаға бар! Өйткени филистлерди саған Мен тәслим етежақпан, – деди. 5Солай етип, Даўыт адамлары менен Кеилаға барып, филистлерге қарсы урысты ҳәм олардың малларын қолға киргизди. Ол филистлерди күшли қырғынға ушыратып, Кеила халқын азат етти. 6Ахимелехтиң улы Абиятар қашып, Кеилада турған Даўыттың жанына барғанда, эфодты ▼▼ Эфод – сөзликке қараң.
да өзи менен бирге алып барған еди. Шаулдың Даўытты қуўдалаўын даўам етиўи
7Шаул Даўыттың Кеила қаласына барғанын еситип: «Қудай Даўытты қолыма услап берди. Даўыт дәрўазалары тәмбиленген бир қалаға кирип, өзин өзи тутып берди», – деди. 8Солай етип, Шаул Кеилаға барып, Даўытты ҳәм оның адамларын қамалға алыў ушын, пүткил халықты саўашқа шақырды. 9Даўыт Шаулдың өзине жаманлық қылыўды режелестиргенин еситкенде, руўханий Абиятарға: – Эфодты берман алып кел, – деди. 10Соңынан ол дуўа етип былай деди: – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе! Қулың болған мен себепли Шаулдың Кеилаға келип, халқын ўайран етпекши екенин еситтим. 11Кеилалылар мени Шаулдың қолына тутып бере ме? Қулыңның еситкениндей, Шаул усы жерге кележақ па? Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе, жалбарынаман, қулыңа аян ет. Жаратқан Ийе: – Шаул келеди, – деп жуўап берди. 12Даўыт Жаратқан Ийеден: – Кеила халқы мени ҳәм адамларымды Шаулдың қолына тутып бере ме? – деп сорады. – Тутып береди, – деп жуўап берди Жаратқан Ийе. 13Сонда Даўыт ҳәм оның жанындағы алты жүздей адам Кеиладан кетип, ҳәр жерде орын өзгертип жүре берди. Даўыттың Кеиладан қашып кеткенин еситкен Шаул ол жерге барыў пикиринен қайтты.Даўыт Зиф шөлинде
14Даўыт шөлдеги адам бара алмайтуғын жерлерде, Зиф шөлиниң таўлы бөлегинде жасап жүрди. Шаул Даўытты ҳәр күни излесе де, Қудай Даўытты оның қолына тутып бермеди. 15Даўыт Зиф шөлинде, Хореш тоғайында жүргенде, Шаулдың өзин өлтириў ушын жолға шыққанын билип қалды. 16Сол арада Шаулдың улы Ионатан Хореште жасап турған Даўытқа барды ҳәм оны Қудайдың аты менен руўхландырып, оған: 17– Қорқпа, сен әкем Шаулдың қолына түспейсең. Сен Израилға патша боласаң, ал мен сениң жәрдемшиң боламан. Әкем Шаул да буны биледи, – деди. 18Кейин екеўи Жаратқан Ийениң алдында өзлериниң арасындағы келисимди жаңалады. Соңынан Ионатан үйине қайтты, ал Даўыт Хореште қалды. 19Зифлилер Гибаға барып, Шаулға былай деп хабарлады: – Даўыт бизлерде, Ешимонның қубласында, Хахила төбешигиндеги Хорештиң адам бара алмайтуғын жерлеринде жасырынып жүр. 20Тақсыр, қәлеген ўақытта келе бериң. Даўытты сизге тутып бериўди бизлерге қойып бериң. 21Шаул оларға былай деди: – Маған жаныңыз ашығаны ушын Жаратқан Ийе сизлерди жарылқасын! 22Барып, және бир мәрте тексерип шығың. Даўыттың қай жерлерде жасырынып жүргенин, сол жерде оны кимлердиң көргенин жақсылап билип алыңлар. Себеби халық оны жүдә ҳийлекер демекте. 23Оның жасырынатуғын жерлериниң ҳәммесин билип алып, маған анық хабар алып келиңлер. Сонда мен де сизлер менен бирге бараман. Егер Даўыт сол үлкеде болса, оны пүткил Яҳуданың тийрелери арасынан излеп табаман. 24Солай етип, зифлилер жолға түсип, Шаулдан алдын Зифке келди. Сол ўақытта Даўыт ҳәм оның адамлары Ешимонның қубласындағы далаңлықта, Маон шөлинде еди. 25Шаул адамлары менен Даўытты излеўге шықты. Даўыт Шаулдың киятырғанын еситип, Маон шөлиндеги жартасларға барып жасырынды. Шаул буны еситип, Даўыттың изинен Маон шөлине кетти. 26Шаул таўдың бир тәрепинен, Даўыт пенен оның адамлары таўдың екинши тәрепинен алға қарай жүрди. Даўыт Шаулдан қашып қутылыўға асықты. Ал Шаул ҳәм оның адамлары болса, Даўытты ҳәм оның адамларын қолға түсириў ушын, қоршай баслады. 27Сол ўақытта бир хабаршы келип, Шаулға: – Тез жүриң! Филистлер елимизге ҳүжим жасап атыр, – деди. 28Сонда Шаул Даўытты қуўыўын тоқтатып, филистлер менен урысыўға кетти. Сонлықтан сол жерге Села-Ҳаммахлеқот ▼▼ Села-Ҳаммахлеқот – «ажыралыў жартасы» деген мәнисти билдириўи мүмкин.
деген ат берилди.
Copyright information for
KaaIBT22C