‏ 1 Samuel 21:10-15

Даўыттың Гат патшасы Ахишке барыўы

10Шаулдан қашқан Даўыт сол күни Гат патшасы Ахишке барды. 11Ахиштиң хызметшилери: «Бул Израилдың патшасы Даўыт емес пе? Адамлар усы адам ҳаққында: „Шаул мыңлағанын,
Ал Даўыт он мыңлағанын өлтирди“, –

деп аяқ ойынға түсип, қосық айтқан жоқ па еди?» – деди.

12Бул сөзлер Даўытты терең ойландырып, ол Гат патшасы Ахиштен қатты қорқты. 13Даўыт олардың алдында өзиниң келбетин өзгертип, өзин жинли етип көрсетти ҳәм қала дәрўазаларын тырмалап, силекейин сақалына ағызып жүрди.

14Ахиш хызметшилерине:

– Бул адамға қараңлар, ол нағыз жинли-ғо. Оны неге маған алып келдиңлер?
15Өзимизде жинлилер аздай, оны мениң алдымда жинлилик қылсын деп алып келдиңлер ме? Бул адамның сарайыма келиўи шәрт пе еди? – деди.
Copyright information for KaaIBT22C