1 Samuel 28
1Сол күнлери филистлер Израил менен урысыў ушын әскерлерин топлады. Ахиш Даўытқа: – Билип қой, сен адамларың менен бирге мениң жанымда урысасаң, – деди. 2Даўыт оған: – Сол ўақытта сиз де қулыңыздың нелер қылатуғынын көресиз, – деп жуўап берди. Ахиш оған: – Яқшы, онда мен сени бир өмирге өзимниң тән сақшым етип тайынлайман, – деди.Шаулдың әрўақ шақырыўшы ҳаялға барыўы
3Самуел өлгенде, пүткил Израил халқы оған жоқлаў айтып жылап, оны өз қаласы Рамаға жерлеген еди. Ал Шаул болса, әрўақларды ҳәм руўхларды шақыратуғынларды елден қуўып жиберген еди. 4Филистлер топланып, Шунемге келди ҳәм сол жерге орда қурды. Шаул да пүткил израиллыларды топлап, Гилбоа таўына орда қурды. 5Шаул филист әскерлерин көргенде қорқып кетип, жүрегин қорқыныш бийлеп алды. 6Ол Жаратқан Ийеден сораса да, Жаратқан Ийе оған түс арқалы да, Урим ▼▼ Урим – бул Қудайдың еркин билиў ушын арналған тас болып, оны шек таслаў жолы менен қолланған болыўы мүмкин.
арқалы да, пайғамбарлар арқалы да жуўап бермеди. 7Сонлықтан Шаул хызметшилерине: – Маған әрўақ шақыратуғын бир ҳаялды таўып келиң. Оған барып, мәсләҳәт сорайын, – деп буйырды. Хызметшилери оған: – Эн-Дорда әрўақ шақыратуғын бир ҳаял бар, – деди. 8Шаул кийимин алмастырып, сыртқы көринисин өзгертти де, жанына еки адамды алып, түнде сол ҳаялға келди. Шаул ҳаялға: – Өтинемен, мен ушын әрўақлардан сорап, мен айтқан адамның әрўағын шақырып бер, – деди. 9Бирақ ҳаял: – Шаулдың нелер ислегенин, әрўақларды ҳәм руўхларды шақыратуғынларды елден қуўып жибергенин билесең. Солай екен, неге мени өлтириў ушын дузақ қойып атырсаң? – деди. 10Шаул оған: – Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен, бул истен саған ҳеш қандай зыян келмейди, – деди. 11Сонда ҳаял Шаулдан: – Саған кимди шақырып берейин? – деп сорады. Шаул оған: – Маған Самуелди шақырып бер, – деди. 12Ҳаял Самуелди көргенде, даўысының барынша бақырып жиберип, Шаулға: – Сиз Шаулсыз-ғо, неге мени алдадыңыз? – деди. 13Патша оған: – Қорқпа, не көрип турсаң? – деди. Ҳаял оған: – Жердиң астынан шығып киятырған бир әрўақты көрип турман, – деп жуўап берди. 14Шаул ҳаялдан: – Оның көриниси қандай? – деп сорады. Ҳаял оған: – Үстине шапан кийген бир ғарры адам жоқарыға шығып киятыр, – деди. Сонда Шаул оның Самуел екенин билди де, ет бетинен жерге жығылып, тәжим етти. 15Самуел Шаулға: – Неге мени шақырып, тынышымды алдың? – деди. Шаул оған: – Мен жүдә қыйналып атырман. Филистлер маған қарсы урыспақта. Қудай да мени таслап кетти. Ол маған пайғамбарлар арқалы да, түслерим арқалы да жуўап бермей қойды. Сонлықтан не ислеўим кереклигин билдириўиң ушын, сени шақыртқан едим, – деди. 16Самуел оған былай деп жуўап берди: – Жаратқан Ийе сени таслап кетип, саған душпан болған болса, енди неге меннен сорап турсаң? 17Жаратқан Ийе мен арқалы айтқанларын жүзеге асырды. Ол патшалықты сеннен тартып алып, оны жаныңдағы адамға, яғный Даўытқа берди. 18Өйткени сен Жаратқан Ийениң буйрығына бойсынбадың, Оның лаўлаған ғәзебин амалеклерге шашпадың. Сонлықтан Жаратқан Ийе бүгин бул нәрселерди сениң басыңа салды. 19Жаратқан Ийе сени де, Израил халқын да филистлерге тәслим етеди. Ертең сен ҳәм сениң улларың мениң жанымда боласызлар. Жаратқан Ийе Израил ордасын да филистлерге тәслим етеди. 20Шаул Самуелдиң сөзлеринен қатты қорқып кетип, бирден гүрс етип жерге қулады. Бир күн ҳәм бир түн дуз татпағанлықтан, оның димары да қалмаған еди. 21Ҳаял Шаулға жақынлап келди де, оның қатты қорқып кеткенин көрип былай деди: – Минекей, шорыңыз болған мен гәпиңизге қулақ астым. Жанымды қәтерге қойып, тилегиңизди орынладым. 22Енди өтинемен, сиз де шорыңыз болған мениң сөзлеримди тыңлаң. Сизге азғантай аўқат алып келиўге рухсат бериң. Жолыңызды даўам етиўге дәрман болыў ушын, аўқатланып алыңыз. 23Бирақ Шаул: – Жемеймен, – деп бас тартты. Деген менен, хызметшилери де, ҳаял да зорлай бергеннен кейин, Шаул олардың айтқанын иследи. Ол жатқан жеринен турып, төсекке отырды. 24Ҳаялдың қорасында бағып отырған бир жас баспағы бар еди. Ҳаял оны дәрриў сойды, қамыр ийлеп, ашытқысыз нан писирди. 25Соңынан оларды Шаул ҳәм оның хызметшилериниң алдына қойды. Олар ишип-жеп болып, сол күни түнде кетип қалды.
Copyright information for
KaaIBT22C