1 Thessalonians 3
1Солай етип, бизлер артық шыдай алмай, Афинада жалғыз қалыўды уйғардық. ▼ 2Исенимиңизди беккемлеп, сизлерди жигерлендириў ушын, Масийхтың Хош Хабарын жәриялайтуғын Қудайдың хызметшиси, туўысқанымыз Тимофейди сизлерге жибердик. 3Азап-ақыретлер себепли ҳеш ким исенимде силкинбесин деп, бизлер усылай иследик. Азап шегиў тәғдиримизге жазылғаны өзлериңизге мәлим. 4Өйткени сизлер менен бирге болғанымызда, азап шегетуғынымызды алдын айтқан едик. Хабарыңыз бар, айтқанымыздай анық солай болды да. 5Сонлықтан мен де артық шыдай алмай, азғырыўшы сизлерди азғырып, мийнетимиз босқа кетпесин деп, исенимиңиздиң жағдайын билиў ушын Тимофейди сизлерге жибердим. 6Бирақ, сизлердиң жаныңыздан бизлерге жаңа ғана қайтып келген Тимофей сизлердиң исенимиңиз ҳәм сүйиспеншилигиңиз ҳаққында қуўанышлы хабар алып келди. Бизлерди бәрқулла жақсы ой менен еске алып, бизлердиң сизлерди сағынғанымыздай, сизлердиң де бизлерди сағынып атырғаныңызды айтып берди. 7Сол себептен туўысқанлар, қыйыншылықлар ҳәм азап-ақыретлер ишинде болсақ та, сизлердиң исенимиңиз себепли жигерленип қалдық. 8Себеби сизлер Ийемиз бенен беккем байланыста болсаңыз, бизлердиң жанымыз жай табады. 9Қудайымыздың алдында сизлер себепли алған барлық қуўанышымыздың есесин Оған қанша шүкирлик айтып қайтарсақ та аз. 10Сизлер менен жүзбе-жүз көрисип, исенимиңиздеги жетиспеген нәрселерди толықтырыў ушын, күни-түни бар күшимиз бенен дуўа етип атырмыз. 11Әкемиз Қудайдың Өзи ҳәм Ийемиз Ийса сизлерге барыўға жолымызды ашсын! 12Ийемиз бир-бириңизге ҳәм пүткил адамларға деген сүйиспеншилигиңизди бизлердиң сизлерге деген сүйиспеншилигимиз сыяқлы көбейтип арттырсын! 13Солай етип, Ийемиз Ийса Өзиниң пүткил мухаддеслери ▼▼ Мухаддеслер – Ийсаға исениўшилер.
менен келгенде, Әкемиз Қудайдың алдында мухаддесликте кемшиликсиз болыўыңыз ушын, жүреклериңизди беккемлесин.
Copyright information for
KaaIBT22C