‏ 1 Thessalonians 5

1Туўысқанлар! Бул ўақыялардың ўақыт ҳәм мәўсимлери ҳаққында сизлерге жазыўдың кереги жоқ. 2Себеби Ийемиздиң күни түнде урының келиўи сыяқлы келетуғынын сизлер анық билесизлер. 3Адамлар: «Ҳәммеси тыныш ҳәм қәўипсиз», – дегенде, жүкли ҳаялды бирден толғақ тутқандай, олар тосаттан апатқа ушырап, қашып қутыла алмайды.

4Бирақ туўысқанлар, сизлер қараңғылықта болмағанлықтан, сол күн сизлерди уры түскендей ғапылда қалдырмайды. 5Сизлердиң ҳәммеңиз нурдың ҳәм күндиздиң балаларысыз. Бизлер түнге ямаса қараңғылыққа тийисли емеспиз. 6Сонлықтан басқалар сыяқлы уйықламайық, ал ояў ҳәм сергек болайық. 7Өйткени уйықлайтуғынлар түнде уйықлайды, мәс болатуғынлар да түнде мәс болады.

8Ал күндизге тийисли болған бизлер сергек болайық, исеним ҳәм сүйиспеншиликти саўыт қылып, қутқарылыўға деген үмитти басымызға дуўлыға қылып кийейик. 9Себеби Қудай бизлерди Өзиниң ғәзебине ушыраўымыз ушын емес, ал Ийемиз Ийса Масийх арқалы қутқарылыўымыз ушын тайынлады. 10Тири болсақ та, өли болсақ та, бизлерди Өзи менен бирге жасасын деп, Ийса Масийх бизлер ушын өлди. 11Сонлықтан ҳәзир ислеп атырғаныңыздай, бир-бириңизди жигерлендирип, бир-бириңиздиң исенимиңизди беккемлей бериңлер.

Соңғы ақыл-нәсиятлар ҳәм сәлемнама

12Туўысқанлар! Араңызда мийнет еткенлердиң, яғный Ийемиздиң жолында сизлерге жолбасшылық қылып, ақыл-нәсият бергенлердиң қәдирин билиўиңизди сизлерден өтиниш етемиз. 13Ислеген ислери ушын оларды сүйип, шексиз ҳүрмет етиңлер. Өз ара татыў жасаңлар. 14Сизлерге жалбарынамыз, туўысқанлар, ис жақпасларға ескертиў жасап, жүрексизлерди жигерлендириңлер, күшсизлерге жәрдем берип, ҳәммеге сабырлы болыңлар. 15Абайлы болыңлар, ҳеш ким жаманлыққа жаманлық пенен жуўап қайтармасын. Керисинше, ҳәмме ўақытта бир-бириңизге ҳәм пүткил адамларға жақсылық ислеўге умтылыңлар.

16Бәрқулла қуўаныңлар. 17Тынбай дуўа етиңлер. 18Қандай аўҳал болса да, Қудайға шүкирлик билдириңлер. Өйткени Масийх Ийсаға тийисли болған сизлерге деген Қудайдың ерки усылар. 19Мухаддес Руўхты сөндирип тасламаңлар. 20Пайғамбаршылық сөзлерин кемситпеңлер. 21Бирақ, ҳәмме нәрсени сынап көриңлер. Жақсылыққа жабысып алыңлар. 22Ҳәр қандай жаманлықтан қашыңлар.

23Тынышлық бериўши Қудайдың Өзи сизлерди толық мухаддес қылсын: пүткил руўхыңыз, жаныңыз ҳәм денеңизди Ийемиз Ийса Масийхтың келиўине кемшиликсиз қылып сақласын. 24Сизлерди шақырған Қудай садық, Ол усыны әмелге асырады.

25Туўысқанлар, бизлер ушын дуўа етиңлер. 26Барлық туўысқанларды мухаддес поса менен сүйип, сәлем айтыңлар. 27Бул хаттың ҳәмме туўысқанларға оқып берилиўин Ийемиздиң аты менен сизлерге қатаң түрде тапсыраман.

28Ийемиз Ийса Масийхтың мийрими сизлерге яр болсын!
Copyright information for KaaIBT22C