1 Samuel 25
Самуелдиң өлими
1Сол арада Самуел дүньядан өтти. Пүткил Израил халқы жыйналып, оған жоқлаў айтып жылап, оны Рамадағы өз үйине жерледи. Буннан соң, Даўыт Паран шөлине кетти.Даўыт, Набал ҳәм Абигайыл
2Маон қаласында жүдә бай бир адам бар еди. Оның жер ийелиги Кармел қаласында болып, үш мың қойы ҳәм мың ешкиси бар еди. Ол сол ўақытта Кармелде қойларының жүнин қырқып атырған еди. 3Бул адам Калеб урпағынан болып, аты Набал, ҳаялының аты Абигайыл еди. Ҳаялы ақыллы ҳәм сулыў, ал күйеўи турпайы ҳәм жаўыз адам еди. 4Даўыт шөлде жүргенде, Набалдың қойларын қырқып атырғанын еситти. 5Сонда Даўыт он жигитти Набалға жиберип атырып, оларға былай деп буйырды: – Кармелдеги Набалға барыңлар, оған меннен сәлем айтып, 6былай деңлер: «Өмириңиз узақ болсын! Сизге, үй-ишиңизге ҳәм өзиңизге тийислиниң ҳәммесине аманлық болсын! 7Ҳәзир қойларыңызды қырқып атырғаныңызды еситтим. Шопанларыңыз бизлер менен бирге болғанда, оларды қапа қылмадық. Кармелде болған ўақытта ҳеш нәрсеси де жоғалмады. 8Хызметшилериңизден сорап көрсеңиз, олар сизге айтып береди. Сонлықтан адамларымды жыллы жүзлилик пенен қарсы алсаңыз. Себеби сизге байрам күни келип турмыз. Өтиниш, қулларыңызға ҳәм улыңыз Даўытқа қолыңызда барынан берсеңиз». 9Даўыттың адамлары барып, бул сөзлерди Даўыттың атынан Набалға жеткизип болып, жуўап күте баслады. 10Бирақ Набал оларға мына жуўапты қайтарды: «Даўыт деген ким өзи? Ишайдың улы ким болыпты? Усы күнлери хожайынларынан қашып жүрген қуллар көбейип кетти. 11Мен не қой қырқып атырған адамларыма арнап қойған нанымды, суўымды ҳәм сойған малымның гөшин қаяқтан келгени белгисиз бир адамларға бериўим керек пе?» 12Даўыттың адамлары келген жолы менен қайтып кетти. Олар Набалдың айтқанларының ҳәммесин Даўытқа жеткизди. 13Даўыт адамларына: – Ҳәмме қылышларыңызды асыныңлар! – деп буйырды. Даўыт та, адамлары да қылышларын асынып алды. Төрт жүзге жақын адам Даўыт пенен бирге кетти, ал еки жүз адам қурал-сайманлар жанында қалды. 14Сол арада Набалдың хызметшилеринен бири оның ҳаялы Абигайылға мынадай хабар жеткизди: «Даўыт мырзамыз Набалға шөлден өз хабаршыларын жиберип, сәлем жоллаған еди. Бирақ Набал оларға турпайы қатнаста болды. 15Ал ол адамлар болса, бизлерге жүдә жақсы қатнаста болған еди. Олар бизлерди ренжитпеди. Жайлаўда олар менен бирге болған ўақтымызда, ҳеш нәрсемиз жоғалмады. 16Олардың қасларында қой баққанымызда, олар бизлерди күни-түни қорғап жүретуғын еди. 17Енди не ислеў кереклигин жақсылап ойлап көриң. Өйткени мырзамыздың ҳәм оның пүткил үй-ишиниң басына апат дөнип тур. Мырзамыз соншелли зулым болғанлықтан, ҳеш бир адам оған бир аўыз сөз айта алмайды». 18Сонда Абигайыл ўақытты бос жибермей, еки жүз нан, еки мес шарап, бес қойдың гөшин, бес сеа ▼▼ Бес сеа – бир сеа шама менен 7,5 л.
қуўырмаш, нығызланған кишмиштен жүз дана ҳәм кептирип нығызланған әнжирден еки жүз дана алып, оларды ешеклерге артты. 19Соңынан ҳаял хызметшилерине: – Сизлер мениң алдымнан жүриңлер, мен сизлердиң изиңизден бараман, – деди. Бирақ ол күйеўи Набалға ҳеш нәрсе айтпады. 20Абигайыл ешекке минип, таўдың соқпақ жоллары арқалы төменге түсип киятырғанда, өзине қарсы киятырған Даўытты ҳәм оның адамларын ушыратты. 21Даўыт адамларына мына сөзлерди айтып атырған екен: «Бул адамның шөлдеги мал-мүлкин бийкарға қорыған екенмен. Оның ҳеш бир нәрсеси жойтылып кетпеди. Ал ол болса, жақсылығыма жаманлық пенен жуўап қайтарды. 22Егер азанға шекем Набалға тийисли еркек затынан биреўин тири қалдырсам, Қудай мени жазалаған үстине жазаласын ▼▼ Қудай мени жазалаған үстине жазаласын – Әййемги грекше аўдармадан. Еврейше қолжазбаларда «Қудай душпанларымның жазасын берсин».
