‏ 1 Samuel 27

Даўыт филистлер арасында

1Даўыт ишинен: «Бир күни Шаулдың қолынан өлип кетермен. Жақсысы, тезирек филистлердиң жерине қашып кетейин. Сонда Шаул Израилдың ҳәр жеринен мени излегенди қояр, мен де оннан қутыларман», – деп ойлады.

2Усылайынша Даўыт ҳәм оның жанындағы алты жүз адам жолға шығып, Гат патшасы Маох улы Ахиштиң тәрепине өтип кетти. 3Олар хожалығындағылар менен бирге Гат қаласына, Ахиштиң жанына орналасты. Даўыттың еки ҳаялы: изреелли Ахиноам ҳәм кармелли Набалдың жесири Абигайыл да оның жанында еди. 4Шаул Даўыттың Гатқа қашып кеткенин еситкенде, енди оны излеўден ўаз кешти.

5Даўыт Ахишке:

– Егер мақул көрсеңиз, әтираптағы қалалардың биринен маған бир жер берилсин, мен сол жерде жасайын. Себеби қулыңыз болған маған сизиң қасыңызда, патшаның қаласында жасаўдың неге кереги бар? – деди.

6Ахиш сол күни Даўытқа Сиклаг қаласын берди. Сол себептен Сиклаг ҳәзирге дейин Яҳуда патшаларына тийисли қала болып қалды. 7Даўыт филистлер елинде бир жыл төрт ай жасады.

8Сол ўақыт ишинде Даўыт ҳәм оның адамлары гешур, гизер ҳәм амалек халықларына шабыўыл жасады. Бул халықлар узақ ўақытлардан бери Шурға, ҳәтте, Мысырға шекем созылған жерлерде жасайтуғын еди. 9Даўыт қай жерге шабыўыл жасаса да, еркекти де, ҳаялды да, ҳеш кимди тири қалдырмай, тек олардың қойларын, өгизлерин, ешеклерин, түйелерин ҳәм кийим-кеншеклерин алып, патша Ахишке қайтып келетуғын еди.

10Егер Ахиш Даўыттан: «Бүгин қай жерлерге шабыўыл жасадыңыз?» – деп сораса, Даўыт оған: «Яҳуданың қубла тәрепине, Ерахмеел тийресиниң ҳәм кенлердиң қубла тәрепине шабыўыл жасадық», – деп жуўап беретуғын еди. 11Даўыт ҳеш бир адамның Гатқа келип: «Даўыт олай иследи ямаса Даўыт булай иследи», – деп айтпаўы ушын, еркекти де, ҳаялды да, ҳеш кимди тири қалдырмайтуғын еди. Даўыт филистлердиң елинде жасаған ўақтының ҳәммесинде усылай иследи.

12Ахиш Даўытқа исенип: «Даўыт өз халқы болған израиллыларға жек көринишли болды. Буннан былай, ол мәңгиге мениң хызметимде болады», – деп ойлады.
Copyright information for KaaIBT22C