‏ 1 Samuel 6

Келисим сандығының Израилға қайтарылыўы

1Жаратқан Ийениң сандығы филистлер елинде жети ай болғаннан соң, 2филистлер руўханийлерди ҳәм палкерлерди шақыртып, оларға:

– Жаратқан Ийениң сандығын не қылсақ екен? Оны өз орнына қалай қайтарыўымыз кереклигин бизлерге айтыңлар, – деди.

3Олар:

– Егер сизлер Израилдың Қудайының сандығын изге қайтармақшы болсаңыз, оны бос жибермей, оған қоса айыбыңызды жуўыў ушын сый берип жибериңлер. Сонда шыпа табасызлар ҳәм Оның сизлерди не ушын жазалап атырғанын билип аласызлар, – деди.

4Сонда филистлер:

– Айыбымызды жуўыў ушын Оған қандай сый жиберейик? – деп сорады.

Руўханийлер ҳәм палкерлер былай деп жуўап берди:

– Сизлер жиберетуғын сыйлар филист ҳүкимдарларының санына қарай бес шыйқанның ҳәм бес тышқанның алтын мүсинлеринен ибарат. Өйткени сизлер де, ҳүкимдарларыңыз да бирдей жазаға тартылғансыз.
5Буның ушын шыйқанлардың ҳәм жериңизди ўайран еткен тышқанлардың мүсинлерин ислең ҳәм Израилдың Қудайын уллылаң. Мүмкин, сонда Ол сизлерди, қудайларыңызды ҳәм жериңизди жазалаўды тоқтатар. 6Не ушын мысырлылар ҳәм фараон сыяқлы қайсарлық қыласызлар? Қудай мысырлылардың жанына тийгенде, олар Израил халқын босатып жибермеди ме? 7Енди жаңа бир арба ислетиңлер де, биринши рет төллеген ҳәм ҳеш қашан арбаға жегилмеген еки қашарды алып, оларды арбаға жегиңлер. Қашарлардың бузаўларын айырып алып, қораға апарыңлар. 8Жаратқан Ийениң сандығын арбаның үстине қойыңлар. Айыбыңызды жуўыў ушын Оған жиберип атырған алтын затларыңызды қутыға салып, сандықтың жанына жайластырыңлар. Соңынан арбаны айдап жибериңлер, кете берсин. 9Бирақ изинен гүзетип барыңлар. Егер арба өз елине, Бейт-Шемешке қарай бетлесе, онда бул уллы апатшылықты бизлерге Жаратқан Ийениң Өзи жиберген болады. Егер арба басқа тәрепке жол алса, онда бул апатшылықтың Оннан жиберилмегенин, ал оған тосаттан дуўшар болғанымызды билип аламыз.

10Адамлар айтылғандай иследи. Олар биринши рет төллеген еки қашарды арбаға жекти, ал бузаўларын қораға қамап таслады. 11Жаратқан Ийениң сандығы менен бирге ишине шыйқанлардың ҳәм тышқанлардың алтын мүсинлери салынған қутыны арбаға салды. 12Сонда қашарлар туўры Бейт-Шемешке қарай жол алды. Олар оңға да, солға да бурылмастан, мөңиреўи менен алға илгериледи. Ал филист ҳүкимдарлары болса, Бейт-Шемештиң шегарасына дейин оларға ерип келди.

13Сол ўақытта Бейт-Шемеш халқы ойпатлықта бийдай орып атырған еди. Олар басларын көтерип қарап, сандықты көргенде, қуўанып кетти. 14 15Арба бейт-шемешли Ешуаның атызына кирип, сол жердеги үлкен бир тастың жанында тоқтады. Лебийлилер Жаратқан Ийениң сандығын ҳәм алтын затлар салынған қутыны арбадан түсирип, үлкен тастың үстине қойды. Бейт-шемешлилер арбаның ағашларын отын етип жарды да, қашарларды Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлық етип берди. Сол күни бейт-шемешлилер Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар берип, басқа қурбанлықлар да шалды. 16Филистлердиң бес ҳүкимдары болып өткенлерди көргеннен соң, сол күни Экронға қайтып кетти.

17Филистлер айыбын жуўыў ушын сый ретинде Ашдод, Газа, Ашкелон, Гат ҳәм Экрон қалалары ушын Жаратқан Ийеге бир-бирден шыйқанлардың алтын мүсинлерин жиберген еди. 18Ал алтыннан исленген тышқан мүсинлери болса, бес филист ҳүкимдарларына қараслы болған қорған қалалар менен қоса дөгерегиндеги аўыллардың санына туўры келетуғын еди. Үстине Жаратқан Ийениң сандығы қойылған сол үлкен тас бүгинге дейин бейт-шемешли Ешуаның атызында гүўалық болып тур. 19Бейт-шемешлилерден базылары Жаратқан Ийениң сандығының ишине үңилген еди. Соның ушын Жаратқан Ийе оларды жазалап, жетпис
жетпис – Базы еврейше қолжазбалардан. Еврейше қолжазбалардың көпшилигинде ҳәм әййемги грекше аўдармада «елиў мың жетпис».
адамды жоқ қылды. Халық Жаратқан Ийениң өзлерине берген бул аўыр жазасы себепли аза тутты.
20Бейт-Шемеш халқы: «Бул мухаддес Қудайдың, Жаратқан Ийениң алдында ким тура алады? Сандық бизлерден кимге апарылыўы тийис?» – деп сорады. 21Олар Кирят-Яримде жасаўшыларға хабаршылар жиберип: «Филистлер Жаратқан Ийениң сандығын қайтарып жиберипти, келип, оны алып кетиңлер», – деди.
Copyright information for KaaIBT22C