1 Samuel 30
Даўыттың амалеклерди жеңиўи
1Даўыт ҳәм оның адамлары үшинши күни Сиклаг қаласына жетип келди. Сол арада амалеклер Негебке ҳәм Сиклагқа шабыўыл жасап, Сиклагты өртеп жиберген еди. 2Олар ҳеш кимди өлтирмей, тек ҳаялларды ҳәм сол жерде болған кишкенесинен үлкенине дейингиниң ҳәммесин тутқын етип, өзлери менен бирге алып кеткен еди. 3Даўыт адамлары менен ол жерге жетип барғанда, қаланың өртеп жиберилгенин, ҳаяллары, уллары ҳәм қызларының тутқынға алынғанын билди. 4Олар ҳалдан тайғанша, дад салып жылады. 5Даўыттың еки ҳаялы, изреелли Ахиноам ҳәм кармелли Набалдың жесири Абигайыл да тутқын етилген еди. 6Даўыт қыйын жағдайда қалды. Себеби ҳәр бир адам уллары ҳәм қызлары ушын қайғырып: «Даўытты тас боран қылып өлтиремиз», – дести. Бирақ Даўыт өз Қудайы Жаратқан Ийеден күш алды. 7Ол Ахимелех улы руўханий Абиятарға: – Маған эфодты алып кел, – деди. Абиятар эфодты алып келди. 8Даўыт Жаратқан Ийеден: – Бул басқыншыларды қуўып барсам, оларға жете аламан ба? – деп сорады. Жаратқан Ийе оған: – Изинен қуў, әлбетте, оларға жетип алып, тутқынларды азат етесең, – деп жуўап берди. 9Солай етип, Даўыт жанындағы алты жүз адам менен жолға шығып, Бесор сайының жағасына келди. Олардың ҳалдан тайғанлары сол жерде қалды. 10Ал Даўыттың өзи төрт жүз адам менен басқыншыларды қуўыўды даўам етти. Сайды кесип өтиўге шамасы келмеген еки жүз адам сол жерде қалды. 11Олар қыр даладан бир мысырлыны таўып алып, Даўыттың алдына алып келди. Оған ишиўге суў ҳәм жеўге азық берди. 12Және де, оған кептирип нығызланған бир бөлек әнжир менен еки бөлек кишмиш берди. Сол адам жеп, ҳәлленип алды. Ол үш күн, үш түн дуз татпаған ҳәм суў да ишпеген еди. 13Даўыт оннан: – Сен кимниң қулысаң? Қай жерденсең? – деп сорады. Жигит былай деп жуўап берди: – Мен мысырлыман, бир амалектиң қулы едим. Үш күн бурын наўқасланып қалғанлығым себепли, хожайыным мени таслап кетти. 14Бизлер керетлердиң қубла шегарасына, яғный Яҳуда жерлерине ҳәм Калебтиң қубла тәрепине шабыўыл жасадық. Ал Сиклаг қаласын өртеп жибердик. 15Даўыт оннан: – Мени сол басқыншыларға алып бара аласаң ба? – деп сорады. Жигит оған: – Мени өлтирмейтуғыныңызды ҳәм хожайынымның қолына тапсырмайтуғыныңызды айтып, Қудай ҳақы ант ишсеңиз, мен сизди сол басқыншыларға алып бараман, – деп жуўап берди. 16Солай етип, мысырлы Даўытқа жол көрсетип кетти. Басқыншылар дөгерекке жайылып, филистлердиң жеринен ҳәм Яҳудадан басып алған үлкен олжаларынан ишип-жеп мәслик қурып атырған еди. 17Даўыт ертеңине таң азаннан күн батқанға дейин оларды қырды. Басқыншылардың түйелерге минип қашқан төрт жүз жигитинен басқа бирде биреўи қутылып кете алмады. 18Даўыт амалеклер алып кеткен нәрселердиң ҳәммесин, сондай-ақ өзиниң еки ҳаялын да қутқарды. 19Жаслар, ғаррылар, уллар, қызлар, олжаланған маллар, қулласы, амалеклердиң алып кеткенлеринен ҳеш бири жоғалмады. Даўыт ҳәммесин қайтарып алды. 20Ол пүткил қой ҳәм қара малларды да алды. Даўыттың адамлары оларды өз малларының алдына салып, айдап баратырып: «Бул Даўыттың олжасы», – деп айтатуғын еди. 21Соннан соң, Даўыт изине ериўге ҳаллары келмей, Бесор сайының жағасында қалған еки жүз адамның жанына барды. Олар да Даўытты ҳәм оның жанындағыларды күтип алыўға шықты. Даўыт жақынласып, олар менен аманласты. 22Бирақ Даўыт пенен кеткен жаман ҳәм оңбаған адамлардың ҳәммеси: – Булар бизлер менен бирге бармағанлықтан, олжаға алынған нәрселерден оларға пай бермеймиз. Ҳәр бири тек өз ҳаялын ҳәм балаларын алып кетсин, – деди. 23Бирақ Даўыт оларға былай деди: – Яқ, туўысқанларым! Жаратқан Ийениң бизге бергенлерине булай ислемеңлер. Ол бизлерди қорғады ҳәм бизлерге шабыўыл жасаған басқыншыларды қолымызға тутып берди. 24Сизлердиң бул сөзлериңизди ким қабыл етеди? Саўашқа барғанлар менен жүклердиң қасында қалғанлардың пайы теңдей болады. Ҳәр бир нәрсе теңдей бөлип бериледи. 25Сол күннен баслап, Даўыт буны Израил ушын дәстүрге айландырып, қағыйда етип бекитти. Ол ҳәзирге дейин сақланып келмекте. 26Даўыт Сиклагқа қайтып келгеннен соң, дослары болған Яҳуда ақсақалларына: «Мине, бул Жаратқан Ийениң душпанларынан алынған олжалардан сизлерге саўға», – деп алынған олжалардан берип жиберди. 27Ол саўғаларды Бейт-Эл, Негебтеги Рамот, Яттир, 28Ароер, Сифмот, Эштемоа, 29ҳәм Рахалда болғанларға, Ерахмеел тийресиниң ҳәм кенлердиң қалаларында болғанларға, 30Хорма, Бор-Ашан, Атах 31ҳәм Хебронда болғанларға, сондай-ақ, өзи адамлары менен бирге гезген барлық жердегилерге жиберди.
Copyright information for
KaaIBT22C