». 23Абигайыл Даўытты көриўден дәрҳал ешектен түсти де, Даўыттың алдында ет бетинен жерге жығылып, тәжим етти. 24Оның аяқларына бас урып, былай деп жалбарынды: – Мырзам, айыпты мен, жалғыз мен мойныма аламан. Шорыңыз болған маған бир аўыз сөз айтыўға рухсат етиң. Айтқанларыма қулақ салың. 25Жалбарынаман, мырзам, сол Набал деген оңбаған адамға итибар бермеңиз. Аты ақылсыз дегенди билдиреди, сол сыяқлы өзи де ақылсыздың бири. Тилекке қарсы шорыңыз болған мен мырзам, сизиң жиберген адамларыңызды көрмей қалдым. 26Енди, мырзам, Жаратқан Ийе сизди қан төгиўден, өз қолыңыз бенен өш алыўдан сақлап қалды. Тири Жаратқан Ийе ҳақы алдыңызда ант ишип айтаман: душпанларыңыздың ҳәм сизге жаманлық тилейтуғынлардың ҳәммесиниң басына Набалдың басына түсетуғын күн түссин. 27Мырзам, сизге алып келген мына сыйларымды изиңизге ерген адамларға берсеңиз. 28Шорыңыздың гүнасын кешириң. Жаратқан Ийе, әлбетте, урпағыңызды беккем қылады. Себеби мырзам, сиз Жаратқан Ийениң урысларын алып барып атырсыз. Өмириңиздиң ақырына шекем сизде ҳеш бир наҳақлық болмасын. 29Егер биреў сизди өлтириў ушын қуўып жүрсе, Қудайыңыз Жаратқан Ийе өмириңизди Өз панасында асырайды. Ол душпанларыңызды сақпаннан атылған тастай етип ылақтырып таслайды. 30Жаратқан Ийе сизге ўәде еткен ийгиликлериниң ҳәммесин орынлап, сизди Израилға ҳүкимдар етип қояды. 31Сонда өзим ушын өш алып, жөнсиз қан төктим деп азап шегип, пушайман болмайсыз. Жаратқан Ийе мырзама табыс бергенде, өз шорыңызды еске алың. 32Даўыт Абигайылға былай деди: – Бүгин сени маған ушырастырған Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! 33Берекет тапқайсаң! Жақсы ақыл берип, бүгин мени қан төгиўден ҳәм өз қолым менен өшимди алыўдан сақлап қалғаның ушын жарылқаў алғайсаң. 34Саған жаманлық қылыўдан сақлап қалған Израилдың Қудайы, тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: егер сен мени ушыратыў ушын, асығыслық пенен жолға шықпағаныңда, таң атқанша, Набалға тийисли ер адамлардың биреўи де тири қалмаған болар еди. 35Даўыт Абигайылдың сыйларын қабыл етип: – Аман-есен үйиңе қайт. Сөзлериңе қулақ салып, тилегиңди қабыл еттим, – деди. 36Абигайыл Набалдың жанына қайтып келгенде, Набал үйинде патшалық зыяпаттай етип зыяпат берип атырған екен. Ол жүдә мәс болып, кеўли көтериңки еди. Сонлықтан азанға шекем Абигайыл оған ҳеш нәрсе айтпады. 37Ертеңине азанда Набал өзине келгеннен соң, ҳаялы оған болған ўақыяларды айтып берди. Сол ўақытта-ақ Набалдың жүреги музлап, ләң болып қалды. 38Онлаған күннен кейин, Жаратқан Ийе Набалды жазалап, оны өлтирди. 39Даўыт Набалдың өлгенин еситкенде: «Мени масқаралаған Набалға қарсы даўымды қарап шығып, қулын жаманлық ислеўден сақлап қалған Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Жаратқан Ийе оның жаманлығын өзине қайтарды», – деди. Соңынан Даўыт Абигайылға үйленбекшилигин билдириў ушын адам жиберди. 40Даўыттың адамлары Кармелдеги Абигайылға барып: – Даўыт саған үйленбекши. Соны билдириў ушын бизлерди жиберди, – деди. 41Абигайыл маңлайы жерге тийгенше ийилип: – Мине, мен, ҳәтте, Даўыттың хызметшилериниң шорысы болыўға да таярман, – деди. 42Абигайыл тез орнынан турды да, ешекке минди. Қасына бес шорысын алып, Даўыттың хабаршыларының изинен жолға түсти. Соңынан ол Даўыттың ҳаялы болды. 43Даўыт изреелли Ахиноамға үйленген еди. Солай етип, Даўыттың еки ҳаялы болды. 44Сол арада Шаул қызы Михалды, яғный Даўыттың ҳаялын галлимли Лайыштың улы Палтийге берип жиберген еди.
Copyright information for
KaaIBT22C