1 Samuel 3
Қудайдың Самуелди шақырыўы
1Өспирим Самуел Элийдиң қолы астында Жаратқан Ийеге хызмет ететуғын еди. Ол күнлери Жаратқан Ийениң сөзи сийрек, аянлары да аз болды. 2Бир күни түнде Элий орнында жатырған еди. Оның көзлери жүдә әззилеп қалған болып, зорға көретуғын еди. 3Ал Самуел болса, Қудайдың сандығы турған Жаратқан Ийениң Ибадатханасында жатырған еди. Қудайдың шырасы еле сөнбеген еди. 4Сонда Жаратқан Ийе Самуелди шақырды. Самуел Оған: – Ләббәй, – деп жуўап берди. 5Соңынан Элийге жуўырып барып: – Шақырдыңыз ба? Мен келдим, – деди. Бирақ Элий: – Мен сени шақырмадым. Барып, орныңа жат, – деди. Самуел барып, орнына жатты. 6Жаратқан Ийе және: – Самуел! – деп шақырды. Самуел орнынан турды да, Элийге барып: – Мени шақырдыңыз ба? Мен келдим, – деди. Элий оған: – Шақырмадым, балам. Барып, орныңа жат, – деди. 7Самуел Жаратқан Ийениң даўысын танымайтуғын еди. Себеби Жаратқан Ийениң сөзи оған еле аян болмаған еди. 8Жаратқан Ийе Самуелди үшинши мәрте шақырды. Самуел орнынан турды да, Элийге барып: – Мени шақырдыңыз ба? Мен келдим, – деди. Сонда Элий баланы Жаратқан Ийениң шақырғанын түсинди. 9Ол Самуелге: – Барып, орныңа жат. Егер Ол сени және шақырса: «Жаратқан Ийе! Айта бер, қулың тыңлап тур», – деп айт, – деди. Самуел барып, орнына жатты. 10Жаратқан Ийе келип, сол жерде турды ҳәм бурынғыдай етип: – Самуел, Самуел! – деп шақырды. Самуел Оған: – Айта бер, қулың тыңлап тур, – деп жуўап берди. 11Сонда Жаратқан Ийе Самуелге былай деди: – Мен Израилда еситкен ҳәр бир адамның ҳүрейин ушыратуғын бир нәрсе ислейжақпан. 12Сол күни Элийдиң хожалығына қарсы айтқанларымның ҳәммесин басынан аяғына шекем жүзеге асыраман. 13Элийге өзи билетуғын гүна себепли хожалығын мәңгиге жазалайтуғынымды хабарлаған едим. Оның уллары Қудайға тил тийгизсе де, ол улларына тыйым салмады. 14Сонлықтан Мен: «Элийдиң хожалығының айыбы ҳеш қашан ҳеш қандай қурбанлық пенен өтелмейди», – деп оның хожалығы ҳаққында ант иштим. 15Самуел азанға шекем жатты, соңынан Жаратқан Ийениң Үйиниң қапыларын ашты. Ол көрген аянын Элийге айтыўға қорқты. 16Бирақ Элий оны: – Балам, Самуел! – деп шақырды. Самуел оған: – Ләббәй, – деп жуўап берди. 17Элий Самуелге: – Жаратқан Ийе саған нелерди айтты? Меннен ҳеш нәрсени жасырма. Егер Оның саған айтқанларынан бирин жасырып қалсаң, Ол сени жазалаған үстине жазаласын, – деди. 18Самуел ҳеш нәрсени жасырмастан, оған ҳәммесин айтып берди. Сонда Элий: – Ол Жаратқан Ийе-ғо. Нени мақул көрсе, соны ислесин, – деди.Самуелдиң пайғамбарлық хызметиниң басланыўы
19Самуел өсип барды. Жаратқан Ийе оның менен бирге еди. Жаратқан Ийениң оған айтқан сөзлериниң биреўи де орынланбай қалмады. 20Даннан Беер-Шебаға шекемги пүткил Израил халқы Самуелдиң Жаратқан Ийениң пайғамбары болып белгиленгенин билди. 21Жаратқан Ийе Шилода көриниўин даўам етти. Сол жерде Ол Өз сөзи арқалы Самуелге Өзин танытқан еди.
Copyright information for
KaaIBT22C