1 Samuel 31
Шаулдың ҳәм оның улларының өлими
1Сол ўақытта филистлер израиллылар менен урысып атырған еди. Израиллылар филистлердиң алдына түсип қашып, көпшилиги Гилбоа таўында набыт болды. 2Филистлер Шаул менен оның улларының изине түсип, Шаулдың уллары Ионатанды, Абинадабты ҳәм Малкий-Шуаны өлтирди. 3Шаулдың әтирапында саўаш ҳәўиж алған еди. Сонда садақшылар тәрепинен атылған оқ Шаулға тийип, ол аўыр жарақатланды. 4Шаул өз нөкерине: – Қылышыңды қынабынан суўырып ал да, мени өлтир. Болмаса, мына сүннетсизлер келеди де, қылышын суғып, мени хорлайды, – деди. Бирақ нөкери қатты қорқып, буны ислемеди. Сонлықтан Шаул қылышын қынынан суўырып алып, өзин қылыштың үстине таслады. 5Нөкери Шаулдың өлгенин көргенде, ол да қылышының үстине өзин таслап, Шаул менен бирге өлди. 6Солай етип, Шаул, оның үш улы, нөкери ҳәм пүткил адамлары бир күнде қаза тапты. 7Ойпатлықтың арғы тәрепинде ҳәм Иордан дәрьясының аржағында жасайтуғын израиллылар Израил әскерлериниң қашып, Шаул ҳәм оның улларының өлгенин көргенде қалаларын таслап, қаша баслады. Филистлер келип, сол қалаларға орналасып алды. 8Ертеңине филистлер өлгенлерди тонаў ушын келгенде, Гилбоа таўында Шаулдың ҳәм оның үш улының өлигин тапты. 9Олар Шаулдың басын кесип алды ҳәм қурал-жарақларын талан-тараж қылды. Соңынан бул хабарды бутханаларына ҳәм халқына жеткериў ушын, филистлердиң жерлериниң ҳәммесине хабаршылар жиберди. 10Шаулдың қурал-жарағын қудайы Аштартаның бутханасына қойды, ал денесин Бейт-Шан қаласының дийўалына асып қойды. 11Ябеш-Гилад халқы филистлердиң Шаулға ислеген ислери туўралы еситкенде, 12олардың барлық мәрт жаўынгерлери түни менен жол жүрип, Бейт-Шанға барды. Олар Шаулдың ҳәм оның улларының денелерин Бейт-Шан дийўалларынан түсирип алып, Ябешке алып келди ҳәм сол жерде жағып жиберди. 13Соңынан сүйеклерин жыйнап алып, Ябештеги тамариск ағашының астына көмди ҳәм жети күн ораза тутып, азалады.
Copyright information for
KaaIBT22C