1 Timothy 1
Сәлемнама
1Қутқарыўшымыз Қудайдың ҳәм үмитимиз Масийх Ийсаның буйрығы менен Масийх Ийсаның елшиси болған мен, Павелден, 2исенимдеги ҳақыйқый улым болған Тимофейге сәлем! Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Масийх Ийса саған мийрим, реҳим ҳәм тынышлық берсин!Жалған тәлиматқа қарсы ескертиў
3Мен Македонияға кетип баратырғанымда саған өтиниш еткенимдей, Эфесте қал. Ол жердеги айырым адамларға жалған тәлиматларды үйретпеўди, 4аңызлар ҳәм шексиз шежирелер менен бәнт болмаўды буйыр. Булар исеним арқалы билинетуғын Қудайдың ислерине пайда бериўдиң орнына, тартысларды келтирип шығарады. 5Ал бул буйрықтың мақсети болса – пәк жүректен, таза ҳүжданнан ҳәм ҳақыйқый исенимнен сүйиспеншиликти пайда етиў. 6Гейбир адамлар булардан жүз бурып, бос гәплерге ерип адасты. 7Олар нызам муғаллими болыўды қәлейди, бирақ нени сөйлеп ҳәм нени табан тиреп тастыйықлап атырғанын түсинбейди. 8Дурыс қолланған адам ушын Мухаддес Нызам пайдалы екенин билемиз. 9Және де, Мухаддес Нызам ҳақ адамлар ушын емес, ал нызамды бузыўшылар ҳәм бойсынбайтуғынлар, қудайсызлар ҳәм гүнакарлар, мухаддес емеслер ҳәм мухаддес нәрселерди сыйламайтуғынлар, ата-анасын өлтиретуғынлар, адам өлтириўшилер, 10бузықлар, өз жынысындағы адам менен қосылыўшылар, адамды урлап сатыўшылар, өтирикшилер, жалған гүўалық бериўшилер ҳәм дурыс тәлиматқа қарсы ис қылатуғын басқа ҳәмме ушын қолланылатуғынын билемиз. 11Дурыс тәлимат болса, алғыс-мақтаўларға ылайық Қудайдың уллы Хош Хабарына тийкарланған. Усы Хош Хабарды Қудай маған исенип тапсырды.Павелдиң миннетдаршылық билдириўи
12Маған күш-қуўат берип қойған Ийемиз Масийх Ийсаға миннетдаршылық билдиремен. Себеби Ол мени садық деп есаплап, Өз хызметине тайынлады. 13Бир ўақытлары мен Оған тил тийгизиўши, қуўдалаўшы ҳәм залым адам болсам да, Ол маған мийрим-шәпәәтин берди. Өйткени менде ҳақыйқый исеним болмағанлықтан, не ислеп жүргенимди билмейтуғын едим. 14Бирақ Жаратқан Ийениң мийрими Масийх Ийсадағы исеним ҳәм сүйиспеншилик пенен бирликте мениң үстиме мол-мол болып төгилди. 15«Масийх Ийса бул дүньяға гүнакарларды қутқарыў ушын келди», – деген сөзлер исенимли ҳәм ҳәмме адамлар тәрепинен қабыл қылыныўға ылайықлы сөзлер. Мен өзимди гүнакарлардың ишиндеги ең жаманыман деп есаплайман. 16Бирақ, мен гүнакарлардың ишиндеги ең жаманы болсам да, Масийх Ийса маған реҳим етти. Кейинирек Өзине исенип, мәңгилик өмирге ерисетуғынларға өрнек болыўым ушын, Ол маған шексиз сабырлығын көрсетти. 17Мәңгилик Патшаға, өлмейтуғын ҳәм көринбейтуғын жалғыз ▼▼ Базы қолжазбаларда «дана» деген сөз де бар.
Қудайға мәңги-бақый ҳүрмет ҳәм даңқ болсын! Аўмийин. 18Улым Тимофей! Сен туўралы алдын айтылған пайғамбаршылық сөзлерине тийкарланып, саған буйыраман: усы сөзлер бойынша жақсы әскер сыяқлы ис-ҳәрекет ет. 19Исенимиңди ҳәм ҳүжданыңды таза сақла. Айырымлар ҳүжданын сатып, исениминен айырылды. 20Олардың арасында Ҳименей ҳәм Искендер де бар. Қудайға тил тийгизбеўди үйренсин деп, мен оларды жәмәәттен шығарып, шайтанның қолына тапсырдым.
Copyright information for
KaaIBT22C