1 Samuel 5
Келисим сандығы филистлер қолында
1Филистлер Қудайдың сандығын қолға киргизгеннен соң, оны Эбен-Эзердеги саўаш майданынан Ашдодқа алып келди. 2Олар Қудайдың сандығын Дагонның бутханасына апарып, оны Дагонның мүсининиң жанына қойды. 3Ертеңине азанда ерте турған ашдодлылар Дагонның Жаратқан Ийениң сандығының алдында ет бетинен жығылып жатырғанын көрди. Олар Дагонды алды да, оны өз орнына қойды. 4Бирақ олар ертеңине азанда турғанда, Дагонның және Жаратқан Ийениң сандығының алдында ет бетинен жығылып жатырғанын көрди. Бул ретте оның басы ҳәм еки қолы жулынып, босағада жатырған еди. Оның тек геўдеси ғана пүтин қалған еди. 5Сонлықтан Дагонның руўханийлери де, Ашдодтағы Дагонның бутханасына келгенлердиң ҳәммеси де усы күнге шекем ол жатқан босағаны баспайды. 6Жаратқан Ийе ашдодлыларды ҳәм дөгерегиндеги халықты аўыр жазалады. Оларды шыйқан менен жазалап, қыйыншылыққа дуўшар етти. 7Болып атырған ўақыяларды көрген Ашдод халқы: «Израилдың Қудайының сандығы бизлерде қалмасын, себеби Ол бизлерди де, қудайымыз Дагонды да аўыр жазалап атыр», – деди. 8Сонлықтан олар адам жиберип, пүткил филист ҳүкимдарларын шақыртты ҳәм олардан: – Израилдың Қудайының сандығын не қылайық? – деп сорады. Олар: – Сандық Гатқа апарылсын, – деди. Солай етип, олар Израилдың Қудайының сандығын Гатқа апарды. 9Бирақ сандық Гатқа апарылғаннан соң, Жаратқан Ийе сол қаланы да жазалады. Қаланы күшли қорқыныш бийлеп алды. Жаратқан Ийе пүткил қала халқын, кишкенесинен үлкенине шекем жазалады. Оларға да шыйқанлар шыға баслады. 10Сол себепли олар Қудайдың сандығын Экронға жиберди. Сандық қалаға кирер-кирместен, экронлылар: «Бизлерди ҳәм халқымызды жоқ қылыў ушын, Израилдың Қудайының сандығын бизлерге алып келдиңлер!» – деп бақырысты. 11Олар пүткил филист ҳүкимдарларын топлап: «Израилдың Қудайының сандығын бул жерден алып кетиңлер. Бизлерди де, халқымызды да жоқ қылмаўы ушын, ол өз жерине қайтарылсын», – деди. Себеби пүткил қаланы өлим қорқынышы бийлеп алған еди. Қудайдың оларға берген жазасы жүдә аўыр еди. 12Тири қалғанларға шыйқанлар шықты. Қала халқының дады аспанға жетти.
Copyright information for
KaaIBT22C