‏ 1 Thessalonians 4

Қудайға унайтуғын өмир

1Енди болса, туўысқанлар, Қудайға унаў ушын қалай жасаў кереклигин сизлер бизлерден үйрендиңиз. Ҳәзир усылай жасап атырсыз да. Бул исте және де алға илгерилеўиңизди Ийемиз Ийсаның аты менен сизлерден өтиниш етип сораймыз. 2Өйткени Ийемиз Ийсаның бийлиги менен сизлерге қандай жол-жорықларды бергенимизди өзлериңиз билесизлер.

3Қудайдың ерки – сизлердиң мухаддес болыўыңыздан ибарат. Яғный, Ол сизлердиң жынысый бузықшылықтан аўлақ жүриўиңизди, 4ҳәр бириңиздиң өз денесин қәдирлеп, мухаддес қылып сақлаўын 5ҳәм Қудайды билмейтуғын бутқа табыныўшылар сыяқлы бузық қәлеўлерге берилмеўин қәлейди. 6Ҳеш ким усындай исте туўысқанына қыянет етип, ҳарамылық ислемесин. Бурын сизлерге айтқанымыз ҳәм ескерткенимиздей, Ийемиз бундай барлық ислер ушын адамларды жазалайды. 7Себеби Қудай бизлерди ҳарам болып жасаў ушын емес, ал мухаддес болып жасаў ушын шақырды. 8Солай етип, бул жол-жорықты қабыл алмаған адам адамды емес, ал Мухаддес Руўхын сизлерге берген Қудайды қабыл алмаған болады.

9Бирақ туўысқанлық сүйиспеншилик ҳаққында биреўдиң сизлерге бир нәрсе жазыўына ҳәжет жоқ. Өйткени бир-бириңизди сүйиўди сизлер Қудайдан үйрендиңлер. 10Сизлер ҳақыйқаттан да пүткил Македониядағы туўысқанлардың ҳәммесин сүйесизлер. Туўысқанлар, бул исте және де алға илгерилеўиңизди сизлерден өтиниш етемиз. 11Және де, сизлерге жол-жорық бергенимиздей, тыныш өмир сүриўди, өз исиңизге кеўил бөлиўди ҳәм қолларыңыз бенен мийнет етиўди мақсет етип қойыңлар. 12Солай етип, сизлер жәмәәттен тыс адамлардың алдында ҳүрмет-иззетке ерисесизлер ҳәм ҳеш кимнен ғәрезли болмайсызлар.

Ийсаның қайта келиўи

13Туўысқанлар! Үмитсиз жасайтуғын басқа адамлар сыяқлы қайғырмаўыңыз ушын, бул дүньядан көз жумғанлар ҳаққында сизлердиң хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймиз. 14Себеби бизлер Ийсаның өлип, қайта тирилгенине исенемиз. Сол сыяқлы, Ийсаға исенип, бул дүньядан көз жумғанларды Қудай Оның менен бирге қайта алып келетуғынына да исенемиз. 15Ийемиздиң сөзине тийкарланып, сизлерге мынаны билдиремиз: ҳәзир тири болып жасап атырған бизлер, яғный Ийемиз келемен дегенше тири жүретуғынлар бул дүньядан көз жумғанлардан ҳеш артық емеспиз. 16Өйткени Ийемиздиң Өзи буйырған бәлент даўыс астында, бас периштениң сести ҳәм Қудайдың кәрнайының ҳаўазы менен аспаннан келгенде, дәслеп Масийхқа исенген өлилер тириледи. 17Оннан соң, жасап атырған бизлер, яғный тири қалғанлар олар менен бирге Ийемизди ҳаўада күтип алыў ушын, бултлар ишине алынып көтерилемиз. Солай етип, ҳәмме ўақыт Ийемиз бенен бирге боламыз. 18Мине, усы сөзлер менен бир-бириңизди жубатыңлар.
Copyright information for KaaIBT22C