1 Thessalonians 1
1Әкемиз Қудайға ҳәм Ийемиз Ийса Масийхқа тийисли болған Салоника исениўшилериниң жәмәәтине, Павел, Сила ▼▼ Сила – грекше текстте бул аттың басқа варианты Силванус.
ҳәм Тимофейден сәлем! Сизлерге Қудайдың ▼▼ Қудайдың – Базы қолжазбаларда «Әкемиз Қудайдың ҳәм Ийемиз Ийса Масийхтың».
мийрими ҳәм тынышлығы яр болсын! Салоникалылардың үлгили исеними
2Дуўа еткенимизде сизлерди тилге алып, бәрқулла ҳәммеңиз ушын Қудайға шүкирлик билдиремиз. 3Қудай Әкемиздиң алдында исенимиңиздиң жемиси болған ис-ҳәрекетиңизди, сүйиспеншилигиңизге тийкарланған мийнетиңизди ҳәм Ийемиз Ийса Масийхқа деген үмитиңизден пайда болған шыдамлылығыңызды үзликсиз еске аламыз. 4Қудай сүйген туўысқанларым! Оның сизлерди таңлап алғанын билемиз. 5Себеби сизлерге жәрияланған Хош Хабар тек сөз бенен ғана емес, ал қүдирет, Мухаддес Руўх ҳәм толық исеним менен жеткизилди. Сизлердиң пайдаңыз ушын араңызда қалай жасағанымызды билесизлер. 6Көп азап-ақыретлерге қарамай, сизлер Мухаддес Руўхтың берген қуўанышы менен Қудайдың сөзин қабыл етип, бизлерге ҳәм Ийемизге еликлеўшилер болдыңлар. 7Солай етип, сизлер Македония ҳәм Ахаядағы пүткил исениўшилерге үлги болдыңлар. 8Өйткени Ийемиздиң сөзи сизлерден тарқап, Қудайға деген исенимиңиз ҳаққында хабар тек Македония ҳәм Ахаяға емес, ал ҳәмме жерге жетип барды. Сонлықтан бизлердиң бул ҳаққында бир нәрсе айтыўымызға ҳәжет қалмады. 9Себеби олардың өзлери бизлерди қаншелли жақсы қабыл алғаныңызды ҳәм ҳақыйқый тири Қудайға хызмет етиў ушын қалай бутларды таслап, Қудайға жүз бурғаныңызды айтып берди. 10Және де олар бизлерди келешектеги қәҳәрли жазадан қутқаратуғын Ийсаның, яғный Қудайдың Өзи өлимнен тирилткен Улының аспаннан келиўин күтип атырғаныңызды да сөз етти.
Copyright information for
KaaIBT22C