‏ 1 Samuel 24

Даўыттың Шаулдың жанын сақлап қалыўы

1Даўыт сол жерден кетип, Эн-Гедий үлкесиндеги адам бара алмайтуғын жерлерде жасырынып жүрди. 2Шаул филистлер менен болған урыстан қайтып келгенде, Даўыттың Эн-Гедий шөлинде жүргенинен хабар тапты. 3Шаул Даўытты ҳәм оның адамларын «Таў ешкиси» жартаслығынан излеў ушын, пүткил Израилдан үш мың ағла әскер алып, жолға шықты.

4Жол жийегинде қой қорасы болып, оның жанында бир үңгир бар еди. Шаул майданлаў ушын үңгирге кирди. Ал сол үңгирдиң ең түпкиринде Даўыт пенен оның адамлары отырған еди. 5Адамлары Даўытқа:

– Жаратқан Ийе саған: «Душпанларыңа қәлегениңди ислей алыўың ушын, оларды саған тәслим етемен», – деген еди. Мине, бүгин сол күн келди, – деди.

Сонда Даўыт орнынан турып, билдирмей Шаулдың шапанының шалғайынан кесип алды.
6Бирақ Даўыт кейин ала Шаулдың шалғайынан кесип алғаны ушын, өзин айыплы сезди. 7Даўыт өз адамларына:

– Тақсырыма, Жаратқан Ийениң майлаған адамына қол көтерип, оған бир нәрсе ислеўден Жаратқан Ийениң Өзи сақласын! Себеби ол Жаратқан Ийениң майлаған адамы, – деди.
8Даўыт усы сөзлери менен адамларына тыйым салып, Шаулға қол тийгизиўге рухсат бермеди. Ал Шаул үңгирден шығып, жолға түсти. 9Даўыт та Шаулдың изинше үңгирден шығып:

– Тақсыр! – деп бақырды. Шаул артына қарағанда, Даўыт ет бетинен жерге жығылып, оған тәжим етти.
10Соңынан ол Шаулға былай деди:

– «Даўыт саған жаманлық қылажақ», – дегенлердиң сөзлерине неге қулақ саласыз?
11Бүгин Жаратқан Ийениң сизди қолыма тутып бергенин көзиңиз бенен көрип турыпсыз. Базылар мениң сизди өлтириўимди қәлеген еди. Бирақ мениң сизге жаным ашып: «Тақсырыма қол тийгизбеймен, өйткени ол Жаратқан Ийениң майлаған адамы», – дедим. 12Ҳәй әке, минекей, шапаныңыздың шалғайынан кесип алынған қолымдағы мына қыйындыға қараң! Мен сизиң шапаныңыздың шалғайынан кесип алдым, бирақ сизди өлтирмедим. Буннан кеўлимде жаманлықтың ҳәм зулымлықтың жоқ екенин билип алың. Мен сизге жаманлық қылмасам да, сиз мени өлтирмекши болып атырсыз. 13Жаратқан Ийе арамызда төрелик етсин ҳәм мениң өшимди сизден Ол алсын. Бирақ мен сизге қол көтермеймен. 14Ата-бабаларымыз: «Жаманлық жаман адамлардан шығады», – дегени сыяқлы, мен сизге қол көтермеймен. 15Израил патшасы кимге қарсы шықты? Сиз кимди қуўдалап атырсыз? Өлген ийтти ямаса бир бүргени емес пе? 16Жаратқан Ийе бизлерге қазылық етип, қай биримиздиң ҳақ екенимизди шешип берсин. Жаратқан Ийе даўымды қарап шықсын ҳәм мени жақлап, сизиң қолыңыздан қутқарсын.

17Даўыт сөзин тамамлағанда, Шаул оған:

– Даўыт, улым! Бул сениң даўысың ба? – деп сорады ҳәм өкирип жылай баслады.
18Соңынан ол былай деди:

– Сен маған қарағанда әдилирексең. Мен саған жаманлық ислесем де, сен маған жақсылық пенен жуўап бердиң.
19Бүгин сен маған жақсы қатнаста екенлигиңди дәлилледиң. Жаратқан Ийе мени қолыңа тутып берсе де, мени өлтирмедиң. 20Душпанын тутып алған қайсы бир адам оны аман жибереди? Бүгин маған ислеген жақсылығың ушын, Жаратқан Ийе саған жақсылық сыйласын! 21Енди мен сениң сөзсиз патша болатуғыныңды билдим. Израил патшалығы сениң қолыңда беккем болады. 22Енди меннен кейин урпақларымды жоқ қылмайтуғыныңды, әкемниң хожалығынан атымды өширмейтуғыныңды айтып, Жаратқан Ийе ҳақы ант иш.

23Даўыт Шаулға ант берди. Соннан кейин, Шаул үйине қайтты, ал Даўыт ҳәм оның адамлары паналаған жерлерине кетти.
Copyright information for KaaIBT22C