‏ 1 Samuel 9

Самуелдиң Шаул менен ушырасыўы

1Бенямин урыўынан Киш деген абырайлы бир адам бар еди. Ол Абиелдиң улы, Серордың ақлығы, Бехораттың шаўлығы, Афиахтың қуўлығы еди. 2Киштиң жас ҳәм сымбатлы Шаул атлы бир улы бар еди. Израил халқы арасында оннан асқан сымбатлы адам жоқ еди. Ҳәр қандай адамның бойы оның ийнине келетуғын еди.

3Бир күни Шаулдың әкеси Киштиң ешеклери жойтылып кетти. Сонда Киш улы Шаулға:

– Хызметшилерден биреўин жаныңа алып, ешеклерди изле, – деди.

4Шаул Эфрайымның таўлы үлкесин ҳәм Шалиша жерлерин айланып шықты. Бирақ ешеклерди таба алмады. Олар Шаалим үлкесине барды, бирақ ешеклер ол жерде де жоқ болып шықты. Соңынан олар Бенямин жерине барды, бирақ ешеклерди ол жерден де таба алмады. 5Олар Суф жерине жеткенде, Шаул жанындағы хызметшисине:

– Жүр, қайта қояйық. Болмаса, әкем ешеклерди қойып, бизлерди қайғыра баслар, – деди.

6Бирақ хызметши оған:

– Қара, мына қалада Қудайдың адамы турады. Ол абырайлы адам болып, оның айтқанларының бәри орынланады. Ҳәзир сол жерге барайық. Бәлким, ол бизлерге жол көрсетер, – деди.

7Шаул оннан:

– Егер барсақ, оған не апарамыз? Дорбамыздағы нанымыз да таўысылды. Қудайдың адамына беретуғын ҳеш қандай саўғамыз жоқ. Немиз қалды? – деп сорады.

8Хызметши Шаулға және:

– Мине, менде шерек шекел
Шерек шекел – бир шекел шама менен 11 гр.
гүмис бар. Ол бизлерге баратуғын жолымызды көрсетиўи ушын, мен оны Қудайдың адамына беремен, – деп жуўап берди.

9Бурын Израилда бир адам Қудайдан бир нәрсе сорамақшы болғанда: «Жүриң, көзи ашыққа барайық», – дейтуғын болған. Себеби ҳәзир пайғамбар деп аталатуғын адамларды бурын «көзи ашықлар» деп атаған.

10Шаул хызметшисине:

– Яқшы, барайық, – деди. Солай етип, олар Қудайдың адамы жасайтуғын қалаға қарай кетти.

11Олар қалаға қарай көтерилип баратырғанда, суў алыўға шыққан қызларды ушыратып, олардан:

– Көзи ашық усы жерде ме? – деп сорады.

12Қызлар оларға былай деп жуўап берди:

– Аўа, ол сизлердиң алдыңызда кетип баратыр. Асығыңлар, ол қаламызға бүгин келди. Себеби халық бүгин сыйыныў орында қурбанлық бережақ.
13Қалаға кириўиңизден-ақ, аўқатланыў ушын сыйыныў орынға шықпасынан бурын оны таўып аласыз. Ол барып, қурбанлықты мухаддеслемегенше, халық аўқат жемейди. Шақырылғанлар ол келгеннен соң жеўди баслайды. Ҳәзир барсаңыз, оны дәрҳал таўып аласыз.

14Шаул ҳәм оның хызметшиси қалаға кетти. Олар қалаға киргенде, сыйыныў орнына баратырған Самуел олардың қарсы алдынан шықты.

15Шаул келмесинен бир күн алдын, Жаратқан Ийе Самуелге аян берип: 16«Ертең усы ўақытта саған Бенямин жеринен бир адамды жиберемен. Оны майлап, халқым Израилға ҳүкимдар етип қой. Ол халқымды филистлер қолынан қутқарады. Мен халқымның аўҳалын көрдим. Өйткени олардың дады Маған жетип келди», – деген еди.

17Самуел Шаулды көргенде, Жаратқан Ийе Самуелге: «Саған айтқан адамым усы болады. Халқыма ол ҳүкимдарлық етеди», – деди. 18Шаул қала дәрўазасында Самуелди ушыратып, оннан:

– Көзи ашықтың үйи қай жерде, айтып жибересиз бе? – деп сорады.

19Самуел оған былай деп жуўап берди:

– Көзи ашық мен боламан. Мениң алдымда жүрип, сыйыныў орнына көтерил. Бүгин мениң менен бирге аўқатланасаң. Ал азанда жүрегиңдегиниң бәрин өзиңе айтып берип, үйиңе қайтараман.
20Үш күн алдын жойтылған ешеклериңди қайғырма, олар табылды. Израилдың пүткил үмити кимнен? Сеннен ҳәм әкеңниң хожалығынан емес пе?

21Шаул Самуелге:

– Мен Израил урыўлары ишиндеги ең кишкенеси болған Бенямин урыўынан емеспен бе? Мен тийисли болған тийре де Бенямин урыўындағы барлық тийрелердиң ең кишкенеси емес пе? Маған не ушын бул сөзлерди айтып турыпсыз? – деди.

22Самуел Шаулды ҳәм оның хызметшисин сыйыныў орнының аўқатланыў бөлмесиндеги шақырылған отыздай қонақтың үстине алып барып, ең төрге отырғызды. 23Соңынан аспазға:

– Мениң саған бөлек алып қой деп берген гөшимди алып кел, – деди.
24Аспаз санның гөшин әкелип, Шаулдың алдына қойды. Самуел Шаулға:

– Бул сениң пайың. Мәрҳәмат, же! Себеби буны белгиленген күни мен шақырған халық пенен бирге жеўиң ушын сақлап қойған едим, – деди.

Сол күни Шаул Самуел менен бирге аўқатланды.
25Олар сыйыныў орнынан қалаға түскеннен кейин, Самуел үйиниң төбесинде Шаул менен сөйлесип отырды.

Шаулдың ҳүкимдарлыққа тайынланыўы

26Таң азанда Самуел үйдиң төбесинде жатырған Шаулды шақырып:

– Таярлан, сени жолға шығарып салайын, – деди.

Шаул орнынан турып, Самуел менен бирге сыртқа шықты.
27Олар қала шетине жеткенде, Самуел Шаулға:

– Хызметшиңе айт, алдымызға түсип жүре берсин, – деди. Хызметши алдыға жүрип кеткеннен кейин, Самуел Шаулға:

– Бирақ сен тоқтап тур, мен саған Қудайдың сөзлерин билдирейин, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C