1 Thessalonians 2
Павелдиң Салоникадағы хызмети
1Туўысқанлар! Сизлерге болған сапарымыздың босқа кетпегенин өзлериңиз де билесиз. 2Бирақ өзлериңизге мәлим, буннан алдын Филипте азап шегип, масқараланыўға дуўшар болған едик. ▼ Деген менен, күшли қарама-қарсылықларға қарамастан, Қудайдың Хош Хабарын сизлерге жәриялаў ушын, бизлер Қудайымыздан мәртлик алып туратуғын едик. ▼ 3Өйткени бизлердиң ақыл-нәсиятымыз өтирикке де, напәк нийетке де, ҳийлеге де негизленбеген еди. 4Керисинше, Қудай бизлерди минәсип көрип, бизлерге Хош Хабарды исенип тапсырды. Сонлықтан бизлер адамларға емес, ал кеўиллеримизди сынайтуғын Қудайға унаў ушын Хош Хабарды жәриялап жүрмиз. 5Хабарыңыз бар, бизлер ҳеш қашан жағымпазланып сөйлемедик, пайдакүнемлигимизди жасырыў ушын нықап тақпадық. Қудай буған гүўа. 6Және бизлер ҳеш кимнен: я сизлерден, я басқалардан ҳүрмет-мақтаў излеп жүрген жоқпыз. 7Масийхтың елшилери сыпатында сизлерге аўырманлық салыўымызға болар еди. Бирақ, балаларына ғамхор болған ана сыяқлы, сизлерге мүләйим болдық. 8Сизлерди усылай жақсы көрип, сизлерге тек Қудайдың Хош Хабарын емес, ал өз жанларымызды бериўге де қайыл едик. Себеби сизлер бизлер ушын соншелли қәдирли едиңиз. 9Туўысқанлар! Бизлердиң аўыр мийнетимиз ҳәм қыйыншылықларымыз ядыңызда. Ҳеш бириңизге аўырманлығымыз түспеўи ушын, күни-түни мийнет етип, сизлерге Қудайдың Хош Хабарын жәрияладық. 10Сиз исениўшилердиң алдында қандай мухаддес, ҳақ ҳәм кемшиликсиз болып жасағанымызға сизлер де, Қудай да гүўа. 11Хабарыңыз бар, бир әке өз балаларына қандай қатнас жасаса, бизлер де сизлердиң ҳәр бириңизге сондай қатнас жасадық. 12Сизлерге ақыл-нәсият ҳәм жубаныш берип, Өз Патшалығына ҳәм салтанатына шақырған Қудайға ылайықлы жасаўды өтиниш еттик. 13Бизлер Қудайға және бир нәрсе ушын үзликсиз шүкирлик етемиз. Өйткени сизлер Қудайдың сөзин бизлерден еситип қабыл еткениңизде, буны адамның сөзи сыпатында емес, ал Қудайдың сөзи сыпатында қабыл еттиңлер. Бул сөз ҳақыйқаттан Қудайдың сөзи болғанлықтан, сиз исениўшилерде ҳәрекет етпекте. 14Себеби туўысқанлар, сизлер Масийх Ийсаға тийисли болған Яҳудиядағы Қудайдың жәмәәтлерине еликлеўшилер болдыңлар. Олар яҳудийлерден қандай азап-ақырет көрген болса, сизлер де өз миллетиңизден сондай азап-ақырет көрдиңлер. 15Ийемиз Ийсаны ҳәм пайғамбарларды өлтирген яҳудийлер бизлерди де қуўып шығарды ҳәм олар Қудайды нарийза қылып, пүткил адамларға душпанлық ислеп атыр. 16Басқа миллетлердиң қутқарылыўы ушын, бизлердиң сөйлеўимизге олар тосқынлық жасап, ҳәр қашан өз гүналарының мөлшерин толтырып атыр. Бирақ олар ақырында Қудайдың ғәзебине ушырайды.Павелдиң салоникалыларға деген сағынышы
17Туўысқанлар, сизлерден аз ўақытқа айра түсирилип, өзлеримиз алыста болсақ та, кеўиллеримиз сизлер менен бирге еди. Сизлерди жүдә сағынып, дийдар көрисиўге қатты тырыстық. 18Сонлықтан сизлерге барғымыз келип, әсиресе мен, Павел, бир неше мәрте бармақшы болғанымда, шайтан бизлерге кесент етти. 19Бизлердиң үмитимиз, қуўанышымыз ҳәм Ийемиз Ийса келгенде, Оның алдында кийетуғын мақтаў тажымыз не? Сизлер емессиз бе? 20Аўа, мақтанышымыз ҳәм қуўанышымыз сизлерсиз.
Copyright information for
KaaIBT22C