‏ 1 Timothy 2

Қудайға сыйыныў ҳаққында

1Ең алды менен мынаны өтиниш етемен: олар Қудай алдында ҳәмме адамлар ушын сорап, дуўа етип, жалбарынып, миннетдаршылық билдирсин. 2Патшалар ҳәм басшылар ушын да дуўа етсин. Сонда бизлер Қудайдың жолы менен ҳадал жасап, парахат ҳәм тыныш өмир сүремиз. 3Бул ис жақсы болып, Қутқарыўшымыз Қудайға унайды. 4Себеби Ол ҳәмме адамлардың қутқарылыўын ҳәм ҳақыйқатлықты билиўин қәлейди. 5Қудай жалғыз ҳәм Қудай менен адамлардың арасындағы Тәўеллеши, Өзи адам болған Масийх Ийса да жалғыз. 6Ол ҳәмме адамлардың азатлық қуны ушын Өз жанын бағышлады. Бул арқалы Ол Қудайдың ҳәмме адамларды қутқарыўды қәлейтуғынын белгиленген ўақытта дәлилледи. 7Мен усы ушын Масийх Ийса тәрепинен хабаршы ҳәм елши болып тайынланып, басқа миллетлерге исеним ҳәм ҳақыйқатлық ҳаққында үйрететуғын муғаллим болдым. Мен алдап атырған жоқпан, ҳақыйқатын айтып турман.

8Жәмәәттеги ер адамларға ашыўланбаўды ҳәм тартыспаўды, ал ҳәмме жерде мухаддес қолларын көтерип дуўа етиў кереклигин үйретиўиңди қәлеймен. 9Ҳаяллар да шашларына артықша сән бермей, өзлерин алтынлар, ҳинжилер ямаса қымбат кийимлер менен емес, ал сыпайы кийим, әдеп ҳәм ийбе менен безесин. 10Керисинше, олар Қудайдан қорқып жасайтуғын ҳаялларға ылайықлы жақсы ислер менен өзлерин көркем қылсын. 11Ҳаял тыныш ҳәм толық бойсынған ҳалда тәлим алсын. 12Ҳаялдың тәлим берип, ер адамды басқарыўына рухсат етпеймен. Ҳаял тыныш болсын. 13Өйткени дәслеп Адам-ата, соңынан Ҳаўа-ене жаратылды. 14Және де, Адам-ата емес, ал ҳаял алданып, гүна иследи. 15Бирақ, ҳаял исеним, сүйиспеншилик ҳәм мухаддеслик пенен, әдепли болып жасаса, бала туўыўы арқалы қутқарылады
Бул аят ҳаял бала туўыўы арқалы қутқарылады, деген мәнисти емес, ал ҳаял хожалықта ҳаяллық ҳәм аналық ўазыйпасын жақсы орынлаўы тийис деген мәнисти береди. Бул аятты алдында айтылған аятлар менен байланыстырып түсиниў тийис.
.
Copyright information for KaaIBT22C