‏ 1 Samuel 8

Израил халқының патша талап етиўи

1Самуел қартайған шағында, өзиниң улларын Израилға бийлер етип қойды. 2Туңғыш улының аты Иоел, екиншисиниң аты Абия болып, олар Беер-Шебада бийлик етти. 3Бирақ уллары әкесиниң жолынан жүрмеди. Олар ҳарам пайдаға берилип, пара алатуғын ҳәм әдилликти бурмалайтуғын еди.

4Сонлықтан пүткил Израил ақсақаллары жыйналып, Рамадағы Самуелдиң алдына барды. 5Олар Самуелге:

– Мине, сен де қартайдың. Улларың да сениң жолыңнан жүрмей атыр. Соның ушын басқа халықларда болғаны сыяқлы, бизлерге бийлик ететуғын бир патша қойып бер, – деди.

6Олардың: «Бизлерге бийлик ететуғын бир патша қойып бер», – деген сөзлери Самуелге унамады. Сол себепли ол Жаратқан Ийеге дуўа етти. 7Сонда Жаратқан Ийе Самуелге былай деп жуўап берди:

– Халықтың саған айтып атырған сөзлериниң ҳәммесин тыңла. Себеби олар сеннен емес, ал өзлериниң патшасы болған Меннен ўаз кешти.
8Оларды Мысырдан алып шыққан күнимнен баслап, усы күнге шекем Маған не қылған болса, саған да соны ислеп атыр. Олар Мени таслап, басқа қудайларға хызмет еткен еди. 9Енди оларға қулақ сал. Бирақ оларға өзлериниң үстинен патшалық ететуғын патшаның ҳуқықлары туўралы билдирип, қатаң ескерт.

10Самуел өзинен патша талап еткен халыққа Жаратқан Ийениң барлық сөзлерин жеткерип, 11оларға былай деди:

– Сизлердиң үстиңизден ҳүкимдарлық ететуғын патшаның ҳуқықлары мынадай: ол сизлердиң улларыңызды алып, өзиниң саўаш арбалары ҳәм атлары ушын хызмет еттирип қояды. Және де, олар оның арбасының алдында жуўырып жүретуғын болады.
12Ол базыларын мыңбасылар ҳәм елиўбасылар етип қояды. Базыларға жерин сүрдирип, егинин жыйнатады. Ал базыларға болса, урыс қуралларын ҳәм саўаш арбаларының әсбап-үскенелерин соқтырып қояды. 13Қызларыңызды ийис май ислеўши, аспаз ҳәм нанбай етип алады. 14Жақсы егислик жерлериңизди, жүзим ҳәм зәйтүн бағларыңызды алып, өз хызметшилерине береди. 15Ол зүрәәтиңиздиң ҳәм жүзимиңиздиң оннан бирин алып, өз ақталарына ҳәм хызметшилерине береди. 16Қул ҳәм шорыларыңызды, ең жақсы өгиз
өгиз – Әййемги грекше аўдармадан. Еврейше қолжазбаларда «жигитлер».
ҳәм ешеклериңизди алып, өз жумысларында пайдаланады.
17Ол майда малларыңыздың да оннан бирин алады, ал өзлериңиз оның қуллары боласызлар. 18Усылар орынланғанда, өзлериңиз таңлаған патшаңыздың дәртинен нала шегесизлер. Бирақ сол күни Жаратқан Ийе сизлерге жуўап бермейди.

19Деген менен, халық Самуелдиң сөзин тыңлағысы келмей:

– Яқ, бизлерди басқаратуғын бир патша болсын.
20Сонда бизлер де басқа халықлар сыяқлы боламыз. Патшамыз бизлерге бийлик етеди ҳәм алдымызда жүрип, саўашларымызды басқарады, – деди.

21Самуел халықтың барлық сөзлерин тыңлағаннан соң, оларды Жаратқан Ийеге айтып берди. 22Сонда Жаратқан Ийе Самуелге:

– Олардың сөзине қулақ салып, оларға бир патша қойып бер, – деп жуўап берди.

Соннан кейин, Самуел израиллыларға:

– Ҳәр бир адам өз қаласына қайтсын, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C