1 Samuel 4
1Самуелдиң сөзи пүткил Израилға жайылды.Келисим сандығының душпан қолына түсиўи
Сол күнлери израиллылар филистлер менен урысыў ушын жолға шықты. Израиллылар Эбен-Эзерге, филистлер Афекке ордаларын қурды. 2Филистлер израиллыларға қарсы саўаш майданына түсти. Саўаш ҳәўиж алғанда, филистлер израиллыларды жеңилиске ушыратты. Саўашта израиллылардың төрт мыңға шамалас адамы қаза тапты. 3Әскерлер ордаға қайтып келгенде, Израил ақсақаллары: «Не ушын бүгин Жаратқан Ийе бизлердиң филистлерден жеңилиўимизге жол қойды? Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Шилодан усы жерге алып келейик. Ол арамызда болып, бизлерди душпанларымыздың қолынан қутқарсын», – деди. 4Солай етип, халық Шилоға адамларды жиберди. Олар барып, керублар ▼▼ Керуб – қанатлы руўхый барлық.
арасында тахтта отырған Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Келисим сандығын алып келди. Элийдиң еки улы Хофний менен Пинехас та Қудайдың Келисим сандығының жанында еди. 5Жаратқан Ийениң Келисим сандығы ордаға әкелингенде, пүткил израиллылардың қатты бақырысқан даўысларынан жер ләрзеге келди. 6Филистлер бақырысларды еситип: «Еврейлер ордасында неге буншелли бақырыс болып атыр екен?» – дести. Олар Жаратқан Ийениң сандығының ордаға әкелингенин билгенде, 7қорқып кетип былай деди: «Олардың қудайлары ордаға келипти. Қурып қалдық! Бурын ҳеш қашан бундай нәрсе болып көрмеген еди. 8Қурып қалдық! Бул күшли қудайлардың қолынан бизлерди ким қутқарады? Олар шөлде мысырлыларды түрли бәлелерге ушыратқан қудайлар-ғо. 9Беккем болыңлар, филистлер! Мәрт болыңлар! Болмаса, еврейлердиң сизлерге қул болғаны сыяқлы, сизлер де оларға қул боласызлар. Мәрт болып, саўашқа түсиңлер». 10Солай етип, филистлер саўашқа түсип, израиллыларды жеңди. Израиллылардың ҳәр бири өз шатырына қарай қашты. Қырғынға ушырағаны соншелли, израиллылар отыз мың пияда әскеринен айырылды. 11Қудайдың сандығы қолға түсти, ал Элийдиң еки улы Хофний ҳәм Пинехас қаза тапты. Элийдиң өлими
12Бенямин урыўынан бир адам саўаш майданынан қашып шығып, сол күнниң өзинде Шилоға жетип келди. Ол қайғыдан кийимлерин жыртып, басына топырақ шашқан еди. 13Сол адам жетип келгенде, Қудайдың сандығын ойлап, жүреги езилген Элий жол шетиндеги отырғышта жолға қарап отырған еди. Адам қалаға кирип, болған ўақыяны айтып бергенде, қаладағылардың ҳәммеси дад салып бақырысты. 14Элий дад салып бақырысқанды еситип: – Неге шаўқым көтерилип атыр? – деп сорады. Хабаршы болған ўақыяны айтып бериў ушын дәрриў Элийдиң жанына келди. 15Сонда Элий тоқсан сегиз жаста болып, көзлери әззилеп, көрмей қалған еди. 16Хабаршы Элийге: – Мен саўаш майданынан киятырман. Ҳәзир ғана сол жерден қашып шықтым, – деди. Элий оннан: – Балам, не болды? – деп сорады. 17Хабаршы Элийге: – Израиллылар филистлердиң алдына түсип қашты. Әскерлер үлкен қырғынға ушырады. Еки улыңыз Хофний менен Пинехас қаза тапты, ал Қудайдың сандығы қолға түсти, – деди. 18Хабаршы Қудайдың сандығы туўралы айтқанда, Элий отырғыштан шалқасына түсип, қала дәрўазасының қасына қулады. Ол жүдә ғарры ҳәм семиз болғанлықтан жулыны үзилип, жан тапсырды. Элий Израилға қырық жыл бийлик еткен еди. 19Сол ўақытта Элийдиң келини, Пинехастың ҳаялы жүкли болып, туўатуғын ўақты шамаласқан еди. Ҳаял Қудайдың сандығының қолға түскени, қәйин атасы ҳәм күйеўиниң өлгени ҳаққында еситкенде, бирден толғағы тутты да, дизерлеп отырып босанды. 20Жәрдем берген ҳаяллар оған өлими алдынан: – Қорқпа, уллы болдың, – деди. Бирақ ол жуўап та бермеди, дыққат та аўдармады. 21Қудайдың сандығының қолға түсип, қәйин атасы ҳәм күйеўиниң өлгенлиги себепли ҳаял: «Уллылық Израилды тәрк етти», – деп улына Ихабод ▼▼ Ихабод – «уллылық жоқ» дегенди билдиреди.
деп ат қойды. 22Ол: – Уллылық Израилды тәрк етти. Себеби Қудайдың сандығы қолға түсти, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C