‏ 1 Samuel 7

1Солай етип, Кирят-Яримниң халқы келип, Жаратқан Ийениң сандығын алды да, оны төбешиктеги Абинадабтың үйине апарды. Оның улы Элазарды Жаратқан Ийениң сандығына қараў ушын тайынлады.

Самуелдиң Израилға бийлик етиўи

2Сандық узақ ўақыт, жигирма жыл даўамында Кирят-Яримде қалды. Сол ўақыт ишинде пүткил Израил халқы қайғыға батып, Жаратқан Ийеге интизар болды.

3Самуел пүткил Израил халқына былай деди:

– Егер Жаратқан Ийеге шын жүректен жүз бурмақшы болсаңыз, онда өзлериңиздеги басқа қудайлардың ҳәм Аштартаның мүсинлерин жоқ қылыңлар. Өзлериңизди Жаратқан Ийеге бағышлап, тек Оған хызмет етиңлер. Сонда Ол сизлерди филистлердиң қолынан қутқарады.

4Солай етип, израиллылар Баалдың ҳәм Аштартаның мүсинлерин жоқ қылып, жалғыз Жаратқан Ийеге хызмет ете баслады.

5Сонда Самуел:

– Пүткил израиллыларды Миспаға жыйнаңлар, мен сизлер ушын Жаратқан Ийеге жалбарынаман, – деди.
6Миспаға жыйналған израиллылар қудықтан суў алып, оны Жаратқан Ийеге арнап төкти. Олар сол күни ораза тутып: «Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследик», – деди. Самуел Миспада Израил халқына бийлик етти.

7Филистлер Израил халқының Миспаға топланғанын еситкенде, филист ҳүкимдарлары израиллыларға қарсы ҳүжимге атланды. Израиллылар буны еситкенде, филистлерден қорқты. 8Олар Самуелге:

– Бизлерди филистлердиң қолынан қутқарыўы ушын Қудайымыз Жаратқан Ийеге тынбай жалбарын, – деди.

9Сонда Самуел еле сүттен шықпаған бир қозыны алып, оны Жаратқан Ийеге арнап толығы менен жандырылатуғын қурбанлық етип берди. Самуел Израил халқы ушын Жаратқан Ийеге жалбарынды. Жаратқан Ийе де оған жуўап берди.

10Самуел қурбанлықты жандырып атырғанда, филистлер израиллыларға ҳүжим қылыў ушын жақынласып қалған еди. Бирақ сол ўақытта Жаратқан Ийе күшли даўыс пенен гүркиреп, филистлерди қатты албыратты ҳәм олар израиллылардың алдында күл-талқан болды. 11Миспадан шыққан израиллылар филистлердиң изинен қуўып, оларды Бейт-Кардың төменги жағына шекем өлтирип барды.

12Самуел бир тас алып, оны Миспа менен Шенниң арасына орнатты. Ол: «Жаратқан Ийе бизлерге усы жерге дейин жәрдем берди», – деп тасқа Эбен-Эзер
Эбен-Эзер – «жәрдем тасы» дегенди билдиреди.
деп ат қойды.
13Солай етип, жеңилиске ушыраған филистлер қайтып Израил жерине ҳүжим жасамайтуғын болды. Самуелдиң көзиниң тирисинде Жаратқан Ийе филистлерге қарсы турды. 14Экроннан Гатқа шекемги филистлердиң басып алған қалалары израиллыларға қайтарып берилди. Израиллылар олардың әтирапындағы жерлерди де филистлердиң қолынан қутқарды. Израил ҳәм амор халқы арасында парахатшылық орнады.

15Самуел пүткил өмири бойы Израилға бийлик етти. 16Ол ҳәр жылы Бейт-Элди, Гилгалды ҳәм Миспаны айланып шығатуғын, бул қалаларда турып, пүткил Израилға бийлик ететуғын еди. 17Соңынан Рамадағы өз үйине қайтып кететуғын ҳәм сол жерден Израилға бийлик ететуғын еди. Ол сол жерде Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурды.
Copyright information for KaaIBT22C